Фото

Түшкириў ҳәм еснеў әдеби

02 Март, 2023 148

Ҳәр бир нәрсениң әдеби болғанындай, шәриятымызда түшкириў ҳәм еснеўдиң де өзине тән әдеплери бар.

Адам түшкирип, ҳамд айтса, еситкен адам оған саламатлық, Аллаҳ тааланың мийрим-шәпәәтин сорап дуўа қылса, олардың бир-бирине меҳр-муҳаббаты артады. Себеби, Имам Бухарий рәўият қылған бир ҳәдисте былай делинеди: «Араңызда биреў түшкирсе, «Әлҳамдүлиллаҳ» десин, ал буны еситкен адам «ярҳамукаллаҳ» деп жуўап қайтарсын. Сонда түшкирген адам «Яҳдикумуллаҳу ўа йуслиҳ баьлакум», яғный «Аллаҳ ҳидаятқа басласын ҳәм қәлбиңизди туўры қылсын», - деп дуўа қылсын деген. “Әлҳамдулиллаҳ” сөзи Аллаҳ тааалаға ҳамд болсын мазмунын берсе, “Ярҳамукаллаҳ” сөзиниң мәниси Аллаҳ таала саған рейим етсин дегенди аңлатады. Егер Аллаҳ таалаға ҳамд айтпаса оған жақсылықты дуўа қылмаңлар деди. Улама Ҳалимий айтады: «Түшкириў сезиў ағзалары - нерв тамырлары ҳәм мийден ҳәр қыйлы кеселликлердиң арыўына себеп болады. Соның ушын түшкирген адам Аллаҳ таалаға ҳамд айтыўы тийис болады» .

Әбиў Муса разыяллаҳу анҳу айтады: «Мен Расуллуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның: “Егер бир адам түшкирип, ҳамд айтпаса, оған жуўап қайтармаң» дегенин еситтим», - деген. Бул ҳәдистен көринип турыпты егер бир адам түшкирип болып ҳамд айтпаса, қасындағылар оған ташмит айтпайды, бәлки оған түшкиргенде ҳамд айтыў керек екенлигин үйретиўи тийис, түшкирген адам буны үйренип болып, ҳамд айтқанынан кейин оған ташмит айтса болады.

Түшкирген адам да жуўап қайтарған адамға Аллаҳ тааладан раҳмет, ҳидаят, мийрим-шәпәәт сорап, дуўа қылыўы ҳәм ҳәр бир мөмин киси бул сөзлерди ядлап алыўы лазым.

Бир адам үш мәртеден көп түшкирсе, онда, шыпа тиленеди. Себеби Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «.. үш мәртеден көп түшкирсе, демек, ол аязлаған, оған ташмит айтылмайды», - деген. Уламаларымыздан көпшилиги үш мәртеден көп түшкиргенлерге ден-саўлықты тилеп дуўа қылыўды мустаҳаб деген.

Халқымыз арасында түшкирген адамға «саў бол» , «яракумалла» деп айтыў усыллары бар. Булар динимиз әдебине туўры келмейди. Себеби «саў бол» сөзи шәриятымызда айтылыўы керек болған «ярҳамукаллоҳ» сөзиниң мазмунын аңлатпайды, ал «яракумалла» сөзи болса, «ярҳамукаллоҳ» сөзиниң надурыс айтылыўы. Мусылман адам бул сөзлерди ядлап алыўы лазым.

Түшкиргенде шәриятымыз әдеплеринен және бири түшкириўши өз ағзаларына зыян жеткизбеўи ҳәм қасында отырғанлардың мазасын алмаўы ушын түшкиргендеги даўысын мүмкиншилиги болғанша пәслетиўи, әтирапындағылар еситетуғын етип, ҳамд айтыўы ҳәм аўыз-мурнын қолы ямаса бет орамалы менен жабыўы әдептен болып есапланады. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Егер түшкирсе, қолларын аўзына қоятығын еди ҳәм даўысын пәсейтетуғын еди»,-деген. Әбиў Даўыт ҳәм Имам Термизий рәўият қылған.

Еснеўдиң де өзине тән әдеплери бар. Мусылман адам биринши нәўбетте еснеўден өзин услаўы керек. Ҳәдиси шәрийфте: «Еснеў шайтаннан, егер адамның еснегиси келсе, илажы болғанша оны қайтарсын. Адам еснесе шайтан оннан қуўанады», делинген.

Ата-ана, улама, устаз, киби ҳүрметли инсанлар алдында, аўқатланып атырғанда, мәжилисте илажы болғанынша еснемеўи, түшкирмеўи дәркәр. Буннан қала берди сабақ пайытында, маршуртда яғный көпшилик бар жерде еснеп, түшкирмеўимиз керек. Бул сол оқыўшының оқытыўшыға ҳәм үйренип атырған илимине, инсанлардың бир-бирине ҳүрметсизлиги саналады. Бирақ, еснеўди услап тура алмаса аўзын қолы менен басып турыўы керек.

Мусылман адам еснегенде қолы менен аўзын жабыўы керек. Бунда егер адам тик турған ҳалда болса, оң қолының алақаны менен, егер отырған ҳалда болса, шеп қолының үсти менен жабыўы керек. Ҳәдиси шәрийфте бул ҳаққында: «Араларыңыздан кимде-ким еснесе, қолы менен аўзын бекитсин, себеби шайтан аўзына киреди», делинген. Имам Муслим рәўияты.

Инсанның даўыс шығарып еснеўи әдепсизлик есапланады. Себеби, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Егер сизлерден бириңиз еснесе «ҳаҳ» демесин, себеби ондай қылыў шайтаннан, буған шайтан күледи», деген.

Инсан тәбиятындағы ҳеш ойламаған жерден пайда болатуғын ҳалатлардың бири түшкириў ҳәм еснеў итибарлылықты талап еткенлиги ушын да жоқарыдағыларға әмел қылсақ әдебимизди және де зыяда еткен боламыз.

Шамсуддин Баҳауддиновтың «Кәмил инсан» китабынан