Фото

Марҳумларды еслеў ҳәм қәдирлеў - инсаный миннет

10 Май, 2023 173

Бизлер әзел-әзелден тынышлықты сүйетуғын халықпыз. Мине усы идея үгит-нәсиятына бағышланған уллы миллий руўхый мийрасымыз бар. Олардың ҳәммесинде тынышлықтың қәдирине жетиў үгит-нәсиятланады, урыс болса пүткиллей қараланады.

Азиз ҳәм ҳүрметли инсан затының жасы да, кексеси де, ҳаялы да, ери де бирдей қәдир-қымбатқа ийе. Муқәддес Ислам дини инсан қәдирин сол дәрежеде жоқары көтерген ҳәттеки, оның тириси менен өлигиниң ҳүрмети бирдей қәдирленеди. Дүньядан өтип кеткен марҳум жақынларымызды мудамы жақсы сыпатлар менен еслеў бул инсаныйлық миннетимиз. Бул ҳаққында мүбәрек ҳадиси шǝрифте Пайғамбарымыз Муҳаммад (с.а.ў.) “Дүньядан өткенлердиң жақсы сыпатларын еслең олардың жаман сыпатларын айтыўдан сақланың” деген. (Термизий рәўияты)

Елимизде дәстүрий нышанланатуғын, айрықша итибар қаратылатуғын күнлерден бири бул, Еслеў ҳәм қәдирлеў күни. Бул күнде бизлер өтмиште өткен ата-бабаларымыз әсиресе, Ўатан азатлығы, халқымыздың қурғынлығы жолында жанларын пидә етип, бүгинги күнде әлемнен өтип кеткен бәрше пидәйы жерлеслеримизди ядқа аламыз. Бизлер өткенлерди арнаўлы бир күнде, әйне 9-майда еслеўимиз нышанлы мәниде болып, негизинде ҳәрдайым ҳәр мәўритте оларды еслеп дуўалар қыламыз, олардың өмир жолларын үйренип олардан үлгилер аламыз. Сондай-ақ, келешек әўлад болған перзентлеримизге де өткен ата-бабаларымыздың өмири бизлер ушын үлкен үлги екенин уқтырып келемиз. Олардың жақсылықларын ҳәмийше ҳәрдайым ядта тутамыз. Себеби, тарийхый ядсыз келешек жоқ, деп бийкарға айтылмаған. Еслеў ҳәм кәдирлеў деген гәплер бир күнлик дәстүрге байланып қалмаў керек. Ўатан, миллет, дин жолында жан пидә еткен ата-бабаларымыз яды бизлер ушын қаншели ардақлы ҳәм муқәддес болса, жасы үлкен уллыларымыздың қәдирине жетиў, ҳүрметин орнына қойыў да соншели әҳмийетли.

Бул күнлерде қылынатуғын қайырлы ислерден бири жасы үлкен кисилердиң ҳалынан хабар алыўымыз, олардың кеўиллерине шадлық киргизиўимиз. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз Муҳаммад (с.а.ў.) ҳадиси шарифте сондай деген: “Кишкенемизге раҳм қылмаған ҳәм үлкенлеримиздиң ғәдирине жетпеген кимсе бизлерден емес”. (Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўияты)

Мәмлекетимиз мудамы урыс қатнасыўшылары кексе жастағы аталарымыз, аналарымыз ҳәм бәрше напақадағыларға үлкен дыққат-итибар менен ғамхорлық етип келмекте. Жаратқаннан бәрше марҳум ата-бабаларымызды Өзиниң раҳматына алып олардың ҳақларына қылынып атырған дуўаларымызды қабыл етип, арамызда қалғанларына қурғын турмыс, тынышлық ҳәм денсаўлық бериўин сорап қаламыз.

Дǝўранбек Алламбергенов, Шымбай районы «Хан» жоме мешити имам-хатиби.

Тэглер