Ораза

ОРАЗА

Ислам дининде парыз болған уллы ибадатлардың үшиншиси - Рамазан айында ҳәр күни ораза тутыў.

-Ораза тутыў қай тәризде болады?

Таң атқаннан қуяш батқанға шекем нийет етилип, жеў, ишиў ҳәм жынысый жақынлықтан сақланылады.

-Оразаның парызы нешеў?

Үшеў. Бириншиси нийет; екиншиси жеў ҳәм ишиўден сақланыў; үшиншиси жынысый жақынлықтан тыйылыў.

-Нийетсиз күн бойы жеўден, ишиўден, жынысый жақынлықтан тыйылып күн батырса, оразаға өте ме?

Өтпейди.

-Оразаға қайсы ўақытта нийет етиледи?

Сәрликтен соң таң атқанша қылынған нийет абзал. Таң атқаннан кейин үлкен сәскеге шекем нийет қылса да дурыс болады. Оннан кейин нийет қылыў дурыс емес. Үлкен сәске қыямнан еки саат яки еки ярым саат алдынғы ўақыт.

-Бир адам таңнан үлкен сәскеге шекем оразаны бузыўшы әмеллерди қылмай, сәскеден сәл алдын сол күнниң оразасын нийет етсе есаплана ма?

Әлбетте, оразасы дурыс болады.

-Бир адам таң атқаннан кейин де ишип-жесе, соң сәскеге шекем сол күнниң оразасын нийет етсе, оразасы дурыс бола ма?

Дурыс болмайды.

-Оразаға тил менен нийет етиў керек пе яки кеўил менен нийет етсе жеткиликли ме?

Тил менен де нийет етиў абзал, бирақ тек ғана кеўилде нийет етсе де жеткиликли. Тили менен нийет етип, кеўли басқаша болыўдан абайлы болыўы керек, себеби нийет кеўилдиң иси. Әпиўайы халықтың көпшилиги тил менен айтылған нийетти дурыс деп есаплайды. Мәселен, намазда «нийет еттим»ди тили менен айтыўды нийет деп есаплайды. Нийет етилиўи парыз болған ибадатларды тил менен ғана нийет етип ада етиў дурыс болмайды. Ең дурыс нийет пәлен әмелди яки пәлен ибадатты орынлайман деп кеўилден өткериў болып есапланады.

-Ораза тутыўда тил менен арабша нийет қылмақшы болса, не деп нийет етеди?

кейин, оразасы тамам болғанда не қылады?

От тиймеген тағам яки суў менен аўызды ашады. Хурмаға уқсас мазалы тағамлар менен аўыз ашыў мустаҳаб. Аўыз ашылып атырғанда:

اللَّهُمَّ لَكَ صُمْتُ وَبِكَ آمَنْتُ وَاِلَيْكَ تَوَكَّلْتُ وَ عَلَى رِزْقِكَ اَفْتَرْتُ فَاغْفِر لِي يَا غَفَّارُ مَا قَدَّمْتُ وَمَا اَخَّرْتُ

Аллоҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә аләйкә тәўәккәлту ўә алә ризқикә әфтарту фағфирлий я ғоффару мә қоддәмту ўә мә аххарту

Мәниси: «Аллаҳым, усы оразамды тек Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим. Саған тәўекел қылдым ҳәм Сениң берген ырысқың менен аўыз аштым. Эй гүналарымды мағфират етиўши Аллаҳ! Сен енди мениң әўелги гүналарымды ҳәм ақырғы гүналарымды кешир, мени жарылқа.»