Фото

Жалған салафийлердиң нәўбеттеги әжайыбатларынан

02 Май, 2023 128

من غرائب فتاوى الوهابية

تحريم لقب ( حاج ) ؛ لمن حج بيت الله الحرام

▪️ Жалған салафийлер,

«Ҳаж әмелин атқарған мусылманды ҳажы деп айтыў ҳарам дейди».

▪️ Ҳаж әмелин атқарған адамды пǝленше ҳажы деп лақап қойыў ҳарам болады... дейди-я өзлери Албоний раҳимаҳуллаҳға муҳаддис деп лақап қойған...

▫️ Дǝслеп лақап пенен исимди ажыратып алыўымиз керек. Лақап ушын қандайда бир себеп болады.

▫️ Сайидиммиз ҳǝзирети Абу Бакрдиң расгѳйлиги ушын Сиддиқ деп, ҳǝзирет Омарды ҳақ пенен батылды ажыратқаны ушын Фаруқ деп атақан.

▫️ Ибадат болған ораза әмелин көп орынлаўшыға саўўам, түнлери көп ибадатта болыўшыны қаўўам, фиқҳ (шәрият кѳрсетпелери) пенен шуғылланыўшыны болса фақиҳ деп атайды.

▫️ Соған көре ҳаж ибадатын атқарған адамға ҳажы деўде мǝни жоқ.

Имам Сортаўий өзиниң Мажмуъаларында:

قال النووي في المجموع :

( يجوز أن يقال لمن حج : حاج ، بعد تحلله ، ولو بعد سنين ، وبعد وفاته أيضاً ، ولا كراهة في ذلك ) 8/281

▫️ Ҳаж әмелин атқарып болған адамды ҳажы деў жайыз болады. Ҳǝттеки, қайтыс болған болса да ҳажы десе болады.

Имам Субкий раҳимаҳуллаҳ Ҳассон ибн Саъид ҳажийниң аўдарма ҳалында:

وقال السبكي في ترجمة : حسان بن سعيد الحاجِّي : ( وأما الحاجي فلغة العجم في النسبة إلى من حج ، يقولون للحاج إلى بيت الله الحرام : حاجِّي ) ا هـ

▫️ «Ҳажы деп ажам сөзлигинде Байтуллаҳты ҳаж еткен адамға айтылады» дейди.

Фахриддин Шайзақов.

Muslim.uz сайтынан таярлаған Бахтияр Амедов.

Шоманай районы «Шоманай» жоме мешити имам-хатиби.

Тэглер