Фото

Ҳәжетхана әдеби

02 Март, 2023 136

Айрымлар «Дин ҳәжетханада қандай отырыў керек екенин де үйретедиме?», деп ойлаўы мүмкин. Бирақ, бул әдепти үйретиў динимиздиң инсан гигиенасына қандай дәрежеде жоқары қараўын билдиреди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам саҳабаи кирамларға ҳәжетхана әдеплерин үйреткен.

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бизлерге өмирде қандай жасаў керек екенлигин үйретиўши устаз есапланады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның өзи бул ҳаққында айтады: «Мен сизлерге тап әкениң орнындаман, сизлерге тәлим беремен. Қашан, бириңиз ҳәжетке барса, қублаға жүзленбесин», деди. Демек, ҳәжетке шыққанда биринши әдеп қублаға қарамаў керек. Бул ҳаққында басқа ҳәдиси шәрийфте: «Қашан, бириңиз ҳәжетке барса, қублаға жүзленбесин ҳәм оған артын да қаратпасын. Шығысқа ямаса батысқа қараңлар», - деди. Демек, шығыс ямаса батыс тәрепке қараўымыз керек. Усы жерде бир нәрсеге түсиник берип өтиўди мақул деп отырмыз. Жоқарыда айтылған қубла дегенде Мекке қаласы нәзерде тутылады. Яғный бул жерде ҳәзирги географиялық есаплаў бойынша айтылып жүрген қубла түсинилмейди. Бул батыс пенен қубла арасындағы аралық яғный Мекке қаласы тәреп мусылманлардың ибадат ететуғын қубласы.

Ҳәжетхана әдеплеринен және бири ҳеш ким көрмейтуғын жерге шығыў. Әбиў Даўыт рәўият қылған ҳәдисте: «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қашан «далаға» шығыўды қәлесе, ҳеш ким көрмейтуғын болғанша кетер еди», делинген. Демек, ҳәжетке шықпақшы болған адам ҳеш ким көрмейтуғын жерге барыўы керек. Уламаларымыз буған ҳәжеттиң даўысы ҳәм ийисин де қосқан. Әтираптағылар оны көрмеўи, даўысын ҳәм ийисин сезбеўи керек.

Ҳәжетханаға киргенде шеп аяқ пенен кирилип, оң аяқ пенен шығылады.

Ҳәжетханаға кирмекши болған адам Аллаҳ тааланың аты, аятлары жазылған нәрселер алып кирмеўи керек. Анас разыяллаҳу анҳудың рәўият қылыўынша: «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қашан ҳәжетханаға кирсе, жүзигин шешип қояр еди». Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның жүзигинде «Муҳаммадур росулуллоҳ» деген жазыў болған.

Ҳәжетханаға кирмекши болған адам ҳәжетханаға кириў дуўасын айтыўы керек, ҳәдисте: «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қашан ҳәжетханаға кирсе: «Аллоҳумма аъуўзу бика минал хубси ўал хобаис» – («Я Рәббим, еркек ҳәм урғашы ипласлар (шайтанлар)дың жаманлықларынан Сеннен пана тилеймен)», дер еди», делинген.

Ҳәжетханада, ҳәжет ўақтында сөйлесиў әдепсизлик белгиси. Ҳәдисте: «Еки адам ҳәжетти қәлеп, шығып, әўратларын ашып сөйлесе бермесин. Себеби Аллаҳ азза ўа жалла буннан ғәзепленеди», делинген. Ҳәжетте отырған ҳәтте бир адам сырттан сәлем берсе де, оған жуўап қайтарылмайды, себеби, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам сондай қылған. Ҳәдисте: «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ҳәжетте отырғанда биреў жақынлаўынан өтип сәлем берген еди, әлик алмады». Демек, ҳәжетте улыўма сөйлемеў керек.

Тик турып баўл қылыўға болмайды. Ҳәзрети Умар разыяллаҳу анҳу айтады: Мениң турып баўл қылып атырғанымды Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам көрди, сонда, маған: «Ҳәй Умар. Турып баўл қылма!», деди. Демек, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам тик турып баўл қылыўдан қайтарған.

Баўл қылғанда алатты оң қол менен услаўға болмайды. Ҳәдиси шәрийфте: «Қашан бириңиз баўл қылса, алатын оң қолы менен усламасын, оң қолы менен артын сыпырмасын…»,деди.

Ҳәжетти жолларға ҳәм сая жерлерге қылмаў керек. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Үш нәлетлениўшиден сақланыңлар: «Суўдың басына, адамлардың жолларына ҳәм саяларға ҳәжетке шығыўдан», - деди.

Жердеги тесик ҳәм жарықларға баўл қылынбайды. Себеби, сондай жерлер жинлердиң мәканы болады, ол адамға зыян жеткизиўи мүмкин.

Ҳәжетке шығып болғаннан соң арнаўлы қағазлардан пайдаланыў керек. Болмаса кесек пенен сыпырыў керек, сыпырыўды тақ етиў сүннет. Китап, газета-журналлар бети, таза қағазлардан, сүйек, тезеклерден пайдаланып болмайды. Ҳәжет қылғанда шығынды денениң пәк жерине тийсе жуўыў ўәжиб болады. Жуўғанда ден-саўлыққа зыян жетпеўи керек. Базы адамлар қыстың күни әўратларын суўық суўға жуўып, айырым ағзаларын кесел етип алады. Буның алдын алыў ушын өзин күтип, итибарлырақ болыўы керек.

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ҳәжетханадан шыққанынан кейин «Ғуфронак» яғный «Я Рәббим гүнәларымды кешир» деп айтқан.

Шамсуддин Баҳауддиновтың «Кәмил инсан» китабынан