Нөкис қаласындағы Имам ийшан Муҳаммад мешити ҳаққында

Имам ийшан Муҳаммад

Нѳкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити тарийхы

Нөкис қаласындағы «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешитине 1990-жылы Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ўайс Алаўатдинов тәрепинен тийкар салынды ҳәм мешит қурылыс жумыслары халықтың, намаз оқыўшылардың материаллық жǝрдемлери ҳәм қол кѳмеги менен басланды. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 1992-жылы 24-ноябрь күнги №4-санлы гүўалығы менен дизимнен өтти. Мешит мǝнзили: Нөкис қаласы Х. Абдамбетов кѳшеси номерсиз жай, «Дослық» каналы бойында жайласқан.


Имам ийшан Муҳаммадтың негизги аты Имамаддин Қайипназар бий улы 1753-жылы Мискин ата аўылында туўылған. Бухарадағы медреседе оқып, ѳз дәўириниң жетик алымы есапланған. Ол 1831-жылы 78 жасында қайтыс болған ҳәм Нөкис районы «Қырантаў» қǝбирстанына жерленген.

«Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити еки қабаттан ҳәм 26 ханадан ибарат. Намаз оқыў залын 20 үстин безеп тур. Намазхана 1800-2000 намазханға мѳлшерленген. Мешиттиң орайында бәлентлиги 20 метр, шеңбери 58 метрли гүмбез исленген. Мешит заман талабына жуўап беретуғын иситыў системасына, китапхана, таҳаратхана ҳәм басқа зәрүр буйымлар менен тәмийинленген.


Мешитте биринши имам-хатиб Алаўатдин ийшан улы Ўайс ҳажы, Жамалов Кеўлимжай ҳажы, Арафаддин улы Зийнел, Идрисов Абдулўаҳҳаб ҳажы, Шерниязов Икрам ҳажы, Айимбетов Нажиматдин ҳажы, Қыдрнияз ҳажы Алимбетовлар имам-хатиб болып ислеп келген, ҳәзирги ўақытта Разов Бахрамаддин имам-хатиб болып ислемекте.

Мешиттиң биринши қабатында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты жайласқан, екинши қабатында болса Өзбекстан халық аралық ислам академиясы Қарақалпақстан бөлими жайласқан.

2017-жылы Өзбекстан Республикасы президенти Ш.М.Мирзиёев басламасы менен мешит толық ири оңлаўдан шығарылды, әтираплары абаданластырылды.


Нөкис «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити Қарақалпақстан Республикасы бас мешити сыпатында хызмет кѳрсетип келмекте.

«Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити менен байланысыў ушын телефон (61)2290231

Имам-хатиб: Разов Бахрамаддин,

Имам-найып: Турдимуратов Қаҳарман,

Имам-найып: Искендеров Жумабек,

Имам-найып: Мансуров Фархад,

Имам-найып: Раманов Бостан,

Имам-найып: Ещниязов Муҳаммад.


Нөкис қаласында Имам ийшан Муҳаммад мешитинен басқа және 4 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:

Суўрети Мешит аты Район/қала
Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
Ережеп бий Нөкис қаласы
Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
Суўрети Мешит аты Район/қала
1 Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
2 Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
3 Ережеп бий Нөкис қаласы
4 Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
5 Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
6 Пирим ийшан баба Хожели районы
7 Муҳаммад Кǝрийм Хожели районы
8 Сары ийшан Тақыятас районы
9 Муҳаммад Мурат ийшан Тақыятас районы
10 Кетменши баба Тақыятас районы
11 Шайх Аббаз Ўалий баба Беруний районы
12 Султан Ўәйс баба Беруний районы
13 Хайырлы баба Беруний районы
14 Бадр ата Беруний районы
15 Дәрўиш ийшан баба Беруний районы
16 Молла Жумабай Төрткүл районы
17 Мѳнтик баба Төрткүл районы
18 Абдужамил ийшан Төрткүл районы
19 Шорахан Төрткүл районы
20 Қошқар ата Төрткүл районы
21 Молла Саъдулла Төрткүл районы
22 Ғайып ата Төрткүл районы
23 Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
24 Малла дунли баба Төрткүл районы
25 Жамбасқала Төрткүл районы
26 Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
27 Абдуллаҳ нарынжаний Елликқала районы
28 Машариф ақсақал Елликқала районы
29 Сафа Елликқала районы
30 Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
31 Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
32 Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
33 Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
34 Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
35 Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
36 Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
37 Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
38 Шоманай Шоманай районы
39 Сапар ота Шоманай районы