Фото

ТАЯММУМНЫҢ ҚАНДАЙ ҚЫЛЫНЫЎ ҲАҚҚЫНДА ҲӘДИСЛЕР

28 Февраль, 2023 196

Аллаҳ таала:

«Пәк топырақ пенен таяммум қылың. Оның менен жүзлериңизге ҳәм қолларыңызға масҳ тартың», деген. (Маида сүреси, 6-аят).

Шолыў: «Пәк топырақ» – Шафиъий ҳәм Ҳанбалий мәзҳаблары түсинигинде шаңы бар топырақ ҳәм қумды аңлатады.

Ҳанафий ҳәм Мәликий мәзҳаблари түсинигинде болса топырақ, қум, майда таслар киби жер жынысына тийисли бәрше нәрселерди өз ишине алады.

Усы аяты кәриймага әмел қылып таяммум қылған адам әўел жерге еки алақанын урып, олар менен жүзине масҳ тартады. Кейин еки алақанын жерге және урып, шеп алақаны менен оң қолына, оң алақаны менен шеп қолына масҳ тартады.

٣٠٩- جَاءَ رَجُلٌ إِلَى عُمَرَ بْنِ الْخَطَّابِ فَقَالَ: إِنِّي أَجْنَبْتُ فَلَمْ أُصِبِ الْمَاءَ فَقَالَ عَمَّارُ بْنُ يَاسِرٍ لِعُمَرَ بْنِ الْخَطَّابِ: أَمَا تَذْكُرُ إِذْ كُنَّا فِي سَفَرٍ أَنَا وَأَنْتَ فَأَمَّا أَنْتَ فَلَمْ تُصَلِّ وَأَمَّا أَنَا فَتَمَعَّكْتُ وَصَلَّيْتُ، فَذَكَرْتُ ذَلِكَ لِلنَّبِيِّ r فَقَالَ: إِنَّمَا كَانَ يَكْفِيكَ هَكَذَا فَضَرَبَ بِكَفَّيْهِ عَلَى اْلأَرْضِ وَنَفَخَ فِيهِمَا ثُمَّ مَسَحَ بِهِمَا وَجْهَهُ وَكَفَّيْهِ. رَوَاهُ الْخَمْسَةُ.

309. Умар ибн Ҳаттабтың алдына бир адам келип:

«Мен жунуб болдым ҳәм cyў таба алмадым», деди.

Сонда, Аммар ибн Ясир Умар ибн Ҳаттабқа:

«Есиңде бар ма, мениң менен сен екеўимиз сапарда болған едик. Сен намаз оқымаған едиң. Мен болса топыраққа аўнап, соң намаз оқыдым. Кейин болса буны Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасалламға айттым. Сонда, ол:

«Әлбетте, саған усындай қылыўың жетерли еди», деп, жерге еки алақанын урып, оларға үплеп турып, соң олар менен жүзине ҳәм еки алақанына масҳ тартқан еди», деди».

Бесеўи рәўият қылған.

Шолыў: Усы ҳәдистен жунуб адам да таҳәраты жоқ адамға уқсап таяммум қылыўы кереклиги шығады. Ҳәзирети Умар ҳәм Аммар ибн Ясир разыяллаҳу анҳумлардың сапарда жунуб болып қалыўы ҳәдийсесинде Умар ибн Ҳаттаб разыяллаҳу анҳудың намаз оқымағаны, cyў таўып ғусыл қылып, оқыўды нийет қылғанынан.

Басқа рәўиятларда оның Аммар ибн Ясир разыяллаҳу анҳуға: «Суў таппағаныңша намаз оқымай тур», деп берген мәсләҳәти де келтирилген.

Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:

1. Билмеген нәрсесин билетуғын адамнан сораў зәрүрлиги.

2. Болып өткен нәрсени шеригиниң ядына салыў.

3. Шәриятта қыяс жайыз екенлиги.

Аммар ибн Ясир разыяллаҳу анҳу ғусылға қыяс қылып, жунуб болғанында топыраққа домалады.

4. Болып өткен екилениў исин баслық, алым адамларға айтыў.

5. Шәръий мәселелерди және де түсинерли болыўы ушын илажы болса, әмелде қылып көрсетиўлик.

6. Қандай қылып таяммум қылыў баяны.

7. Имам Мәлик ҳәм базы адамлар усы ҳәдисти ҳүжжет қылып, таяммумда алақанына масҳ тартса болды, шығанағына шекем масҳ тартпаса да бола береди, деген.

Бирақ, жумҳур уламалар, солардан, Ҳанафий мәзҳабы уламалары усы ҳәдистиң басқа бир рәўиятында ҳәм басқа ҳәдислерде келген мәнисин итибарға алып, билегине шығанақлары менен қосып масҳ тартады, деген.

8. Егер шаңлы топыраққа алақанын урса, үплеп жибериў сүннет екенлиги.

9. Соннан Әбиў Ҳанифа шаңы жоқ жер жынысына урып, үплемей таяммум қылса бола береди, деген.

10. Ислам дининиң жеңиллик дини екенлиги.

٣١٠- عَنْ أَبِي الْجُهَيْمِ t قَالَ: أَقْبَلَ النَّبِيُّ r مِنْ نَحْوِ بِئْرِ جَمَلٍ فَلَقِيَهُ رَجُلٌ فَسَلَّمَ عَلَيْهِ فَلَمْ يَرُدَّ عَلَيْهِ النَّبِيُّ r حَتَّى أَقْبَلَ عَلَى الْجِدَارِ فَمَسَحَ بِوَجْهِهِ وَيَدَيْهِ ثُمَّ رَدَّ عَلَيْهِ السَّلاَمَ. رَوَاهُ الْخَمْسَةُ وَالشَّافِعِيُّ، وَلَفْظُهُ: فَمَسَحَ وَجْهَهُ وَذِرَاعَيْهِ.

310. Әбиў Жуҳайм разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Биъри Жамал тәрептен жүрип келди. Сонда, оған биреў жолығып, сәлем берди. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам оған әлик қайтармады. Дийўал тәрепке барып, жүзине ҳәм еки қолына масҳ тартқанынан кейин, оған әлик қайтарды».

Бесеўи ҳәм Шафиъий рәўият қылған. Ол келтирген рәўиятта:

«Жүзине ҳәм еки билегине масҳ тартты», делинген.

Шолыў: Әўели, ҳәдистиң рәўийи Әбиў Жуҳайм разыяллаҳу анҳу менен жақыннан танысып алайық:

Әбиў Жуҳайм кунясы менен белгили болған бул саҳабаның аты Абдуллаҳ ибн Жуҳайм ибн Ҳарис ас-Самма ал-Ансарий.

Ол саҳаба Убай ибн Каъбтыңқарындасының баласы, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан бир неше ҳәдислер рәўият қылған.

Оннан Башир ибн Саид ал-Ҳазрамий, Муслим ибн Саид, Ибн Аббастың қулы Умайр, Маймуна анамыздың қулы Абдуллаҳ ибн Ясарлар рәўият қылған.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламға жолығып сәлем берген адам Әбиў Жуҳайм разыяллаҳу анҳудың өзи екенлиги Имам Шафиъийдиң рәўиятында келген екен.

«Биъри Жамал» Мадинаи Мунаўўараға жақын жерлерден биреўиниң аты.

Басқа рәўиятларда келиўинше, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам сәлемге жуўап қайтарғанынан кейин: «Таҳәратым жоқ еди, сол ҳалатда саған әлик алғым келмеди», деген.

Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:

1. Дийўалға қолды урып таяммум қылыў мүмкинлиги.

2. Таяммумда билеклерге масҳ тартыў кереклиги.

3. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасалламның бәрқулла таҳәратлы жүриўге ҳәрекет қылғаны.

٣١١- وَلأَبِي دَاوُدَ عَنِ ابْنِ عُمَرَ: فَضَرَبَ بِيَدَيْهِ عَلَى الْحَائِطِ وَمَسَحَ بِهِمَا وَجْهَهُ ثُمَّ ضَرَبَ ضَرَبَةً أُخْرَى فَمَسَحَ ذِرَاعَيْهِ ثُمَّ رَدَّ عَلَى الرَّجُلِ السَّلاَمَ وَقَالَ: إِنَّهُ لَمْ يَمْنَعْنِي أَنْ أَرُدَّ عَلَيْكَ السَّلاَمَ إِلاَّ أَنِّي لَمْ أَكُنْ عَلَى طُهْرٍ.

311. Әбиў Даўыт Ибн Умардан келтирилген рәўиятта:

«Еки қолын дийўалға урды ҳәм олар менен жүзине масҳ тартты. Соң және бир мәрте урып, еки билегине масҳ тартты. Кейин бағанағы адамның сәлемине жуўап қайтара турып:

«Мени сениң сәлемиңе әлик қайтарыўымнан тек ғана таҳәратлы болмағаным тосты», деди», делинген.

Шолыў: бул рәўият алдынғы рәўиятты толтырып ҳәм оған базы анықлықлар киргизип келмекте. Солардан, жүзине масҳ тартыў ушын бөлек, билегине масҳ тартыў ушын айрықша дийўалға алақанын урған. Сәлем бериўшиге не ушын оның сәлемине сол ўақытта әлик алмағанын баян еткен.

Шайх Муҳаммад Садықтың «Ҳәдис ҳәм Турмыс» китабынан