Фото

ТАЯММУМНЫҢ НЕГИЗИ ҲАҚҚЫНДА

28 Февраль, 2023 172

Шолыў: «Таяммум» сөзи сөзликте «қасд қылыў» мәнисин билдиреди.

Шәриятта болса:

«Аллаҳға қурбат нийетинде пәклеўши топырақты арнаўлы сыпат пенен еки қол ҳәмде бетке сүртиўге таяммум, делинеди».

٣٠٣- عَنْ عَائِشَةَ رَضِيَ اللهُ عَنْهَا قَالَتْ: خَرَجْنَا مَعَ رَسُولِ اللهِ r فِي بَعْضِ أَسْفَارِهِ حَتَّى إِذَا كُنَّا بِالْبَيْدَاءِ أَوْ بِذَاتِ الْجَيْشِ انْقَطَعَ عِقْدٌ لِي فَأَقَامَ رَسُولُ اللهِ r عَلَى الْتِمَاسِهِ وَأَقَامَ النَّاسُ مَعَهُ وَلَيْسُوا عَلَى مَاءٍ وَلَيْسَ مَعَهُمْ مَاءٌ فَأَتَى النَّاسُ إِلَى أَبِي بَكْرٍ فَقَالُوا: أَلاَ تَرَى إِلَى مَا صَنَعَتْ عَائِشَةُ؟ أَقَامَتْ بِرَسُولِ اللهِ r وَبِالنَّاسِ مَعَهُ وَلَيْسُوا عَلَى مَاءٍ وَلَيْسَ مَعَهُمْ مَاءٌ، فَجَاءَ أَبُو بَكْرٍ وَرَسُولُ اللهِ r وَاضِعٌ رَأْسَهُ عَلَى فَخِذِي قَدْ نَامَ فَقَالَ: حَبَسْتِ رَسُولَ اللهِ r وَالنَّاسَ وَلَيْسُوا عَلَى مَاءٍ وَلَيْسَ مَعَهُمْ مَاءٌ، قَالَتْ فَعَاتَبَنِي أَبُو بَكْرٍ وَقَالَ مَا شَاءَ اللهُ أَنْ يَقُولَ وَجَعَلَ يَطْعُنُ بِيَدِهِ فِي خَاصِرَتِي، فَلاَ يَمْنَعُنِي مِنَ التَّحَرُّكِ إِلاَّ مَكَانُ رَسُولِ اللهِ r عَلَى فَخِذِي فَنَامَ رَسُولُ اللهِ r حَتَّى أَصْبَحَ عَلَى غَيْرِ مَاءٍ فَأَنْزَلَ اللهُ آيَةَ التَّيَمُّمِ - فَتَيَمَّمُوا صَعِيدًا طَيِّبًا -. قَالَ أُسَيْدُ بْنُ حُضَيْرٍ وَهُوَ أَحَدُ النُّقَبَاءِ مَا هِيَ بِأَوَّلِ بَرَكَتِكُمْ يَا آلَ أَبِي بَكْرٍ، فَقَالَتْ عَائِشَةُ: فَبَعَثْنَا الْبَعِيرَ الَّذِي كُنْتُ عَلَيْهِ فَوَجَدْنَا الْعِقْدَ تَحْتَهُ.

303. Аиша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен бирге оның сапарларынан бирине шықтық. Байдаа яки Затул Жайшда екенимизде мойыншағым үзилип кетти. Оны излеў ушын Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам турып қалды. Оның менен бирге адамлар да турып қалды. Олардың суўлары жоқ еди. Адамлар Әбиў Бакрдиң алдына барып:

«Аишаның не қылғанын көрмейсең бе?! Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламды ҳәм оның менен бирге адамларды да услап қалды! Адамлар cyў бар жерде де емес, өзлери менен суўлары да жоқ», деди. Әбиў Бакр келгенде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам саныма басын қойып, уйқылап қалған еди. Сонда, ол (Әбиў Бакр) маған:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламды ҳәм адамларды услап қалдың. Олар cyў бар жерде де емес, өзлери менен суўлары да жоқ», деди.

Әбиў Бакр маған бақырды, Аллаҳ не деп айтыўын қәлеген болса, соны айтты ҳәм қолы менен белиме түрте баслады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам саныма басын қойып жатқаны ғана мени қыймылдаўдан тосар еди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам да уйқылап турып, суўсыз болып қалды. Сонда Аллаҳ таяммум аятын нәзил қылды. «Енди, пәк топырақ пенен таяммум қылың», деди. Усайд ибн Ҳузайр (ол нақиблардан бири еди):

«Ҳәй Әбиў Бакр шаңарағы, бул сизлердиң биринши берекеңиз емес», деди. Аиша айтады:

«Соң мен минген түйени турғызған едик, мойыншағымды соның астынан таптық».

Шолыў: Аиша анамыздың мойыншағы түсип қалған Байдаа яки Затул Жайш атлы жерлер Мадинаи Мунаўўара менен Мәккәи Мукаррама арасындағы жер.

Усы ҳәдийсе менен танысар екенбиз, саадат заманында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам баслық саҳабаи кирамлар турмысынан, сол уқсасы жоқ әжайып жәмийеттиң өрнекли турмысынан бир ўақыяның гүўасы болдық. Бул уллы турмыс әпиўайы, әдеттегидей турмыс еди.

Аиша анамыздың мойыншағы түсип қалып, ақырғы заман Пайғамбары баслық пүткил баслы бир ләшкерди тоқтатып қалған, оларды машақатқа салған мойыншағы он еки дирҳам (тыйын) қәдирге ийе болып, оны ҳәзирети Аиша әжапасы Асма разыяллаҳу анҳадан қарызға алып таққан еди. Бирақ тап әне усы он еки дирҳамлы мойыншақ мусылманларға қыямет күнине шекем аңсатлық жаратыўшы ҳүким – таяммум ҳаққындағы Қуран аятының нәзил болыўына да себеп болды.

Аўа, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның дәўириндеги Ислам жәмийетиниң турмысы әне усындай әжайып турмыс еди. Бул өмирге Аллаҳ тааланың өзи араласып, арасында Расулы арқалы, арасында Қуран арқалы дүзетиўлер ҳәм жолланбалар жиберип турар еди. Жойтылған мойыншақ та, бир саҳабаның қәтеси де әлемге тартырлық әҳмийетке ийе иске айланып кетиўи ҳеш гәп емес еди.

Буның үстине Ислам жәмийетиниң ҳаялларға болған ҳүрметин қара! Он еки дирҳамлы мойыншақ ушын қаншелли ислер болып кетти. Аиша анамызға болған бул ҳүрмет баслықтың ҳаялы болғаны ушын, күйеўиниң дәрежеси ушын, саҳабалар тәрепинен болып атырған хожакөрсинлик яки оған жағыў ушын ҳәрекет емес еди. Бәлки көпшиликтиң шын қәлбтен қылып атырған ҳүрмети еди. Базы адамлардың Аиша анамыз үстинен оның әкеси Әбиў Бакр Сыддық разыяллаҳу анҳуға шикаят қылыўы гәпимизди тастыйықлап турыпты. Яғный, наразы боламан, шикаят қыламан, дегенлерге жол ашық еди. Сол шикаят қылған адамларға ҳеш ким бир нәрсе демегени пикиримиз туўры екенине дәлил.

Усы әпиўайы, пәк ҳәм жоқары, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның басшылықларындағы, саҳабалардың қатнасындағы ҳәм ең әҳмийетлиси, Аллаҳ тааланың араласыўындағы үлгили турмыс өзиниң бәрше бәлент-пәсликлери менен Қуранның турмысқа еңгизилиўи ҳәм қыяметке шекем мөмин-мусылманларға өрнек болатуғын, түрли ҳүкимлердиң келип шығатуғын турмыс еди.

Келиң, усы өзимиз үйренип атырған ҳәдисте келтирилген мысалдан сол уллы ҳәм ҳақыйқый турмыстың бир бөлегинен қаншелли пайда алыўымызды бирге көрип шығайық:

1. Күйеўи сапарға өзи менен ҳаялын алып барыўы мүмкинлиги.

Егер бул ҳәдийсе ғазат ушын шығылғанда болғанын итибарға алатуғын болсақ, ҳәтте, урысқа да алып барыў мүмкинлиги.

2. Ҳаяллардың күйеўи ушын өзин безеп көрсетиў мақсетинде мойыншақ ҳәм соған уқсас тағыншақлар тағыўы мүмкинлиги.

3. Өзинде жоқ тағыншақты биреўден қарызға алып тағыў мүмкинлиги.

4. Биреўден қарызға алынған нәрсе менен сапарға шығыў мүмкинлиги.

5. Жойтылған нәрсени излеў кереклиги.

Себеби Исламда мал-дүньяны бийҳуўда зая қылыўлық қадаған қылынған.

6. Ҳаяллардың кеўли ушын оның нәрсесин таўыўда жәрдем бериў зәрүрлиги.

7. Ҳаяллардың базы бир қылықларына ҳәм қолайсызлық келтирип шығарыўларына сабырлы болыў кереклиги.

Себеби Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Аиша анамызға бир аўыз сөз айтпаған.

8. Хожалықлы ҳаял үстинен күйеўине емес, әкесине шикаят қылыў мүмкинлиги.

9. Бир кеўилсиз исти оған себепши болған адамнан көриў саҳабалар ишинде де болғаны.

10. Таҳәрат суўы жоқ жерде тоқтап турыў мүмкинлиги.

11. Әке күйеўи менен отырған қызының алдына руқсатсыз кирип барыўы мүмкинлиги (әлбетте, алдыннан разылық болса).

12. Әке хожалықлы, үйли-жайлы қызына да әдеп бериўге ҳаққы бар екенлиги.

13. Ҳаялының санына бас қойып уйқылаў мүмкинлиги.

14. Уйқылап атырған адамға азар жетпесин, деп машақатқа сабыр қылыў лазымлығы.

15. Cyў жоқ болғанда таяммум қылыў мүмкинлиги.

16. Таяммумға нийет лазымлығы.

17. Таяммум бәршеге барабар екенлиги.

18. Аиша анамыздың пазыйлетлери.

19. Әбиў Бакрдиң шаңарағының берекели екени.

Басқа бир рәўиятта усы ҳәдийседен кейин Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Аиша анамызға:

«Мойыншағыңның берекеси жүдә көп екен», дегени ҳәм және басқа бир ўақыт Усайд ибн Ҳузайр оған:

«Саған қашан өзиң жақтырмайтуғын бир ис болса, әлбетте, оннан Аллаҳ мусылманларға жақсылық келтиреди», дегени айтылған.

20. Ислам жеңиллик, адамларды машақатқа қоймайтуғын дин екени. Cyў таба алмай қыйналып турған адамларға топырақ пенен таяммум қылыўға руқсат берилгени соннан.

٣٠٤- وَعَنْهَا أَنَّهَا اسْتَعَارَتْ مِنْ أَسْمَاءَ قِلاَدَةً فَهَلَكَتْ فَأَرْسَلَ رَسُولُ اللهِ r نَاسًا مِنْ أَصْحَابِهِ فِي طَلَبِهَا فَأَدْرَكَتْهُمُ الصَّلاَةُ فَصَلَّوْا بِغَيْرِ وُضُوءٍ فَلَمَّا أَتَوُا النَّبِيَ r شَكَوْا ذَلِكَ إِلَيْهِ نَزَلَتْ آيَةُ التَّيَمُّمِ. قَالَ أُسَيْدُ بْنُ حُضَيْرٍ: جَزَاكِ اللهُ خَيْرًا فَوَاللهِ مَا نَزَلَ بِكِ أَمْرٌ تَكْرَهِينَهُ إِلاَّ جَعَلَ اللهُ لَكِ وَلِلْمُسْلِمِينَ فِيهِ خَيْرًا. رَوَاهُما الْخَمْسَةُ إِلاَّ التِّرْمِذِيُّ.

304. Және соннан рәўият қылынады:

«Ол Асмадан мойыншақ қарыз алған екен, жоғалып қалыпты. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам саҳабаларынан (базы) адамларды оны излеў ушын жиберди. Кейин, намаз ўақты болып қалып, таҳәратсыз намаз оқыды. Соң келип, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламға бул ҳаққында шикаят қылды. Әне сонда таяммум аяты нәзил болды. Усайд ибн Ҳузайр (Аишаға):

«Аллаҳ сени жақсылық пенен сыйлықласын. Аллаҳға ант, қашан саған өзиң жақтырмайтуғын бир нәрсе болса, әлбетте, оннан Аллаҳ сен ушын ҳәм мусылманлар ушын бир жақсылық шығарады», деди».

Еки ҳәдисти бесеўинен тек Термизий рәўият қылмаған.

Шолыў: бул рәўият алдынғысын толтырып келмекте. Онда төмендеги нәрселер айтылған:

1. Аиша анамыз мойыншақты әжапасы Асмадан қарызға алғаны.

2. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам саҳабаларынан базы адамларды мойыншақты излеў ушын жибергени. Демек, усындай да қылыў мүмкин екенлиги.

3. Сол ўақытта намаз ўақты болып қалғаны.

4. Мойыншақты излеў ушын жиберилген адамлар таҳәратсыз намаз оқығаны.

5. Өзлеринше қылған ижтиҳадларының туўры яки натуўры екенин Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан сорағаны.

6. Аллаҳ тааланың мусылманлар турмысына туўрыдан-туўры араласып, пайда болған машқаланы шешкени.

7. Усайд ибн Ҳузайр разыяллаҳу анҳудың Аиша анамызға мақтаў гәплери. Ол нақиблардан еди. Яғный, Минадағы Мадиналылардың Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға берген байъаты ушын танлаған он еки адамнан бири еди.

8. Аиша анамыз себепли бул ҳәдистен басқа ўақытларда да мусылманларға қайыр-береке болғаны (мысал ушын «Ифк ҳәдийсеси»нде).

Шайх Муҳаммад Садықтың “Ҳәдис ҳәм Турмыс” китабынан