Фото

Диний шѳлкем ўәкиллери шембиликке белсене қатнаспақта

16 Март, 2024 53

Үлкемизге бәҳәр мәўсими кирип келди. Әтирап аймақты абаданластырыў, гүзар жол бойлары ҳәм жап-салмаларды тәртипке келтириў жумыслары әлле-қашан баслап жиберилди. Көше бойларын көгалландырыў мақсетинде ҳәр қыйлы мийўе ҳәм декоратив нәллер отырғызылмақта.

16-18-март күнлери мәмлекетимиздиң барлық аймақларында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилик өткериў бойынша Ҳүкимет бийлиги қабыл етилген еди. Усы мүнәсибет пенен мешит ҳәм қәбирстанлардың аймақларын абаданластырыў ҳәм көгалландырыў бойынша шембилик өткерилди.

Онда мешит хызметкерлери ҳәм кеўилли инсанлар ѳзлериниң жәрдемлерин берди. Шембиликтен гөзленген мақсет мәҳеллелер, халық турар жайлары, қыябанлар, дем алыў бағлары, зыяратгаҳлар ҳәм қәбирстанларды абаданластырыўдан ибарат.

Шембилик даўам етпекте…

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер