Фото

Ҳижрат түсинигине берилген надурыс тәрийплер

10 Март, 2023 186

Мәзҳабсыз такфирши жәмәәтлердиң белсендилери тәрепинен өзлерине қосылмаған ҳәм олар турған жерге ҳижрат қылмағанларды кәпирге шығарыў жағдайлары елеге шекем ушырасып келмекте. Бул ҳалат тарийхта Хаўарижлерден ажыралып шыққан Азрақийлерде жүз берген еди. Олар өзлерине қосылып ҳижрат қылмағанларды кәпирге шығарған. Абдуллаҳ Зуфар атлы адам ҳижрат мәселесинде оған берилген сораўда Европа мәмлекетлерине де ҳижрат қылыўға рухсат берген.

Усы орында сораў пайда болады. Европа мәмлекетлери Исламнан басқа динлер үстин болған мәмлекет болса, мөмин-мусылманлар жасайтуғын ислам үлкелеринен не ушын ол тәрепке ҳижрат қылынар екен? Мине соннан да, жалған салафийлердиң «Пәтўа»лары қай дәрежеде надурыс екенлигин түсиниў мүмкин. Әсиресе, Исламның бес негизи еркин түрде орынланыўына имканиятлар жаратылған журтымыздан ҳижратқа шақырықлар пүткиллей тийкарсыз. Жылдан-жылға динимизге, ибадатларды еркин түрде орынлаўға берилип атырған еркинликлер, мөмин-мусылманларға ҳәм динимиз қәдириятларына көрсетилип атырған ҳүрмет мақтаўға ылайық. Сонша реформаларды көрип, көрмесликке алыў, тағы ески сазын шертип адамларды «Ҳижрат» қа шақырыў келтепәмликтен басқа нәрсе емес.

Негизинде олар ҳижрат етиўге шақырып атырған жерлерди такфиршилер тәрепинен қанға батырылғаны, жас балалар, ҳаяллар, кекселер қырылып баратырғанлығы себепли жан сақлаў мақсетинде көплеген Суриялы ҳәм Ливиялы инсанлар Европаға такфиршилерден қашып, ўатаны, үй-жайлары ҳәм мал-мүликлерин таслап қыстың қақаман суўығында, жаздың мыс қайнаған ыссысында баспанасыз хор болып жасаўға мәжбүр болмақта. Және олар барлық айыпты Сурия ҳүкиметине аўдармақшы болады. Такфиршилердиң ҳәрекетлеринен алдын бул мәмлекет тыныш ҳәм абадан Исламның барлық әмеллерин орынлап турған, мешит-медреселер искерлик алып барып атырған мәмлекет еди. Тунистиң Зайтуна университети устазларынан бири Фарид әл-Бажи өзиниң Сурияның пайтахты Дамашқ қаласында 7 жыл даўамында тәлим алғанын, Сурия такфиршилер айтқанындай куфр үлкеси емеслигин әл-Маядин каналына берген интервьюсында айтқан еди.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 4-курс талабасы Шомуродов Журабек

Тэглер

Сергеклик