Фото

Жасларды жат идеялар тәсиринен асырайық!

11 Май, 2023 201

Жаслар тәрбиясы барлық дәўирлердиң ең актуал мәселеси болып келген. Тарийхшы Геродот өзиниң Шығысқа еткен сапарында Мыср перамидаларындағы бир жазыў оны таң қалдырған: “Жаслардың тәрбиясы бузылып кетпекте. Не қылыў керек?!”

Тарийхшы бул жазыўды оқығанына да еки мың жылдан асып кетти. Жазыўдың жазылғанына болса, ким билсин қанша ўақыт болған? Солай екен, жаслар мәселеси бәрҳәма да өз актуаллығын жоғалтпаған, буған ҳәмме дәўирлерде де түрли дәрежеде мүнǝсибет билдирилген.

Уллы ойшыл Маҳмудхоъжа Беҳбудий жасларға билдириў хатында былай деп жазады: “... Бул раўажланған заманда илимсиз, билимсиз, қуры жасап болмайды. Ҳәзирги заманагөй раўажланыў ҳәм илгерилеў сондай тез болмақта, азғантай пурсат ѳтер-ѳтпес қуры ҳәм шириген иллетлеримизди түп-тамыры менен қопарып таслайды. Сол себепли барлық жасларымыз буған байланыслы бир затқа таяныўы мүмкин. Бул илим ҳǝм билим” (“Айна” журналы, 1914-жыл, 41-сан).

Адамзат жаралыпты, тәрбия мәселесиниң актуаллығы ҳеш қашан күн тǝртибинен түспеген. Муқǝддес динимизде де тәрбияға үлкен итибар қаратылады, айрықша итибар бериледи. Роғиб Асфаҳоний тǝрийплегениндей, тәрбия - инсанның диний, пикирий ҳәм этикалық қуўатларын уйқаслық ҳәм де тең салмақлылық пенен өсириў болып табылады.

Исламда перзент тәрбиясы ота - онаның ең жуўапкерли ҳәм узақ даўам ететуғын миннетлеринен болып табылады. Ата - онаның перзент неъматына ҳақыйқый шүкири де әйне тәрбия жуўапкерлигин мақтаныш пенен туўры орынлаў арқалы жүзеге шығады. Әмелий шүкир - берилген неъматты неъмат беретуғын Тǝңирди разы ететуғын тәризде ықтыяр қылыў болып табылады. Сонлықтан, перзент неъматына әмелий шүкир етиў сол перзентти Аллаҳ таалаға бойсынатуғын бенде етип тәрбиялаў арқалы әмелге асырылады.

Қураны кǝриймде адамзатты тәрбияға шақыратуғын аятлар көп. Атап айтқанда, Луқмани Ҳǝкимниң баласына айтқан нәсияты келтирилген аятлар тәрбияның жоқары үлгиси, инсанның зуррияды алдындағы миннети ҳәм перзенттиң ǝкесиндеги ҳақы ҳаққында баянлайды: «(Луқман айтты): «Ҳәй балам! Әлбетте, егер хантал (өсимлигиниң) туқымындай (жақсы ямаса жаман ис қылынатуғын) болса, ол (ис) бир үлкен тастың ишинде ямаса аспанларда я Жердиң ишинде болса да, Аллаҳ оны әкелип қояды. Әлбетте, Аллаҳ – Латийф, Хабардар. Жүрисиңде орташа бол ҳәм даўысыңды пәсейт! Себеби, даўыслардың ең жағымсызы – ешектиң даўысы» (Луқман сүреси, 16-19-аятлар).

Тәрбия инсан кәмалатының тийкары. Бизде перзент тәрбиясы ҳәр бир шаңарақ ушын тийкарғы ўазыйпа болып келген. Әййемнен халқымыз тәрбияға айрықша итибар қаратқан. Бийкарға “Бир балаға жети мәҳǝлле ата-ана”, дейилмейди.

Бирақ, өкиниш пенен айтамыз, бүгин перзент тәрбиясын ата-анадан көре көбирек телефон, интернет сайтлары ҳǝм социаллық тармақлар атқарып атыр, десек, қәте болмайды. Себеби, дәрўазасыз қала болған социаллық тармақлар исеними бузық, сап ислам тәлийматына қарсы идеялар менен жаслардың санасын зǝҳǝрлеўге урынбақта.

Бундай шараятта ата-анаға, устаз ҳәм тәрбияшыларға – ҳǝмме-ҳǝммеге - жасларды итибардан шетте қалдырмаў, олар ҳәр қашанғыдан көре көбирек қадағалап турыў ўазыйпасы жүкленеди. Абу Саид Худрий разияллаҳу анҳудан рәўият етиледи. Нǝбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Сизден ким бир мункар исти көрсе, қолы менен қайтарсын, егер ылайық болмаса, тили менен қайтарсын, егер ылайық болмаса, қǝлби менен қайтарсын, әне сол ең ҳәлсиз иймандур”, деди (Бесеўинен тек ғана Бухарий рәўият етпеген).

Мәмлекетимиз тәрепинен нызам тийкарында ашып қойылған орта арнаўлы диний тәлим бериў орынлары, жоқары диний тәлим орынлары, Қураны кǝрийм ҳәм тажўидти үйретиў курслары жумыс жүргизип атырған болыўына қарамастан, өкиниш пенен айтамыз, айырым жаслар өзлеринше интернеттен, социаллық тармақлардан “устаз”лар излеп атыр. Бул жүдә қәўипли жағдай.

Усының менен бирге, Өзбекстан мусылманлары басқармасының рәсмий веб порталы www.muslim.uz, www.fatvo.uz ҳәм ЎМИ системасына қараслы бир неше рәсмий интернет сайтлары ҳǝм социаллық тармақлардағы каналлар ислеп турған болыўына қарамастан, ҳәзир де қадаған етилген сайтлар ҳǝм социаллық тармақлардан пайдаланыў жағдайлары ушырасып атырғаны ашынарлы жағдай.

Перзентлеримиз диний илим менен бир қатарда дүньялық пәнлерди де пуқта өзлестириў шәрт. Тийкарынан, илимди диний ямаса дүньялық деп ажыратыўдың өзи қәте. Бүгинги раўажланыў әсиринде жасларымыз ҳәр тәрептен бәркәмал болыўы зәрүр. Кери жағдайда жадидши ойшыл бабамыз Мунавварқори Абдурашидхонов айтқанындай: “Бүгинге шекем Европа халқы аспанға ушар екен, бизде шаш ҳәм сақал даўлары, европалылар теңиз астында жүзер екен, бизде узын ҳәм қысқа кийимлер жәнжеллери, Европа қалалары бүгин электр менен ысытылар ҳәм жақтыландырар екен, бизде мектеплерде география ҳәм тǝбият таныў пǝнин оқытыў, оқытпаў келиспеўшиликлери... даўам етеди” (“Туркистон” газетаси, 1923-жыл), усаған мәселелер ийриминен шығып кета алмаймыз.

Диний илимлер менен дүньялық билимлерди пуқта өзлестирген адамды ҳеш ким шалғыта алмайды. Себеби ол ҳәр бир жумысын ақыл тәрезисине салып әмелге асырады. Миллий қәдириятларымызға, муқǝддес динимиздиң сап тәлийматына қарсы ҳеш қандай тәсирге алданбайды.

Солай екен, ул-қызларымыздың заман талапларына жуўап беретуғын дәрежеде камалға келтириў ҳәр биримиздиң алдымызда турған үлкен жуўапкершилик болып табылады. Бүгинниң баласы физикалық жақтан саў, руўхый жақтан жетик, өз пикирине ийе, кәсип-өнерди ийелеген, заманагөй технология жетискенликлерин жақсы өзлестирген болыўы шәрт. Сонда ғана гөзленген мақсетке ерисиў аңсат болады.

Абдуқаҳҳор домла ЮНУСОВ,

Muslim.uz Рафатдин Ѳмирзақов Тахиатас районы «Сары ийшан» жоме мешити имам-хатиби.

Тэглер