Фото

Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы ўәкиллери қарақалпақстанлы диний қәнигелер менен ушырасты

08 Февраль, 2024 119

Усы жыл 6-февраль күни Өзбекстан мусылманлары басқармасының жуўапкер ўәкиллери республикамызда хызмет сапарында болды. Сапар даўамында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовтың басшылығында имам-хатиб ҳәм имам-найыплар менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда диний тараўда болып атырған соңғы жаңалықлар, ѳткен 2023-жылда әмелге асырылған жумыслар, быйылғы жылдағы ис режелер бойынша сѳйлесилди.

Ушырасыў қатнасыўшылары тараўды раўажландырыўға тийисли усынысларды тыңлаў менен бирге, оларды қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўаплар алды.

Сапар даўамында Нөкис қаласы «Алланияз Қаҳарман» мәҳәллесинде тазадан қурылып атырған мешит қурылысы менен жақыннан танысып, оның қурылысына үлес қосып атырғанлар ҳаққына дуўалар етилди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер