Фото

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Тахиатас районындағы орайлық «Сары ийшан» мешитине тараба намазына барды

04 Апрель, 2023 166

үбǝрек Рамазан айы даўам мүнәсибети менен мешитлерде тараба намазлары оқылмақта, емин-еркин ибадатлар қылынбақта.

Тараба намазларында имам-хатиблеримиз тǝрепинен диний-мǝрипий мазмунда сǝўбетлесиўлер ѳткерилмекте.




Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов Тахиатас районындағы орайлық «Сары ийшан» мешитинде болып, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлық, Журтбасшымыздың қарақалпақ диярына келиўи, оның халық пенен ушырасып, жасаў шараятлары менен жақыннан танысыўы, ѳзиниң ибратлы пикир ҳәм усынысларын бериўи, елимизде әмелге асырылып атырған кѳплеген хайырлы ислердиң инсан мәпи ушын хызмет етиўи, сондай-ақ, ҳүкиметимиз тәрепинен алыс аймақ турғынларының да социаллық жағдайын жақсылаў ушын үлкен итибар берилип атырғанлығы ҳаққында мысаллар менен айтты ҳәм илаж соңында Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы ҳǝм қǝтержамлығын сорап дуўалар қылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер

ораза