– Дин ҳәм шәрият деген не?
Аллаҳ тааланың бенделерине түсирген ҳүкимлер топламы.
– Аллаҳ таала бенделерине қандай ҳүкимлерди түсирген?
Бенделерине дүнья ҳәм ақырет рәҳәтлерине жетисиўи ушын туўры жол-жоба, көрсетпелерден ибарат ҳүкимлер түсирген.
– Ол ҳүкимлерде қандай ислердиң баяны бар?
Бенде ислеўи лазым болған ҳәм ислеўи қадаған етилген ўазыйпалардың баяны бар.
– Аллаҳ таала дин ҳәм шәрият ҳүкимлерин бенделерине қандай жол менен билдирди?
Аллаҳ таала бенделери ишинен ең ылайықларын пайғамбар етип сайлады ҳәм сол пайғамбарларға периште Жәбрайыл алайҳиссалам арқалы дин ҳүкимлерин үйретти. Соң пайғамбарлар бул ҳүкимлерди адамларға жеткерди.