Фото

ҲӘМИЙШЕ КЕҢПЕЙИЛ БОЛЫЎ КЕРЕК

09 Март, 2023 126

Ана диярымыз өзиниӊ тәкрарланбас тәбияты, ағар суўлары, ҳасылдар топрағы, жап-жасыл далалары, мийўели бағлары, бәлент таўлары, түрли-түрли гия ҳәм өсимликлер өсетуғын алаплары, ески қалалары ҳәм аўыллары, ǝййемги тарийхый ҳәм өзине тән мәденияты, үрип-әдетлерине ийе ийманлы, итиқадлы халқы менен дүньяға белгили. Ғәрезсизликке ерискенимизден кейин журтымыз және де абат ҳәм гоззал болмақта. Бул үлкеде жасап атырған ҳәмме халықлар, миллетлер өз-ара татыўлықта ҳәм диний кеӊпейилликте жасап келмекте. Қайсы жерде татыўлық ҳәм кеӊпейиллик болса, сол жерде, әлбетте, тынышлық болады. Қайсы жерде тынышлық болса, сол жерде раўажланыў ҳәм келешекке исеним болады.

Өз ғәрезсизлигин қолға кириткен Өзбекстан әне сол тарийхый әдетлерге садық ҳалда жәмийетте миллетлерара татыўлық ҳәм бирге ислесиў руўҳы үстин болған турмыс тәризин алып бармақта. Әне соларға көре халқымыз жәмленип, өзиниӊ бирлигин, бир шаӊарақ екенлигин аӊлап, бир-бирине кеңпейилликте жасап атыр.

«Кеӊпейиллик» сөзи дерлик ҳәмме тиллерде бирдей ямаса бир-бирин толтырыўшы мазмунға ийе. Оларды улыўмаластырып «кеӊпейиллик» бул - шыдамлылық, бир-бирине шыдаў, өзин услаў, өзгеше көз қарас ҳәм ҳәрекетлерге ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыў, мүриўбетлилик, кеширимлилик, меҳрибанлық, киби мәнилерге ийе деп айтыў мүмкин. Сондай болса да, бүгинги күнде терең жәмийетлик-сиясий, мәдений-илимий мазмун жǝмлескен усы түсиниктиӊ көпшилик тәрептен тән алынған илмий тәрип жоқлығын, бирақ ол билдиретуғын тийкарғы сыпат ҳәм ѳзгешеликлер улыўмалық түрде сыпатланғанын тастыйықлаў зәрүр.

1995-жыл 16-ноябрьде ЮНЕСКО халық аралық шөлкеми «Кеӊпейиллик декларациясы» қабыл қылынды. Декларацияда расасы, жынысы, келип шығыўы, тили, динине қарамастан, кеӊпейилликти жайыў, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине ҳүрмет пенен қараў киби миннетлемелер сәўлеленген.

Сол жылдан баслап 16-ноябрь ҳәр жылы «кеӊпейиллик» күни сыпатында кеӊ нышанланып келинбекте. Әлбетте, халқымызға тән қәсийет болған – кеӊпейиллик биз ушын үрип-әдетдур.

Диний кеӊпейиллик түрли дин ўәкиллериниӊ ақийда парықларына қарамастан, олардыӊ бир қатарда, өзара тыныш-татыў жасаўын аӊлатады. Ҳәр ким өз исенимине әмел қылыўында еркин болған ҳалда бул ҳуқыққа басқалар да ийе екенин тән алыўы лазым.

Инсан көриниси, ақылы, парасаты менен басқа махлуқатлардан үстин.

Демек, инсан сыпатында басқа диндеги ҳǝм басқа миллеттеги инсанлар менен инсаныйлық қатнасықларды жолға қойыў керек болады.

Аллаҳ таала Ҳужурaт сүўресиниң 13-аятында былай дейди: «Ҳәй адамлар! Ҳақыйқаттан, Биз сизлерди бир еркек (Адам) ҳǝм ҳаял (Ҳаўадан) жараттық ҳǝмде бир бирлериңиз бенен танысыўларыңыз ушын сизлерди (ҳǝр түрли) халықлар ҳǝм елатлар қылып қойдық».

Буннан, инсанлардың түрли миллет, елат, халық ҳǝм қǝўимлерге бөлиниўи Алланың қǝлеўи менен болғанлығы мǝлим болады.

Басқа миллеттеги адамлардың ҳүрметлерин орнына қойыўда ҳǝм Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның өзи өрнек болды: «Бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам саҳабалар менен бирге отырған еди. Адамлар бир жаназаны көтерип өтти. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам орнынан турды. Саҳабалар «Я Расулуллаҳ бул яҳудийдиң жаназасы ғо», - деди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: яҳудий адам емеспе» - деди. Бул сөзлери менен саҳабалардан иренжигенлигин билдирди ҳǝм де басқа миллеттеги адамларға қандай мүнǝсибетте болыў кереклиги ҳаққында ǝмелий көрсетпе берди.

Журтымызда бурыннан түрли исенимлердеги миллет ҳәм халықлар жасап келмекте. 130 дан зыят миллет перзентлериниӊ ҳүр ҳәм азат дыярда туўылып, тынышлық, татыўлық ҳәр еркин ҳалларында жасаўы ўатанымыздыӊ кеӊпейиллик үлкеси екенлигиниӊ айдын көринисидур. Олардыӊ өз-ара бир-бириниӊ исенимлерине ҳүрмет руўхында жасап келиўиниӊ өзи Жаратқанныӊ халқымызға берген үлкен нематыдур.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 4-курс талабасы Зинелов Барақ

Тэглер

Дин