XIX әсир ҳәм XX әсир басларында Қарақалпақстанда орайласқан рәсмий диний басқарма болмағаны менен, мәлим дәрежеде аўыл-қалаларды керек кадрларды таярлап бериўши медреселер болған. СССР дүзилген жыллардың басында мешит-медреселерге мәлим муғдарда өз ислерин даўам етип турған, бирақ 1928-жылға барып СССР қурамындағы бәрше еллер қатары Қарақалпақстанда да барлық мешит-медреселер толығы менен жаўылды.
Урыс жыллары басланғаннан кейин СССР бойлап динге еркинлик бериле баслады. Себеби бул дәўирге келип Германия мусылманларды өзи тәрепке аўдырыў ушын Германияда Түркстан легионын дүзген еди ҳәм оған СССРдың репрессияларынан қашқан көплеген адамлар қосылған еди. Сонлықтан СССР 1943-жылға келип динге еркинлик бериўге мәжбүр болды. Себеби СССР әскерлериниң әдеўир бөлегин мусылманлар қурайтуғын еди.
Орта Азиядағы ең абройлы ийшанлардан ҳәзирети Бабахан раҳматуллаҳи алайҳ бул ис бойынша Москва қаласына шақырылып, мәлим келисимлерге келинген. 1943-жылы ҳәзирети Бабахан Орта Азиядағы басқа аймақлар қатары Қарақалпақстанға да келип, көп елатларды аралап, өз көзи менен көрип кетти ҳәм Қарақалпақстан аймағында жаўылып кеткен мешитлерде қайта ашты, тилекке қарсы атеистлик дүзим нәтийжесинде тек еки мешитке ғана руқсат берилди, олар Шымбай қаласындағы «Хан» мешити, Хожели қаласындағы «Пирим ийшан» мешити ҳәм бир зыярат орны ашылды Беруний районындағы «Султан Уўайс баба» зыярат орны. Қарақалпақстан бойынша жуўаплы адам Сәлмен ийшан Камалов етип тайынланды. 1954-жылға барып Төрткөл қаласында да мешит ашыўға руқсат етилди. Соның менен Қарақалпақстан бойлап жәми тек ғана үш мешит ислеп турды.
1951-жылға келип диний қысымлар және басланды, нәтийжеде Қарақалпақстанда бир неше уламалар қайта қамалды, сүргин етилди, солар қатарында САДУМ (Средне Азиатских Духовное управление мусульман) – Орта Азия мусылманлар диний басқармасы Қарақалпақстан ўәкили Сәлмен ийшан Камал улы да болды.
1951-жылы Мир Араб медресесин биринши тапсырған талабалар питкерди, солардың ишинде Қарақалпақстанлы Раҳматуллаҳ махдум да бар еди. 1951-1957 жыллары аралығында Раҳматуллаҳ махдум Идрис улы «Орта Азия ҳәм Қазақстан мусылманлары диний басқармасы»ның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ўәкили болып ислейди. Басқарма Султан Ўәйис Қараный зияратгәҳында болған.
Архив ҳүжжетлерге көре 1954-жылы Өзбекстан СССР бойынша рәсмий 60 мешит, 5-зыяратгаҳ болған. Олар төмендегише:
| Ўәлаят аты | Мешитлер саны | Зыяратлар орынлары саны |
|---|---|---|
| Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятында | 36 | 1 |
| Қарақалпақстан АССРында | 3 | 1 |
| Әндижан ўәлаятында | 7 | 0 |
| Ферғана ўәлаятында | 4 | 0 |
| Наманган ўәлаятында | 4 | 0 |
| Бухара ўәлаятында | 3 | 0 |
| Хорезм ўәлаятында | 2 | 1 |
| Самарқанд ўәлаятында | 1 | 1 |
| Сурхандәрья ўәлаятында | 0 | 1 |
Демек Раҳматуллаҳ махдум Қарақалпақстан ҳәм Хорезм бойынша 5-мешит ҳәм 2-зыярат орнына басшылық еткен.
1957-жылы Раҳматуллаҳ Идрисов «Орта Азия ҳәм Қазақстан мусылманлары диний басқармасы»ның усынысы менен Қаҳира қаласындағы «Ал Азҳар» университетине оқыўға жибериледи.
1958-жылы Уўайс Алауддин улы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ўәкили болып ислейди.
1959-жылы Раз мақсым усы лаўазымда ислейди.
Буннан кейинги жыллары және диндарларға қысым көбейгени себепли бул лаўазымда ҳеш ким ислемеген ҳәм Қарақалпақстандағы үш мешит туўрыдан-туўры Орта Азия ҳәм Қазақстан мусылманлары басқармасына қараған.
1989-жылы еркинлик дәўири басланып атырған жыллары, Орта Азия ҳәм Қазақстан мусылманлары басқармасына шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф муфтий болып сайланды. Нәтийжеде диний салада мисли көрилмеген өзгерислер бола баслады. Жүдә көп мешитлер қайта қурылып, медреселер ашылды, ҳажға барыў жолы қайта тикленди.
1990-жылы Қарақалпақстан мусылманлары ушын диний басқарма қайта тикленди ҳәм ол Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты деп аталды. Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының биринши қазысы Уўайс аға Алауддин улы болды. Уўайс ағаның мойнына жүдә үлкен жуўапкершилик жүклетилди, Қарақалпақстан бойлап мешитлерди қайта қурыў, медресе ашыў, оларға кадрлар таярлаў ҳтб.
Ҳәзирети Уўайс аға Алауддин улы өз мойнына жүклетилген ўазыйпаларды жуўапкершиликли түрде орынлады. Бухара қаласындағы Мир Араб медресесинде ҳәм Ташкент қаласындағы Жоқары илам оқыў орнына Қарақалпақстанлы талабаларды жиберип оқытты. Нөкис қаласында орта арнаўлы ислам билим журтын ашты ҳәм оны керекли кадрлар менен тәминледи. Халыққа керекли бир неше китапшаларды жүдә көп нусқада баспадан шығарды.
1997- Уўайс аға Алауддин улы қайтыс болды, кейин Нөкис қаласы бас имамы Зийнел аға ўақтынша басқарып турыды.
1998-1999-жыллары Кеўлимжай аға Жамал улы Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы болды, Кеўлимжай аға Қарақалпақстан мусылманлары қазыятында қысқа мүддет ислеген болса да, жүдә көп ислерди әмелге асырды. Кеўлимжай аға Жамал улы дәўиринде Нөкис қаласындағы медресе талабалары питкерип шығып атырған дәўир еди, сонлықтан көп мешитлерди диний тәлим алған кадрлар менен тәмийнледи.
1999-2005 Әбдиев Мурат аға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы болып иследи.
2005-2012-жыллары Әлимбетов Қызырнияз аға қазы лаўазымында иследи.
2012-жылдан ҳәзирге шекем устазымыз Шамсуддин махдум Солиҳуддин улы Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы лаўазымында ислеп келмекте.
Ҳеш кимге сыр емес ақырғы он жыллықта Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты мисли көрилмеген дәрежеде үлкен өзгерислер болды. Мысалы етип айтатуғын болған, буннан он жыллар алдын дерлик бәрше мешитлер оңлаў талап ҳалда турған еди, таҳаратханалары жоқ, барлары да ески аўҳалда, намазханларға қыйын шараятта еди. Қарақалпақстандаға бирден бир диний билим бериў орны болған медресемиздиң аўҳалы оннан да бетер жағдайда, яғный ески депо имаратының үшинши ҳәм төртинши қабатларында еди, Шамсуддин махдум жумысқа келген күнлерден баслап ақ, медресе ҳәм мешитлерде ири оңлаў жумысларын баслап жиберди, нәтийжеде медресемиз көркем бир аўҳалға келди, ҳәзирде медресе жанында спорт зал ҳәм төрт қабатлы жатақхана да қурылған болып, талабалар ушын жәҳән стандарды дәрежесинде барлық қолайлықлар бар. Устазымыз Шамсуддин махдум жумысқа келген ўақытларды жәми елиў мешит болып, оннан жигирмасы жаўылып кетиў алдында тур еди. Биринши нәўбетте усы мешитлерде толығы менен қайта ири оңлаў жумыслары жүргизилди, ал айырымлары қайтадан салынды. Сондай-ақ, бир неше районларға тазадан мешитлер қурылды.
Ортадағы дәўирде Қарақалпақстан жасларынан диний жоқары кадрлар таярлаў мәселеси де жоқтың қатарында болды. Ақырғы он жыллықта жигирмадан аслап талабалар Ташкент ислам институтын питкерип медресе ҳәм мешитлерде ислеп атыр. Шамсуддин махдум тәрепинен жигирмадан аслап китаплар баспадан шығарылды, Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф авторлығындағы китаплар қарақалпақ тилине аўдарма ислери басланды.
СССР дәўиринде ашылған үш мешит ҳаққында қысқаша мағлыўмат:
Шымбай қаласындағы «Хан» мешити. Шымбай қаласы орайындағы бул мешит дәслеп қарақалпақлардын уйғыр руўынан болған Уўайс бийдиң әўладынан болған, Хорезм ғазыйларының сәрдары Бекполат тәрепинен, ҳижрий 1191-жылы қурылған, бул миләдий 1771-жылға туўры келеди. Бул дәўирде мешит ҳәм медресе болып салынған.
Арадан бир әсир өтип ески мешит гөнерип қалғаннан кейин 1866-жылы Хийўа ханы Муҳаммад Раҳимханның Шымбай қаласынан мешит ушын тазадан жер ажыратып береди. Сонлықтан бул мешит «Хан мешити» атын алады.
Арадан әдеўир жыллар өтип, жигирманшы әсирдиң басында Шымбайлы Ийгилик бай тәрепинен бул мешит және жаңадан қурылады.
Ғәрезсизлик жыллары усы мешиттиң имамы Маҳмуджан Абдурраззақов тәрепинен ҳәзирги орнына көшириледи, бирақ жыллар даўамында мешит шала питкенинше қала берди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин махдум Баҳауддиновтың басшылығында 2018-2020-жылы мешит қайта реконструкция етилип, толық питкерилди.
1928-жылы басқа мешитлер қатары Шымбай «Хан» мешити де жаўылады. 1943-жылы Қарақалпақстанда мешитлердиң ашылыўына руқсат берилгенде, усы «Хан» мешити ашылады.
Дәслеп 1943-1951-жыллары Қәлимбет ахун Өтемурат улы;
1951-1952-жыллары Раҳматуллаҳ Идрис улы;
1952-1955-жыллары шымбайлы Разыяллаҳу анҳу мақсым;
1955-1961-жыллары Қәлимбет ахун Өтемурат улы;
1961-1963-жыллары Халқабатлы Маҳмут ийшан;
1963-1965-жыллары Раҳматуллаҳ Идрис улы;
1965-1981- жыллары Халил ахун;
1981-2015-жыллары Маҳмуд Абдираззақ улы
2015-2021-жыллары Бекмурза аға иследи.
Ҳәзирде шекем Даўранбек аға имам хатиб лаўазымында ислеп атыр.
Хожели қаласындағы «Пирим ийшан» мешити. Пирим ийшан 18-әсирде жасап өткен улама. 19-әсирдиң басында Хожели қаласында қурылған мешитке усы кисиниң аты қойылған.
1943-жылы бул мешит қайта ашылады. Бул мешитте, Аллаҳназар ахун, Халхожа Абдураҳман улы, Раҳматуллаҳ Идрис улы, Муҳаммадәлий Шернияз улы, Қалила мақсым, Нуратдин мақсым, Абдулхалиқ қарый, Асаматдин мақсым, 1978-1989-жыллары Кеўлимжай Жамал улы, Қыдырнияз Әлимбетов, Муратжан Әбдиев, Оразымбет Сейтжанов, Батыр ағалар иследи, ҳәзирде Икрам аға Шерниязов имам хатиб болып ислеп атыр.
Төрткөл мешити. 1954-жыллары Қарақалпақстанда үшинши болып ашылған мешит. Бул мешитте дәслеп Моллабергенов Жаббарберген, Жақсымов Ҳамидуллалар ислеген, кейин Шарап мақсым, Молла Муҳаммадкәрийм. Молла Жаббарбергенлер ислеген. 1986-2008 Жумабай Матякубов бас имам хатиб болып ислеген. Кейин Бирадар Матякубов имам хатиб болып иследи, ҳәзирде Қылышев Досназар аға имам хатиб болып ислемекте.
Абдураҳман Раҳматуллаҳ улы
Муҳаммад ал Беруний ислам билим журты мударриси