Фото

Ўатанды қорғаў – муқаддес миннет

14 Январь, 2023 211

1992-жыл 14-январь күни Республикамыз Қураллы Күшлери шѳлкемлестирилди. 1993-жылдан баслап 14-январь мәмлекетимизде «Ўатан қорғаўшылары күни» - деп жәрия етилди. Быйыл буған 31 жыл толады. Ѳткен бул ўақыт ишинде армиямыз ҳеш бир мәмлекеттен изде қалмайтуғын дәрежедеги қурал-жарақларға ийе болды. Республикамыз Қураллы Күшлерде хызмет етип атырған әскерлердиӊ потенциялы да жоқары дәрежеге жетип үлгерди десек қәтелеспеген боламыз.

Муқәддес динимизде ўатанды қорғаў муқәддес миннет етип белгиленип, бул хызмети ушын жүдә үлкен сыйлықлар ўәде етилген. Атап айтқанда, Имам Табараний рәўият еткен ҳәдисте Расулулаҳ (с.а.ў.): «Аллаҳ таағала разылығы ушын бир күн шегарада турыў – бир ай түнде Жаратқанға сыйынып, бир ай ораза тутқаннан абзал» – деген екен.

Ҳақыйқаттан да, Ўатан қорғаўшысы болыў еӊ абыройлы ҳәм жоқары дәрежедеги кәсип екенлигин жақсы билген азаматларымыз ҳәр тәреплеме жетик инсан болыўға ҳәрекет етпекте. Бул ўазыйсы менен олар тек ѳз Ўатанын бәлким, еӊ жақынлары болмыш ата-анасы, туўған-туўысқанлары, туўылып ѳскен мәканын қорғаған болады.

Аллаҳ тааладан ғәрезсиз журтымыз шегарасын сергеклик пенен қорықлап атырған Ўатан қорғаўшыларын ѳзиниӊ қорғаўында сақлап, аспанымыз ашық, тынышлығымыз мәӊги болыўын сораймыз!

Рахимжан ТЛЕУБАЕВ, Мойнақ районы бас имам хатиби.

Тэглер