Фото

Сабыр етиўдиң пазийлетлери

06 Сентябрь, 2023 162

Инсаният жаратылыпты, түрли сынақларды басынан кеширмекте. Бүгин халқымыз басына түскен бул сынақлар барлық мѳмин-мусылмаларды сергек болыўына ҳәм де бул мүсийбетлерди шырайлы сабыр ҳәм шыдамлылық пенен жеңип өтиўге шақырады. Тийкарынан инсан Аллаҳтан денсаўлық, тынышлық сорап мудамы дуўада болады. Соннан кейин де басына түскен түрли сынақларға сабыр етеди. Расулуллаҳ саллалаҳу алайҳи ўасаллам: “Аллаҳ қандайда бир бендени жақсы көретуғын болса, оны шарасы жоқ мүсийбет пенен имтихан етеди. Егер ол разы болса, Аллаҳ оны Өзи таңлап алған бенделеринен бири етип қояды” деген. Солай екен инсанға мүсийбет жеткенде оннан разы болып, саўабынан умит еткен ҳалды сабырлылық пенен өзин қолға алыўы ең гөззал сабыр екен.

Инсан басына келген турмыс қыйыншылықларына инсаният мудамы да шыдам бере алмайды. Ол сынақлар алдында гейде бүгилип қалады. Бул ѳмирде инсан бар турмыс имтиханларына дус келмей қалмайды. Бул уўайымлы аз ўақытларда оған сабыр етсе де, етпесе де ѳмир даўам ете береди. Бирақ сабыр еткенлер үлкен саўапларға ийе болады. Психологиялық тәрбия устазлары, қыйыншылық ўақтында өзин-өзи уриб ѳлтирмей сабыр етип тур дейди, қыйыншылық жағдайына түсип қалғаныңда сабырлы бол дейди. Қураны кәриймде сабыр жүдә жоқары дәрежеде мақталған. Сиз бенен бизди мудамы сабырға шақырып келген. Аллаҳ таала: “Әлбетте Аллаҳ сабырлыларды жақсы көреди” - деп марҳамат еткен. Ким сабырлы болса Аллаҳ тааланың муҳаббатын қазанады. Қуран кәриймде сабырды көтермелейде, сабырды жоқары мәртебе екенлигин баянлаўда 105 аят келген. Пайғамбарлардың ҳәммеси сабырда ең үлкен өрнек көрсеткен. Қайсы мѳмин-мусылман сабырлы болса уллы пайғамбар (а.с.) лар жолынан жүрген болады. Ибн Умардан (р.а.) рәўият етиледи: Расуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан сабыр ҳаққында соралғанда сондай деген: “Сабырдың үш түри бар. 1) Аллаҳ тааланың ибадатын орынлаўдағы сабыр. 2) Аллаҳ таалаға мəсият болатуғын затлардан узақ болыў жолында етилетуғын сабыр. 3) Аллаҳ тааладан жеткен мүсийбетлерге сабыр”. Биринши сабыр - бул уллы сабыр болып табылады. Расында да Аллаҳ таалаға сап исенимде болыў, ибадатта болыў, саўап ислерди ислеў уллы сабырды талап етеди. Екинши сабыр - Аллаҳ тааланың қадаған еткен затларынан тыйылып турыў.

Бул сабыр да тап ибадаттағыдай мѳмин - мусылманнан үлкен шыдамды талап етеди. Себеби, қадаған етилген затлардың көпшилигин инсанның нәпси қәлейди. Шайтан оны үгитлейди. Бенде булардан өзин тыйып турыўы тек уллы сабыр-тақат пенен ғана жүзеге шығады. Ишқыпаз, мал-дүньяның муҳаббаты, даңқпаразлық, ҳәмелпаразлық ҳәм басқа көплеген затлар бар инсан сабыр қылса ғана әне усыларға ҳаром болғанлығы ушын нәпсин тыйғанлар, гүнаҳтан сақланған.

Аллаҳ тааланың сөзи Қураны кәриймде көп ўәделер ийеси болыўы баянланған. Үшинши сабыр - мүсийбетлерге тақат етиў. Бул да алдынғыларындай бендеден үлкен сабыр талап етеди. Мѳмин - мусылманға жеткен ҳәр қандай мүсийбетке сабыр етиўи Аллаҳ тааланың әмри болып табылады. Шыдамсызлық мѳмин - мусылманға тән әдет емес. Мүсийбет ҳәр-қыйлы болады. Буған байланыслы Аллаҳ: “Әлбетте, Биз сизлерди қорқыныш ҳәм ашлықтан болған бир нәрсе (азап) менен, мал-мүликке, жанға, мийўелерге нуқсан жеткизиў менен сынаймыз. (Ҳәй Муҳаммад, усындай жағдайларда) сабырлыларға хош хабар бер! Оларға мүсийбет жеткенде: «Әлбетте, бизлер Аллаҳтикимиз ҳәм әлбетте, бизлер Оған қайтыўшымыз», соларға Рәббисинен салаўатлар (мағфират) ҳәм рейим бар ҳәм әне солар – ҳидаят табыўшы”. (Бақара сүреси, 155-157 аятлар). Аллаҳ таала ҳәммемизди ѳмир жолындағы қыйыншылықларға, сынақларға сабыр-тақат етиўши ҳәм еткен сабыр-тақаты ушын саўап алатуғын бенделеринен қылсын. Аллаҳым бизге гөззал сабыр берсин.

А. Бабаев.

Zamaxshariy.uz сайтынан Беруний районы «Султан уайс баба» мешити имам-хатиби Нуратдин Юсупов таярлады.

Тэглер