Фото

73 фирқа (топар) ның шығыўына тийкар болған 6 фирқа

27 Май, 2023 126

Абу Ҳурайра разияллаҳу анҳудан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Еврей (яҳудий) лер жетпис бир ямаса жетпис еки фирқаға бѳлинди. Насраныйлар жетпис бир ямаса жетпис еки фирқаға бѳлинди. Мениң үмметим болса жетпис үш фирқаға бөлинеди”, деди.

Басқа бир рәўиятта: “Жетпис екиси дозақта, биреўи жәннетте. Ол - жәмәәтдур” сөз дизбеги зыяда етилген (Имам Абу Даўыд, Имам Термизий рәўияты).

Бул ҳәдисте ҳәм усы мәнистен алып қарағандағы басқа ҳәдислерде зикр етилген фирқалардан мақсет ақийдалық фирқалар болып табылады, бул жерде фиқҳий мазҳаблар нәзерде тутылмаған.

Фиқҳтағы тартыс, сырттан жақсы болып көринген зат тийкарынан бир затты қурбан етиўдиң түрли көринислери болып табылады. Исенимдеги бөлиниў болса фирқалық деп аталады. Айырым фирқалар басқасын кәпирге шығарады. Фирқалардың келиспеўшиликлери Алланың тәнҳа екенлигине исениў тийкарлары, қазои қадар, Пайғамбарлық шәртлери сыяқлы мәселелерде болады. Ақыйда китапларында әне усы фирқалардың тийкарын төмендеги алты фирқа қураўы айтылған:

  • Рофизийлар - шиалар ҳәм оларға тобеълар.

2. Жаҳмия - Жаҳм ибн Сафвонның ақийда фирқасына ергенлер. Олар тийкарынан Аллаҳ тааланың сыпатларын жоққа шығарыў, әмелден қалдырыў менен белгили болған.

3. Ҳарурия - Ҳаўарижлерден болып, Куфа қасындағы Ҳаруро деген орында турған. Олар гүнаҳкар мѳмин дозақта мәңги қалады, гүнәи кабира еткен мѳмин болса кәпир болады, дейди.

4. Муржиъалар - “Кәлиймасы Алланың тәнҳа екенлигине исениўди тил менен айтып, қәлб пенен тастыйықласа болды, әмелдиң кереги жоқ”, деген.

5. Қадария - қазои қадарды бийкар ететуғынлар.

6. Жабариялар - “Инсан ҳәмме жумысларын мәжбүр ҳалда етеди, оның ихтияры жоқ”, деген.

Мансуржон БОБОЕВ.

Muslim.uz сайтынан Хожели районы «Муҳаммад Карим» мешити имам-хатиби Темурбек ХОЖАМУРАТОВ таярлады.

Тэглер