Фото

Бǝҳǝрги абаданластырыў ҳǝм кѳклемзарластырыў жумыслары даўам етпекте

09 Март, 2023 123

Ѳзбекстан Республикасы Президенти басламасы менен елимизде экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў, орынларда жасыл аймақларды пайда етиў, декоратив ҳәм мийўели терек нәллерин отырғызыў ҳәм көбейтиў мақсетинде “Жасыл мәкан” акциясы жәрияланған еди. Бүгинги күнде де жәрияланған акция шеңберинде мекеме-кǝрхана хызметкерлери ҳǝм пуқараларымыз орынларда терек нәллерин егиў, қоршаған орталықты абаданластырыў ҳǝм тазалаў жумыслары даўам еттирилмекте.


Республикамыздағы мешит хызметкерлери бул басламадан руўхаланып, мешит ҳǝм қǝбирстан ǝтирапларын абаданластырыў, тазалаў ҳǝм егислик жерлерин егиске таярлаў, сондай-ақ, кѳклемзарластырыў жумысларын даўам еттирмекте.


Әлбетте, терек нәли егиўде үлкен саўап бар. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз (с.а.ў.): “Егер бир бенде нәл отырғызса ямаса егин ексе, оннан қуспа, инсанба ямаса ҳайўанба жесе, оның ушын оған садақа (еткенниң саўабы) болады”, деп баян етеди (Муслим рәўияты).

Терек егиў менен инсан өзинен кейин садақаи жǝрия еткен болады. Садақаи жǝриясы болса инсанға қыяметке шекем саўабы жетип турады.

Келиң, журтымызда даўам етип атырған бǝҳǝрги абаданластырыў, тазалаў ҳǝм кѳклемзарластырыў жумысларына белсене қатнасайық!









Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер