Фото

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы пайтахтымыздағы «Илҳамбек» тойханасында ифтарлық илажында қатнасты

04 Апрель, 2023 367

Ѳзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-март күни Сурхандǝрья ўәлаятына еткен сапарында уламалар менен болған сәўбетте мүбǝрек Рамазан айында орынлардағы жǝржемге мүтǝж шаңарақ ағзалары ҳалынан хабар алыў, олардың кеўиллерин шад етиў, дастурхан жайып ифтарлық шѳлкемлестириў бойынша кѳрсетпелер бергени ҳаққында хабар берген едик.





Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, устазымыз Шамсуддин Баҳауддинов пайтахтымыз Нѳкис қаласындағы «Илҳамбек» тойханасында шѳлкемлестирилген ифтарлық илажында қатнасты. Онда елимизде диний тараўдағы унамлы ѳзгерислер, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлық, Журтбасшымыздың қарақалпақ диярына келиўи, оның халық пенен ушырасып, жасаў шараятлары менен жақыннан танысыўы, ѳзиниң ибратлы пикир ҳәм усынысларын бериўи, елимиздиң тынышлығы ушын дуўа қылыўы, елимизде әмелге асырылып атырған кѳплеген хайырлы ислердиң инсан мәпи ушын хызмет етиўи, алыс аймақ турғынларының да социаллық жағдайын жақсылаў ушын үлкен итибар берилип атырғанлығы ҳаққында мысаллар менен айтты ҳәм илаж соңында Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы ҳǝм қǝтержамлығын сорап дуўалар қылды.

Ифтарлық илажлары республикамыз бойлап даўам етпекте.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер

ораза Садақа