Фото

ҲИЖРИЙ 1445-ЖЫЛ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!

19 Июль, 2023 143

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.

Аллаҳ таалаға узыннан узақ ҳамду мақтаўлар болсын.

Ҳәзирет Пайғамбарымызға салаўату сәлемлер болсын.

Бүгин, 2023-жыл 19-июль күни ислам әлеминде басланған ҳижрий 1445-жыл менен барлық мѳмин-мусылманлар, атап айтқанда, журтымыз халқын шын жүректен қутлықлап, өзимниң ең ийгиликли тилеклеримди билдиремен.

Соны айтыў керек, ҳижрий жыл “Алланың айи” деп ҳүрмет етилген Муҳаррам айы менен басланады. Бул уллы айда ораза тутыў усыныс етилген ҳәм шаңарағына кеңшилик етиў, бир жыллық кеңшиликке себеп болатуғын Ашура күни бар. Солай екен, усы пазийлетли айдағы ажру саўаплы әмеллерди ғәниймет билейик.

Әзизлер, басланған ҳижрий жыл журтымыз, халқымыз ҳәм шаңарағымыз ушын хайырлы, берекетли болыўын, жумысларымызда үлкен табыслы ҳәм де илимде, тақўада зыяда болыўын Ҳақ тааладан сорайман.

Аллаҳ таала бәршемизди Өзиниң разылығына ерисетуғын ҳәм еки дүнья бахтын табатуғын бенделеринен қылсын!

ШАЙХ НУРИДДИН ХОЛИҚНАЗАР,

Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий

2023-жыл 19-июль

Ҳижрий 1445-жыл 1-Муҳаррам

Тэглер