Фото

Динимизде некениң әҳмийети

12 Апрель, 2023 354

Муқәддес динимиз тәлийматларында инсанның биринши жәмийети шаңарақтан ибарат болған. Шаңарақтың негизи болған «жәмлениў», «жақынласыў» мәнилерин аңлататуғын неке инсаный қатнасықлардың ишиндеги ең муқәддеси. Себеби, неке Аллаҳ таала буйрығы, яғный парыз болып ҳәм Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннети менен мусылманлардың гүўалықлары астында қурылатуғын байланыс.

Нǝбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Неке мениң сүннетим, ким мениң сүннетимнен бас тартса, ол меннен емес» - деген. Неке ерли-зайыптың абырай, әдеп ҳәм ар-намысының қорғаны. Неке ҳәм шаңарақ ҳаққында Қураны Кǝриймде бир неше аятлар келген: «Аллаҳ сизлерди (Адамды) топырақтан, соң (оның нәсилин) нутфадан жаратып, кейин сизлерди жуп-жуп (еркек-ҳаял) қылып қойды» (Фатир сүреси, 11-аят).

Саламат баланың қәлиплесиўи неке ҳәм шаңарақтың беккемлигине байланыслы. Бир-бирине болған муҳаббат итибарға алынбай қурылған неке шаңарақтың шайпалыўына алып келеди, нәтийжеде перзентлерге унымсыз тәсир етеди. Шаңарақ беккем болмаса, жәмийет беккем болмайды. Буның ушын бириншиден, ҳәр бир инсан өзиниң болажақ перзенти ушын мүнәсип қостар таңлаўы керек. Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Перзентлериңизге мүнәсип ананы ықтыяр қылың! Некеңизге теңин табың ҳәм оларға үйлениң!» - деди. Бул мүбәрек ҳәдисте болажақ перзент саламат, ақыллы, зейинли болыўы ушын мүнәсип қостар таңлаўы. Таңлаўда турмыс қурып атырғанлар тек өзиниң емес, болажақ перзентиниң саламат болыўын ойлаўы керек.

Динимизде мүнәсип ана табыўдың ҳәм оны көриўдиң өзине тǝн тәртиби бар. Мүнәсип ана табыў бойынша Нǝбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ҳаял төрт нәрсеси ушын некеленеди: мал-дүньясы, нәсили (ата-теги), шырайы ҳәм дини ушын. Солай екен, диянатлысын таңла! Қолың топыраққа қарылғыр!» - деди. Нǝбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқан ийманлы-диянатлысы бахытлы шаңарақ қурыўдың ең туўры жолы. Келин ийманлы, инсаплы болса күйеўин ҳәм оның туўысқанларын ҳүрмет қылады. Перзент тәрбиясына да жақсы қарайды. Демек, бизлер динимизде көрсетилгениндей шаңарақ қурыў ушын, тек ғана өзимиз ушын емес, перзентлеримиз ушын да ана таңлаўымыз керек. Себеби, жәмийет шаңарақтан басланады. Шаңарақтың ирге тасы ҳәр тәреплеме пуқта ойланып қаланса, шаңарақ беккем болады. Ондай шаңарақтан саламат, ақыллы, зейинли перзентлер дүньяға келеди. Саламат бала жәмийетимиз тиреги болып табылады. Демек, ҳәр бир келин-күйеў шаңарақ қурыўдан алдын медициналық көриктен өтип ҳәм де шәрият некесинен өтип шаңарақ қурса, шырайлы шаңарақ қурған болады. Динимизде неке жәмийеттиң турақлылығын тәмийинлеўге қойлған дәслепки қәдем болыўы менен де әҳмийетли. Үйлениў ҳәм турмысқа шығыў талабында жүргенлерге динимизде көрсетилгениндей некеден өтип шаңарақ қурыў несип еткей!

Дǝўран Алламбергенов, Шымбай районы «Хан» жоме мешити имам-хатиби

Тэглер

Закат