Фото

ѲЗИН ӨЛТИРИЎ ШАҲИДЛИК ЕМЕС БӘЛКИМ ҮЛКЕН ГУНАҲДУР...

26 Июль, 2023 194

Бул дүнья, ол дүньяда бахыт табайын, деген инсан Аллаҳға, Пайғамбарға ҳәм иләҳий Китапқа ийман келтирип, олардың көрсетпелерине әмел етип жасаўы керек.

Аллаҳ таала Қураны кәриймде сондай баян етеди:

«(Биз) аспанлар ҳәм Жерди ҳәм олардың арасындағы нәрселерди тек ҳақ (ҳикмет) пенен жараттық. Әлбетте, қыямет шубҳасыз келиўши. Солай екен, (наданлардың азарларына сабыр ет ҳәм оларды) шырайлы жүз бурыў менен тәрк етиң». (Ҳижр сүреси, 85-аят).

Солай екен, аспанда, жерде ҳәм олардағы барлық затларда тек ҳақ бар. Өтирик ҳәм наҳақлық, жалғаншылық ҳәм батыл, пайдасызлық ҳәм тәртипсизлик жоқ, сақыйлықсызлық да, мақсетсизлик те жоқ. Сол себепли олардағы барлық ислер расгѳйлик, әдалат, садықлық, ҳақыйқат тийкарында тәртипли, пайдалы, ҳикметли ҳәм жоқары мақсетти көзлеў менен болыўы керек. Себеби «Әлбетте, Саат келиўшидур».

Қыямет күни бул дүньяда етилген ислердиң барлығы ҳақ пенен есап-китап етиледи. Келиўи анық болған қыямет күнинде ҳақ қарар табады. Ҳәй Пайғамбар, «Солай екен, сен шырайлы кеширим менен кешир».

Өзиңди қыйнап жүрме. Кеўилиңди түрли ғам-уўайым менен бәнт етпе. Ҳақ әлбетте өз орнын табады.

Аллаҳ таала сондай баян етеди:

«Әлбетте, Рәббиңиздиң Өзи – Жаратыўшы, Билиўши». (Ҳижр сүреси, 86 -аят).

Ҳәмме затты жаратқан Оның Өзи. Сол себепли де олардың ҳәммесин ҳақ пенен дөреткенлигинде гүман жоқ. Ол ҳәмме нәрсени билиўши Иләҳ болып табылады. Аллаҳ Өзи жаратқан затларының жағдайын анық биледи.

Аллаҳ кейинги аятта сондай баян етеди:

«Ҳақыйқатында да, Биз саған жети тәкирарланыўшыны (жети аятлы Фатиҳа сүресин) ҳәм Уллы Қуранды бердик». (Ҳижр сүреси, 87-аят).

Аяттағы «жети тәкирарланыўшы»дан мақсет Фариҳа сүреси болып табылады. Себеби бул сүре жети аяттан ибарат болып, жүдә көп тәкирарланады. Намаздың ҳәр рәкатында қайта-қайта оқылады.

Имам Бухарий рәўият еткен ҳәдисте Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:

«Әлҳәмду лиллаҳи Роббил аламийн» жети тәкирарланыўшы болып табылады, ол маған берилген Уллы Қурандур», - деген.

Аллаҳ таала бул аятта Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламға жети аяттан ибарат ҳәм көп тәкирарланатуғын уллы Фатиҳа сүресин және оны өз ишине алған Уллы Қуранды бергенлигин атап ѳтпекте. Усының менен бирге, аспан, жер қандай ҳақ болса, Қураны кәрийм де сондай ҳақ екенине ишара (белги) етип атыр. Бул болса уллы неъмат болып табылады. Қуран неъматы дүньядағы ҳәмме неъматлардан жоқары турады. Сол себепли:

«Биз олардан (кәпирлерден) айырым топарларын пайдаландырып қойған нәрселерге (ҳәўес пенен) қарама! Олардың (иймансызлығына) қапа да болма! Мөминлерге қанатыңды пәслет (кишипейил бол)!» (Ҳижр сүреси, 88-аят).

Кәпирлердиң айырым топарларына бул дүнья өмириниң айырым затларын берип қойғанбыз. Олар бул затлардан пайда көриўши болып жүреди. Сен олардың усы дүнья затларына ҳәўес пенен нәзер салма. Олар ҳәўес етиўге арзыйтуғын затлар емес. Ҳақыйқый ҳәўес қылса арыйтуғын зат саған берилген Уллы Қуран болып табылады. Онда инсанды еки дүнья бахтына жетеклейтуғын ҳақ, туўры жол көрсетилген.

«Олар ушын кеўилсиз де болма!»

Кәпирлер ийманға келмегени ушын қапа да болма.

«Мѳминлерге қанатыңды пәслет!»

Ийманға келип, саған ергенлерге салыстырғанда тил алғыш бол. Олар менен шырайлы мәмиледе бол. Оларға ҳүрмет көрсет. Оларды өз қанатың астына ал.

Ҳәм: «(Сен оларға): «Әлбетте, мен (сизлерди Аллаҳтың азабынан) ашықтан-ашық ескертиўшимен», – деп айт», - деп айт. (Ҳижр сүреси, 89-аят).

Яғный «Ҳәй Муҳаммад, сен адамларға өзиңниң ашық-айдын ескертиўши, әсиге кеткенлерди Алланың азабынан ескертиўши екениңди айт».

«(Бул –) бөлип алыўшыларға (китап ийелерине) нәзил еткенимиз киби». (Ҳижр сүреси, 90-аят).

«Олар Қуранды (өзлеринше) бөлек-бөлек қылды». (Ҳижр сүреси, 91-аят).

Бул орында араб тилиниң нәзик усыллары ислетилип атыр. Еки аят алдын Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасалламға «жети тәкирарланыўшы» ҳәм Уллы Қуран жиберилгени айтылған еди. Кейинги еки аятта Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламға ескертилип, айырым көрсетпелер берилди. Кейининен «Саған «жети тәкирарланыўшы» ҳәм Уллы Қуранды тап Қуранды бөлек-бөлек еткен бөлистириўшилерге китап түсиргенимизге уқсас түсирдик», - делинбекте.

«Қуранды бөлек-бөлек еткенлерге», дегенде әҳли китап - еврей ҳәм насраныйлар нәзерде тутылған. Олар өзлерине келген иләҳий китапларды бөлип, бир бөлегине ийман келтирип, бир бөлегине ийман келтирмеген еди. Енди болса Қуранды да бөлек-бөлек етип, өз пикирлерине уйқас келгенин алып, туўры келмегенин тәрк етежақ болып атыр. Әне соларға ѳз ўақытында сынаўшы китап түсирганимиздей, саған да бул Китапты - Уллы Қуранды нәзил еттик. Бул жаңалық емес. Әййемнен болып киятырған ис. Адамлар сылтаў, себеп ақтармай, ийман келтириўи зәрүр еди. Бирақ көпшилиги бас тартып атыр.

«Тафсири Ҳилол» китабы тийкарында таярланды.

Муҳибуллоҳ Ҳудойбердиев.

Muslim.uz сайтынан Қоңырат районы «Ҳәким Сулайман» жоме мешити имам-хатиби Рахат Умаров таярлады.

Тэглер