Намаз

ТАҲӘРАТ АЛЫЎ ТӘРТИБИ

ТАҲӘРАТ

Ислам дини дене тазалығы менен биргеликте қәлб тазалығына да итибар беретуғын дин. Сүйикли Пайғамбарымыз бизге былай деп нәсият еткен: «Қолыңыздан келгенше таза жүриң, себеби Аллаҳ таала Ислам динин тазалық үстине қурды. Жәннетке де тек таза болғанлар киреди» («Жамиъус-сағийр», 1-бөлим, 133-бет).

Аллаҳ таала Қураны кәриймниң Маида сүреси 6-аятында былай деп мәрҳәмат қылады:

«Ҳәй ийман келтиргенлер! Намаз (оқыў)ға турсаңыз, онда, (дәслеп) жүзлериңизди, қолларыңызды шығанақлары менен қосып, аяқларыңызды тобықлары менен қосып жуўың. Басларыңызға масҳ тартың».

Әлбетте, динимиз негизлеринен бири болған намазды оқыў ушын таҳәратлы болыў шәрт қылынған.


ТАҲӘРАТ АЛЫЎ ТӘРТИБИ

1. Нийет. Таҳәрат алыў нийет қылынып, «Бисмилләәҳир роҳмәәнир роҳийм», делинеди.

2. Қолларды жуўыў. Қоллар алақан менен билек қосылған жерине шекем үш мәрте жуўылады. Бармақта жүзик болса, қыймылдатып, астына суў киргизиледи.

3. Аўызды жуўыў. Оң қолда аўызға суў алынып, үш мәрте ғарғара қылып аўыз шайып тасланады, мәсиўек болса, аўыз мәсиўек пенен тазаланады.

4. Мурынды шайыў. Мурынға оң қол менен үш мәрте суў тартылып, шеп қол менен қағып тасланады.

5. Бетти жуўыў. Бет үш мәрте жуўылады, бунда беттиң әтирапы да толық жуўылыўы, ийектиң астылары да қалмаўы керек, егер үлкен сақалы болса, бармақлары менен ҳилал қылады, яғный сақалын тарап, арасына суў жеткереди.

6. Қолларды билек ҳәм шығанақлар менен қосып жуўыў. Дәслеп, оң қол, соң шеп қол шығанақлары менен қосып, үш мәрте жуўылады.

7. Бас, қулақ ҳәм мойынға масҳ тартыў. Еки алақанға суў алып, алақанлар арқасы менен қосып шайылады ҳәм қолдың ызғарлығы бастың ҳәммесине сүртиледи, кейин көрсеткиш бармақлар менен қулақлардың иши, бас бармақлар менен қулақтың арты масҳ қылынады. Еки алақанның сыртқы тәрепи менен мойын масҳ қылынады.

8. Аяқларды жуўыў. Шеп қол менен оң аяқ тобығы менен қосып жуўылады. Шеп аяқ та усындай тәризде жуўылады. Бармақлар ҳилал қылынғанда оң аяқтың бармақлары шунатайынан басланады, шеп аяқта бас бармақтан басланады.

Тырнақларға сүртилген лак, денеге сызылған сүўретлер кетирилмей турып алынған таҳәрат туўры есапланбайды.

Таҳәрат алғанда сөйлемеў керек ҳәм соның менен бирге ысырап қылып, артықша суў да ислетпеў зәрүр.