Фото

ОРАЗАДА ҚАДАҒАН ҚЫЛЫНҒАН ИСЛЕР

21 Март, 2023 2248

Ораза тутылғанда таңнан намазшамға шекем тийкарынан үш нәрседен тыйылыў нийет қылынады, булар: жеп-ишиў, жынысый жақынлық ҳәм басқа да намақул ислерден тыйылыў. Буннан басқа да қадаған қылынған ислер бар, олар: оразаны қосып тутыў, өз қәлеўи менен қусыў, қушақласыў ҳәм сүйисиў, аўыз ҳәм мурынды көп шайыў ҳәм соған уқсаслар.

Кимде-ким ораза тутқаннан кейин билип турып жеп-ишсе. Бул ҳаққында Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазаннан бир күнди Аллаҳ берген руқсатсыз аўзы ашық ҳалда өткерип, заманның ҳәммесин ораза тутып өткерсе де оның қазасын орынлай алмайды», деди». Бул ҳәдистеги Аллаҳ берген руқсат булар – қартайғанлар, сапардағылар, наўқас адамлар, емизиўли ҳәм жүкли ҳаяллар, ҳайыз ҳәм нифас болған ҳаяллар. Демек, булардан басқа ҳеш ким Рамазанды оразасыз өткериўи мүмкин емес.

Бирақ, ораза тутқан адам ораза тутқанын умытып бир нәрсе жеп қойса, оның оразасы бузылмайды. «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким ораза екенин умытып, жесе ямаса ишсе, оразасын ақырына жеткерсин. Оны Аллаҳ аўқатландырыпты ҳәм суў берипти», деди. Усы ҳәдистиң өзинен-ақ, билместен бир нәрсе жеп қойылғанда, ораза бузылмайтуғынын билип аламыз. Басқа бир ҳәдисте буннан да айқынырақ келген. Термизийдиң рәўиятларында: «Ким умытып ишип-жесе, аўзын ашып жибермесин. Ол тек ғана Аллаҳ таала берген ырысқы», делинген.

Умытшақлық – инсан тәбиятына тән қәсийет. Инсан айырым ҳалларда, әсиресе, Рамазанның биринши күнлеринде өзиниң ораза екенлигин умытып қойыўы тәбийий жағдай. Соның ушын ораза екенин умытып бир нәрсе жеп ямаса ишип қойса, оразасы ашылған есапланбайды. Бирақ, есине түскенде жеп-ишиўден тоқтайды ҳәм оразасын даўам ете береди. Бул да муқаддес динимиздиң жеңиллик дини екенине айқын бир дәлил. Инсандағы әззиликти жақсы билген Аллаҳ таала шәрият ҳүкимин еңгизиўде усы әззиликти есапқа алған.

Ораза тутқан адам қуяш батты деп ойлап аўзын ашып жиберсе, кейин қуяштың батпағаны анық болып қалса, онда кейин қуяш батаман дегенше әдеп жүзесинен ишип-жемейди, Рамазаннан кейин бул аўзын ертерек ашып қойған бир күн ушын бир күн ораза тутып береди. Бул ҳаққында Асма бинти Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның заманында бултлы күнде аўыз аштық. Кейин қуяш бултлар арасынан шықты. Ҳишамға: «Қаза қылыўға буйырған ба екен?» делинди. «Қаза қылыў лазым», деди».

Асма бинти Әбиў Бакр разыяллаҳу ан­ҳаның айтыўынша, ҳаўа бултлы болғаны ушын қуяш батты, ифтар ўақты болды, деп ойлап аўзын ашып, ифтар қылған. Бунда ораза болғанын умытып қойғанлықтан емес, ал билмесликтен аўыз ашылған. Кейин болса, булт кетип қуяш шығып, ифтардың ўақты кирмегени мәлим болған. Буны Асма разыяллаҳу анҳадан Ҳишам разыяллаҳу анҳу рәўият қылған. Бул рәўиятты еситкен адамлар Ҳишам разыяллаҳу анҳудан, сол ўақытта оларға Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тәрепинен қуяш батты, деген ой менен аўыз ашып жиберилген оразаның қазасын тутыў буйырылған ба екен, деген сораў берилген екен. Сонда Ҳишам разыяллаҳу анҳу: «Қаза қылыў лазым», деп жуўап бергенинен бул мәселеде ҳәмме бир пикирде деген мәни келип шығады. Егер усындай жағдай тәкирарланып, басқа ўақытларда да бир адам қуяш батты, деп ойлап аўзын ашып жиберсе, кейин қуяш батпағаны анық болып қалса, әдеп жүзесинен күнниң қалған бөлегинде де аўқат жемей турады ҳәм бир күн орнына бир күн қаза ораза тутып береди. Сондай-ақ, бир адам сәҳәрликтиң ўақты бар, деп ойлап аўқат жесе, кейин сәҳәрлик ўақты өтип кеткени мәлим болса, оразасы ашылған болады. Ол да күн бойы әдеп жүзесинен ишип-жемейди. Кейин бир күн ушын бир күн қаза ораза тутып береди.

Ким ораза тутқаннан кейин жақынлық қылып қойса. Бул ҳаққында Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Бир адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип: «Я Расулуллаҳ мен өлдим!» деди. «Сени не өлтирди?» деди. «Рамазанда ҳаялымның үстине шықтым», деди. «Қул азат қылыўға бир нәрсең бар ма?» деди. «Яқ», деди. «Еки ай избе-из ораза тута аласаң ба?» деди. «Яқ», деди. «Алпыс мискинге тағам бериўге бир нәрсең бар ма?» деди. «Яқ», деди. Соң күтип отырды. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бир зәмбер қурма әкелинди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Мынаны садақа қылып жибер», деди. «Я Расулуллаҳ, бизлерден көре жарлылаўға ма? Аллаҳға ант, Мадинада бизлерден де көре мүтәжирек хожалық жоқ», деди. Сонда Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам күлди, ҳәтте тисиниң ағы көринип кетти. Соң: «Бар! Оның менен хожалығыңды аўқатландыр», деди».

Бул ҳәдистен ораза тутқан адам ораза ўақтында жынысый жақынлық қылса, оразасы ашылыўын, оразасын бузған адам каффарат бериўи ўәжиблигин, каффарат биринши нәўбетте қул азат қылыў менен болыўын, егер оны таба алмаса, еки ай избе-из ораза тутып бериўи керек екенлигин, егер оны да қыла алмаса, алпыс мискинге аўқат бериўи лазымлығын билип аламыз.

Қул азат қылыў динимизде қулшылыққа қарсы гүрестиң көринислеринен бири. Мусылман адам гүнасын жуўыўы ушын қул азат қылыўы шәрт қылып қойылыўы соны билдиреди. Егер оразасын ашып қойған адам қул таба алмаса не қылады, онда избе-из арасын үзбестен алпыс күн ораза тутып бериўи лазым болады. Рамазан оразасын тутыў дәўиринде сабырсызлық қылғанлығы себепли, енди басқа айларда алпыс күн үзбестен ораза тутып сабырлы болыўға үйренеди. Әлбетте, алпыс күн избе-из ораза тутыў аңсат ис емес. Буған жарамлы болған адамлар буннан басқа шарасы жоқ. Бирақ, буған жарамлы болмағанлар не? Сабырсызлық қылып, Рамазан оразасын ашып жиберген адам еки ай избе-из ораза тутыўға жарамлы болмаса, алпыс мискинге аўқат береди. Ҳәр бир мискинге бир мудд аўқат береди (1 мудд – 1843 грамм). Ал, бул өз нәўбетинде оразасын ашып қойып, гүна қылған адамның гүнасын жуўыўға имканият болыўы менен бирге мискинлерге жақсылық қылыў жолы. Динимиз мискин-жарлыларға материаллық жәрдем көрсетиў ушын ҳәр бир қолай имканиятты толық иске салған.

Ораза тутқан адам, нийет қылғаннан кейин жоқарыдағы үш нәрседен бирин қылып қойса, онда оның оразасы ашылады ҳәм бул иси ушын басқа ўақытта 60 күн арасын үзбестен ораза тутып береди, яғный сол 60 күнниң ҳәммеси избе-из болыўы керек, он күн бир тутып, кейин дем алып, және 10 күн ораза тутса болмайды.

Ораза тутқан адам тәбийий ҳалда қусса оразасы бузылмайды, бирақ өзи қастан қусса, онда бир күн тутып бериўи лазым болады. Бул ҳаққында Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким ораза тутса, кейин қусқысы келип қусса, қаза қылыў ўәжиб емес. Егер өзи қәлеп қусқан болса, қаза тутсын», деген». Басқа бир рәўиятта: «Ким қастан қусса, қазасын тутсын», делинген. Қусқысы келиўи ақыбетинде қусыўға мәжбүр болған адам бул исти өз ықтыяры менен қылмаўы мәлим. Соның ушын оның оразасы да ашылмаўы тәбийий. Өзиниң ықтыяры менен ҳәрекет қылып қусса, онда болмайды. Бунда аўыз толып қусқан болса, оразасы бузылады.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, ораза тутқан адам қуспаўға ҳәрекет қылыўы лазым. Егер аўырып атырып ямаса басқа себепке көре мәжбүрий қусса, оразасы ашылмайды.

Оразаны қосып яки жыйнап тутыў дегени, бул ифтарлық қылмастан, сәҳәрлик қылмастан еки күнди қосып ямаса оннан да көп күнлерди қосып тутыў дегени. Бундай етиў динимизде қайтарылған ис. Бул ҳаққында Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қосып тутыўдан қайтарды. Сонда адамлар: «Сиз қосып тутасыз ғой, я Расулуллаҳ?» деди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Сизлердиң қайсыңыз маған уқсайсыз?! Мени түнде Рәббим аўқатландырады ҳәм маған суў береди», деди. Айырым адамлар өзлеринше көбирек саўап табаман, деп усындай әмеллерди қылып жүреди, бундай қылыўдан саўап емес, ал гүна арттырғаны қалады, себеби бундай қылыўдан Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өзи қайтарған.

Ораза тутқан адамның ҳаялын қушақлаўы ямаса сүйиўи. Ораза тутқан адам бул ислерди қылатуғын болса, өзин туталмай шаҳўатқа берилип кетиў итималы болатуғын болса, бундай қылыўдан қайтарылады. Бул ҳаққында Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Бир адам Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан ораза тутқан адамның қушақлаўы ҳаққында сорады. Оған руқсат берди. Басқа биреў де оның алдына келип усы мәселени сораған еди, оны буннан қайтарды. Қаралса, руқсат берген адамы ғарры екен, қайтарған адам болса, жигит екен». Бул ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айырым ҳүкимлерди баян қылыўда адамлардың қандай ҳалда екенин итибарға алғаны көринип турыпты. Әдетте ғарры адам кемпирин қушақлағаны менен оразасын бузатуғын дәрежеде шаҳўаты қозғалмайтуғыны анық. Бирақ, жас жигит болса, бундай қылыўы менен оразасын ашатуғын дәрежеге жетиўи мүмкин. Сол себепли оразасы қаза болып, каффарат берип қалыў қәўпи туўылады. Соның ушын да, ораза тутқанлардың бул бойынша ҳүкими өзлериниң жағдайларына қарап белгиленген.

Бул ҳаққында Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынған ҳәдис те бар: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ораза тутқан ҳалында сүйетуғын еди ҳәм қушақлар еди. Ол араңыздағы шаҳўатын ең қолға алғаны еди». Демек, бул мәселеде шаҳўатқа ийелик қылыў тийкарғы өлшем қылып қойылған. Уламаларымыз да усы ҳәм басқа ҳәдислерди дәлил қылған ҳалда, ораза тутқан адамлар бундай ислерден илажы барынша узақ болыўы керек, деп айтқан.

Таҳәратта ямаса ғусылда аўызды яки мурынды ҳәдден тыс шайыў. Бундай етсе ишке суў кетип қалыў итималы бар. Бул ҳаққында Лақийт ибн Собрата разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Мен: «Я Расулуллаҳ, маған таҳәрат ҳаққында айтып бериң», дедим. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Таҳәратты жақсылап қыл. Бармақларыңның арасына суў жеткер ҳәм мурынға жақсылап суў жеткер, тек ғана тутық болсаң, ондай қылма», деди». Демек, ораза тутқан адам мурнына көп суў алыўы дурыс болмайды екен.

«Оразаның пазыйлети» китабынан

Тэглер

ораза