Фото

ЛӘЙЛАТУЛ ҚӘДИР ТҮНИ ҲАҚҚЫНДА

05 Апрель, 2024 156

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.

Аллаҳ таалаға есапсыз ҳамду мақтаўлар болсын.

Сүйикли Пайғамбарымызға салаўату дурудлар болсын.

“Ләйлатул Қәдир” “белгилеў түни” деген мәнисти береди. Жыл даўамында етилетуғын түрли әмеллер, ҳүким, табылатуғын ырысқы, бир сөз бенен айтқанда тәғдир белгиленетуғын түн болып табылады.

Бул түн ҳаққында Аллаҳ таала: «...мың айдан жақсырақдур» (Қодр сүреси, 3-аят) деп баян еткен.

1000 ай - 84 жылға тең.

84 жыл - 30000 күнге тең.

Ләйлатул Қәдир түни қашан болады? Абул Олия разияллаҳу анҳу рәўият етеди: “Бир арабий сүйикли Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның алдына келип, “Қәдир түни қашан болады?” деп сорады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Қәдир түнин Рамазанның дәслепки ҳәм ең соңғы ҳәм де тақ түнлеринен излеңлер!” деди (Имам Абу Даўыд рәўияты).

Анамыз Айша разияллаҳу анҳо рәўият еткен ҳәдисте болса Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Қәдир түнин Рамазан айының ақырғы он күнлигинен излеңлер”, (Имам Бухарий, Имам Муслом рәўияты) деген.

Абу Ҳурайра разияллаҳу анҳудан рәўият етиледи: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қәдир түни бойынша: “Ол 27-ямаса 29-түни болып табылады. Бул түн жерде периштелер саны майда таслардан да көп болады”, деди (Имам Аҳмад рәўияты).

Бул түнниң қандай белгилери бар? Ибн Аббас разияллаҳу анҳумадан рәўият етиледи: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Ол ашық, ыссы да, суўық та болмаған түн. Оның таңында қуяш қызғыш, ҳәлсиз болып шығады”, (Ибн Хузайма рәўияты) деди.

Бул түн Аллаҳ тааланың әмри менен периштелер ҳәр бир аспаннан ҳәм “Сидратул мунтаҳо” дан (яғный, Жабраил алайҳиссалам мәканынан) жерге түседи, таң атқанша инсанлар ҳаққына дуўа етеди. Қураны кәриймде: Онда (ол түнде) периштелер ҳәм Руўх (Жәбрайыл) Рәббисиниң руқсаты менен (жыл даўамында исленетуғын) ҳәмме ислер (режеси) менен (аспаннан Жерге) түседи. Ол (түн) – таң атқанша саламатлық”, деп баян етиледи. (Қодр сүреси, 4-5-аятлар).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бул кешени қалай өткерер еди? Айша анамыз разияллаҳу анҳо рәўият етеди: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Рамазанның ақырғы он күнлиги келсе, кешелери уйқыламас еди ҳәм үйдегилерди де ибадат етиўге оятар еди” (Имам Бухарий, Имам Муслом рәўияты).

Бул кеше гүнәлер мағфират етиледи. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Ким Ләйлатул Қәдир кешесин исеним ҳәм ықлас менен өткерсе, оның сол кешеге шекем жүз еткен барлық гүнәлери мағфират етиледи”, (Имам Бухарий, Имам Муслим, Имам Термизий рәўияты) деди.

Айша анамыз разияллаҳу анҳа Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан: “Ямаса Расулуллаҳ егер Қәдир түнин табыўға муўапық болсам не деп дуўа қылайын?” деп сорады.

Сонда Нәбий алайҳиссалам бул дуўаны айтыўға буйырды: «Аллаўмма иннака афуўўун, туҳиббул афўа, фаъфу ъанний» (Аллаҳым, әлбетте, Сен кешириўшисең, кеширимди жақсы көресең. Гүнаҳларымды кешир) (Имам Термизий рәўияты).

Аллаҳ таала қыяметке шекем келетуғын барлық мѳминлердиң гүнаҳын мағфират етсин. Ҳидаятқа басласын!

Даврон НУРМУҲАММАД.

Интернет материалларынан «Шоманай» мешити имам-хатиби Бахтияр Амедов таярлады.

Тэглер