Фото

ХАМР ҚАБЫЛ ЕТИЎДЕН ҚАЙТАРЫЎ

02 Июнь, 2023 170

Аллаҳ таала:

«Әллбетте, шайтан хамр (мәс қылыўшы ишимликлер) ҳәм қумар арқалы араларыңызға душпанлық ҳәм жек көриўшиликти ҳәм де сизлерди Аллаҳтың зикринен ҳәм намаздан тосыўды қәлейди. Солай екен, енди (арақ ишиўден) тоқтаўшы боларсыз? Аллаҳға бойсының ҳәм пайғамбарға бойсының ҳәм де (ҳарам қылынған нәрселерден) сақланың! Егер жүз бурсаңыз, онда билиң, Пайғамбарымызға тек анық жеткизип қойыў (жүклетилген)», - деген («Майида» сүреси, 91,92-аятлар).

Бул аяты кәриймада хамр менен қумар себепли мусылманлар арасында өз ара душпаншылық ҳәм жек көриўшилик пайда болыўы мүмкинлиги айтылмақта.

Хамрдың адамға, шаңараққа, жәмийетке ҳәм пүткил инсаниятқа келтиретуғын зыянлары ҳаққындағы мағлыўматлар жүдә көп ҳәм белгили. Бул ҳақыйқатларды пүткил дүнья мусылман да, кәпир де, қудайсыз да, ҳәттеки, арақхорлар да жақсы биледи.

Биз ол ҳаққындағы мағлыўматларды тәкирарлап отырмайықта, усы аяты кәриймада зикир етилген зыянын - адамлар арасында душпанлық ҳәм жек көриўге себеп болыўын еслеп өтейик.

Егер итибар беретуғын болсақ, қайерде ишиўшилик болса, сол жерде кеўилсизлик келип шығады. Ишиўшилик себепли шаңарақлар бузылғаны қанша, аға-инилер, әке-балалар, дос-яраны, қоңсы-қобалар бир-бирине душпан болғаны қанша. Жумыс орны, мәҳәлле, көше, той-мәресим, дем алыў орынлары ҳәм жәмәәт топланатуғын жерлердеги душпанлық ҳәм жек көриўлердиң есабына жетип болмайды. Ҳәзирге келип, ишиўшилик мәмлекетлер арасына да душпанлық салмақта.

Сондай-ақ, қумар да зыяны көп иллет есапланады.

Әсиресе, адамлар арасына душпанлық салыўы ҳәммесинен асып түседи. Буны әпиўайы нызамлылық та көрсетип турады. Уттырған қумарпаз өзинен бир минут ҳәм бир ҳәрекет пенен үлкен яки аз муғдардағы қаржыны утып алған қумарпазды ҳеш қашан жақсы көрмейди яки оған өзин дос санамайды. Қумардың изинен шыққан жәнжеллер душпанлықлар, жаман көриўлер, Адам өлтириўлер ҳаққында бәрқулла еситип турамыз.

Аллаҳ таала бул еки нәрсени - хамр ҳәм қумарды «ипласлық ҳәм шайтанның иси», деп атамақта. Аллаҳ Өз бенделерине меҳрибан болғаны ушын оларды ипласлық ҳәм шайтанның исинен қайтарады. Нәпәк тағамларды зыянлы болғаны ушын ҳарам қылғанындай, иплас ислерди де бенделерине зыянлы болғаны ушын ҳарам қылады. Усы аяты кәриймада зикир етилген арақ пенен қумардың зыянларынан екиншиси - олар адамларды Аллаҳтың зикринен ҳәм намаздан тосыўы. Бул мәлим ҳәм түсиникли жағдай. Арақхордың арақ ишиўиниң өзи Аллаҳты еслемеўине дәлил. Ал, ишип мәс болып алғаннан кейин улыўма еске алмайды. Намаз да басқа ислер қатары арақхордың есинен шығады. Сондай-ақ, қумарға берилип кеткен қумарпаз Аллаҳтың зикрин де, намазды да умытады. Бул нәрсе - арақ ҳәм қумар келтиретуғын зыянлардың ең үлкени. Басқа жынаятлар усы умытыўдан келип шығады.

Арақхор халықлардың ўәкиллери арақтан пазийлет таппақшы болады: «Бул дүньяның ғам-тәшўишлерин умыттырады, бираз болса да босасып, сол ғамлардан, қыйналыўлардан узақласыў имканиятын береди», - дейди.

Исламда буған жуўапкершиликтен қашыў, ғам-тәшўиш үстине және ғам-тәшўиш қосыў деп қаралады. Әлбетте, биреў арақты ишип, мәс болып, ғам-тәшўишин умытқаны менен, ҳуўшына келгенде ғам-тәшўишлерден қутылып қалмайды. Ал, алдынғы ғам-тәшўишлерине арақхорлық себепли ғам-тәшўишлер қосылады. Исламда турмыстың ғам-тәшўишлери олардан қашыў ушын емес, ал оларға қарсы гуресиў менен шешиледи. Мусылманлар қыйыншылықларды жеңип өтиўде мудамы Аллаҳ тааладан жәрдем сораған ҳалда ис алып барады. Бәрқулла Аллаҳ тааланың зикринде болады, намазды қалдырмайды. Аллаҳтың зикри ҳәм намаз дүньядағы бәрше ғам-тәшўишлерди төгип-салатуғын, оларды шешиўде, олардан қутылыўда ҳақыйқый жәрдемши болған Аллаҳтан жәрдем сорайтуғын ең қолайлы пурсат есапланады. Бундай қолай пурсатты арақ ишиў, қумар ойнаў менен қолдан шығарыў үлкен бахытсызлық есапланады. Аллаҳ бәршелеримизди туўры жолда сабыт қылсын, ҳәм де бундай иллетлер менен болған бирадарларымызға Аллаҳтан таўфйқ сорап қаламыз.

Дауранбек Алламбергенов, Шымбай районы «Хан» жоме мешити имам-хатиби.

Тэглер