Фото

ӨЗБЕКСТАН – КӨП МИЛЛЕТЛИ МӘМЛЕКЕТ

02 Февраль, 2023 196

Жәмийеттиң раўажланыўы ҳәм пәраўанлығын тәмийинлеўде миллетлераралық татыўлық бәрқулла үлкен әҳмийетке ийе. Аллаҳ таалаға шексиз шүкирлер болсын, елимизде бир неше миллет ҳәм ҳәр түрли динлерге итиқад қылыўшы халық ўәкиллери бар болып, олар тыныш-татыў, аўызбиршиликте жасап келмекте. Республикада Ислам дини менен бир қатарда басқа исламый емес конфессиялар да емин-еркин жумыс алып бармақта. Пуқаралардың миллети, расасы, динине карамастан, олардың тең ҳуқықлығы нызам арқалы кепилленген. Елимизде әне сол тынышлық-қәтержамлықтың тийкары болған диний кеңпейиллик принциплерин және де беккемлеў ҳәм раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң лаўазымға кирисиў салтанатлы мәресимине арналған Олий Мажлис палаталары қоспа мәжилисиндеги баянатында: «Сизлерге белгили, Өзбекстан – үлкен имканият ҳәм байлықларға ийе мәмлекет. Бирақ, бизлердиң ең үлкен байлығымыз – түрли миллет ҳәм елатлар, диний конфессиялар ўәкиллери арасындағы тынышлық ҳәм турақлылық, өз ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик, десем, мен ойлайман, ҳәммеңиз бул пикирге қосыласыз.

Бизлер бундай бийбаҳа байлық пенен ҳақылы тәризде мақтаныш етемиз ҳәм де мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бар күш ҳәм имканиятларын, елимиздеги дослық ҳәм татыўлық орталығын және де беккемлеўге бағдарлаймыз», – деп кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлықтың әҳмийетин жоқары баҳалап, бул жолда ийгиликли ислер еле де даўам еттирилиўин мәлим етти.

Ҳақыйқатында да, халқымыздың диний ҳəм мəнаўий қəдириятларының ҳəзирги демократиялық жəмийет қəдириятлары менен уйғынласыўы елимиздиң келешекте жəне де раўажланыўының, халықаралық майдандағы орны ҳəм абырайының беккемлениўинде əҳмийетли факторлардан бири есапланады.

Диний кеңпейиллик динлер арасындағы қарама-қарсылықлардың алдын алыўда өзине тән қалқан ўазыйпасын өтейди. Ол ҳәр түрли итиқадлардың бир жерде ҳәм бир ўақытта жасаўына, өз ара татыўлықтың қәлиплесиўине жол ашады. Ал, бул өз нәўбетинде тиккелей мәмлекеттиң тынышлығы ҳәм пәраўанлығына, улыўма инсаныйлық мәденияттың раўажланыўына хызмет етеди.

Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта айырым мәмлекетлерде миллий-этникалық мүнәсибетлерде қарама-қарсылықлардың жүзеге келиўи ҳәр түрли көринистеги келиспеўшиликлерге себеп болып атырғанын ҳәммемиз көрип, гүўасы болып атырмыз. Бундай қәўиплердиң алдын алыў алдымызға қойған әҳмийетли ўазыйпалардан бири есапланады.

Әйне усындай қәўиплерди терең аңлап жеткен ҳалда Президентимиз Ш.М.Мирзиёев 2017-жылы 19-сентябрьде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында сөйлеген тарийхый баянатында «Мәрипат ҳәм диний кеңпейиллик» резолюциясын қабыл етиў усынысы менен шықты. Резолюцияның әҳмийетли тәрепи сонда, ол дүньяда экстремизм, терроризм машқаласы ҳәўиж алып, түрли дин ҳәм итиқад ўәкиллерине аяўсыз мүнәсибетлер бақланып атырған бир ўақытта глобал қәўиплерге қарсы гүрестиң нәтийжели қуралы сыпатында ағартыўшылық, тәлим-тәрбия мәселесине айрықша итибар қаратылған.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен 2018-жылы 12-декабрьде «Мәрипат ҳәм диний кеңпейиллик» резолюциясы қабыл етилип, дүньяның жетекши мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлери тәрепинен тән алынды.

Дүньядағы динлердиң барлығы улыўма инсаныйлық идеяларға тийкарланады ҳəм жақсылық, тынышлық, дослық сыяқлы ийгиликли пазыйлетлерге сүйенеди.

Муқаддес Ислам динимиз тәлиматларында да ҳеш бир миллет яки ҳеш бир инсан басқаларынан үстинликке ийе емес, деп атап өтилген. Инсанның инсаннан үстинлиги тек ғана оның тақўасында, делинеди. Динимиз дереклеринде диний кеңпейиллик ҳәм миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеўге қаратылған көплеген буйрықлар, усыныслар ҳәм көрсетпелер бар.

Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам өзиниң ҳәдислериниң биринде былай дейди: «Бәрше дин ўәкиллерине қайыр-эҳсан қылың». Яғный, диний кеңпейиллик тек ғана диний тараў ўәкиллериниң емес, ал пүткил жәмийет ағзаларының сол ийгиликли жолда биргеликте хызмет етиўин аңлатады.

Тарийхтан билемиз, Пайғамбарымыз алайҳиссалам басқа дин ҳәм итиқад ўәкиллерине кеңпейил болыў, олардың итиқадын ҳүрметлеў, ҳақ-ҳуқықларын тәмийинлеўдиң жоқары үлгисин көрсеткен. Дүньяда кеңпейиллик ҳәм кеширимлиликте Пайғамбарымызға тең келетуғын инсан табылмайды. Ол өш алыў имканияты болса да, ҳәр қандай адамды, ҳәр қандай жағдайда кешире алған.

Бүгин динимиздиң усындай ийгиликли тәлиматларын билсе де, әмел қылмай, мәмлекетимизде ҳүким сүрип турған тынышлық ҳәм турақлылықты көре алмаўшылар, сырттан елимизге тас атыўшылардың ушырасып турғаны өкинишли жағдай. Олар диний кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлыққа зыян жеткерип, алаўызлық келтирип шығарыўға қаншелли ҳәрекет етсе де, бәри бир бузық нийетлерине ерисе алмайды.

Себеби, миллий ҳәм диний қәдириятларымыз буған жол қоймайды. Халқымыз әййемнен өзге дин ҳәм миллет ўәкиллерине бәрқулла кеңпейил, мийирман, аўыр күнлеринде сүйениш болып, олар менен дослық қатнасықларын орнатып келген. Ҳәзир де республикамызда 130 дан аслам миллет ҳәм елат ўәкиллери өзлериниң байрамларын, той-мәресимлерин, барлық жақсы-жаман күнлерин биргеликте өткерип, бир анадан туўылған перзентлердей жасап келмекте.

Аллаҳ таала Ўатанымыздың тыныш-татыў турмысын мәңги, елимиздиң раўажланыўын турақлы қылып, халқымыздың бир-бирине кеңпейиллигин, мийирманшылығын ҳәм дослығын зыяда қылсын!

Барзыў Ибраимов, Мойнақ районы «Ҳәким-ата» жоме мешити имам-хатиби.

Тэглер