Фото

МҮБӘРЕК АЙ

05 Февраль, 2024 69

Муқаддес динимиздиң негизлеринен бири – бул ораза. Әўел ораза сөзине түсиник берип өтейик. Ораза араб тилинде «сыям» деп аталып, сөзликте бир нәрседен өзин тыйыў мәнисин аңлатады. Ал, шәрият түсиндирмесинде: «Таң атқаннан қуяш батқанға дейин нийет пенен оразаны ашыўшы нәрселерден өзин тыйыў», ораза есапланады. Оразаны ашыўшы нәрселер делингенде жеп-ишиў, жынысый байланыс қылыў ҳәм басқа да нәрселер нәзерде тутылады. Булар ҳаққында китабымыздың кейинги бетлеринде толық тоқталып өтемиз.

Рамазан оразасы екинши ҳижрий сәнеде парыз қылынған. Аллаҳ таала өз кәламында:

«Ҳәй, ийман келтиргенлер! Сизлерден алдынғыларға ораза парыз қылынғанындай, сизлерге де ораза парыз қылынды. Қәне енди, тақўа қылсаңыз», – деп мәрҳәмат қылады.

Аят «Ҳәй, ийман келтиргенлер!» – деген шақырық пенен басланбақта. Үлкен саўаплар ўәде қылынған, соның менен бирге машақатлы ибадатқа буйырыў, әлбетте, ҳикметсиз емес. Бул мусылманның машақатларға қарамастан, оны шын ықлас пенен орынлаўы Аллаҳ таалаға болған муҳаббатын оятады.

Аят мазмунына итибар берсек, ораза тазадан пайда болған ибадат емес, ал, бизлерден алдынғыларға да буйырылған ибадат екенин түсинемиз.

Ораза мәнәўий жетикликке жетистириўши, руўхый тынышлықты қәлиплестириўши болғаны ушын да бурынғы ўақытлары оразаның ол ямаса бул көринисте болғанлығын көриўимиз мүмкин. Буннан басқа қандай да бир мүсийбетке дуўшар болғанда, кеселлик тарқалғанда, «Аллаҳ меннен наразы болды», – деп гүман қылғанда, қурғақшылық, өрт, сел сыяқлы апатлар келгенде ҳәм руўханийлери өзин илҳамға таярлағанда ораза тутыў яҳудийлик дининде өз сәўлелениўин тапқан болса, христиан (насранийлик) дининде яҳудийликтен парқы бул динде ораза ибадаты ҳәр қыйлы дәўирлерде ҳәр түрли аймақларда түрлише орынланған ҳәм орынланып келмекте. Атап өтетуғын болсақ, айырым аймақларда ораза тутыўшылар тек ҳайўан гөшлеринен тыйылып, ораза тутса, айрымлары мийўелерди жемейди, ал басқалары пүткиллей жеп-ишиўден тыйылған. Соның менен бирге жеп ишиўден тыйылыў ўақытлары да ҳәр түрли болып, 40 саатлық ҳәм 3–4 саат даўам ететуғын оразалар да болған.

Әпиўайы бир мысал, Будда ҳәм Ганди де руўхый қуўатты асырыў, нәпсин шынықтырыў ушын өз билгенинше ораза тутқаны ҳеш кимге сыр емес.

Демек, буннан көринип турғанындай, Ислам дининен алдын да түрлише көринисте ораза ибадаты болған.

Муқаддес динимизде оразадан гөзленген мақсетлер жүдә көп ҳәм әҳмийетли болып, имам Ғаззалий оған өзине тән усылда төмендегише тәрийп береди:

«Ораза – бул Аллаҳ тааланың сыпатларынан бири болған – мүтәж болмаў сыпаты пенен сыпатланыў, нәпсиниң қәлеўинен мүмкиншилиги болғанша тыйылыў арқалы, шаҳўатлардан пәк болған периштелерге еликлеў. Инсан ҳайўаннан шаҳўатларын ақыл нуры жәрдеминде сындырыў қуўатына ийелиги менен үстин турады. Лекин, шаҳўатлар оған өз тәсирин көрсетиўши болғаны ушын, және ол ҳаўайы нәпсиге қарсы гүресиўге мәжбүрлиги себебинен периштелерден пәсте турады. Егер инсан өз нәпсине қарсы тура алмаса, нәпсиниң жорығы менен жүриўди даўам етсе, ҳайўаннан да пәс дәрежеде болады. Керисинше, нәпсин басқара алса, шаҳўатын сындырыўы, ақыл ҳәм парасат пенен ис көриўи, Аллаҳ таалаға болған тақўасы менен периштелерден де жоқары дәрежеге көтериледи».

Медицина тили менен айтқанда диета атамасы менен аталыўшы, негизин алғанда, айырым шәртлери оразаға туўры келиўши емлеў усыллары оразаның саламатлығымызға пайдасын айқын көрсетип береди. Жеп ишиўден белгиленген ўақыт аралығында тыйылыў инсан организмин керексиз ҳәр түрли элементлерден тазалайды ҳәм бул избе-из 30 күн даўам еттирилген жағдайда инсан саламатлығына кери тәсир көрсетиўши элементлер түптен жоқ болып кетиўи заманымыздың атақлы медицина алымлары тәрепинен қайта-қайта тәкирарланбақта.

Сондай-ақ, ораза инсанда руўхый тынышлық, меҳрибанлық, неъматларға шүкирлик етиў сезимлерин де оятады, беккемлейди. Ең баслысы, Аллаҳ таала ол адамда тақўа пазыйлетин пайда етеди. Сонлықтан да, Аллаҳ таала мусылманларға оразаны парыз қылған аят даўамында: «…Қәне енди, тақўа қылсаңыз», – деп мәрҳәмат қылады. Буннан көринеди, оразаның шәриятымызға киргизилиўинен тийкарғы мақсет, инсанда тақўаны қәлиплестириў. Аллаҳ таала жеп ишиўден шеклеген мүддетте қарны аш болып, қатты шөллеп турған адамның ҳеш ким көрмейтуғын, билмейтуғын ўақытта да жеп ишиўден тыйылыўы оның Аллаҳ таала инсанды, ҳәтте ҳәр бир нәрсени бәрқулла гүзетип турғанлығын сезиўи оның тақўасы менен байланыслы.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам «Ораза – қалқан» – деген, ҳақыйқатында да, ол өз ийесин шаҳўат ҳүжиминен, гүналардан, зыянлы болған нәрселерден тосады, дозақ отына қалқан болады. Сондай-ақ, инсанда жақсы пазыйлетлердиң беккемлениўи ораза ибадаты менен болады.

Илимий изертлеўлерде анықлаўынша, бир күн ораза тутылса, ақ қан тоқымасы пайда болып, инсанды ҳәр түрли кеселликлерден сақлайды екен. Қамарий жыл болса, 355 яки 356 күнге туўры келеди. Организм ушын бир жылға жететуғын ақ қан тоқымаларын пайда қылыў ушын 36 күн ораза тутыўымыз керек екен. Демек, шәўўал айында тағы алты күн ораза тутсақ, иммунитет системасын толық тиклеген болады екенбиз!

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Рамазан оразасын тутып, изинен шәўўалда алты күн ораза тутса, жыл бойы ораза тутқандай болады», деген».

Имам Муслим рәўияты.

Шолыў: Рамазан айынан кейин келетуғын шәўўал айында алты күн нәпил ораза тутыўға шақырық өзине жараса ҳикметлерге ийе. Дәслеп, динимизде бәрқулла нәпил ораза тутып жүриўге шақырыў бар. Қалаберсе, Рамазанда бир ай ораза тутып жүрип, шәўўалда бирден өзин аўқатқа урыў жақсы емес.

Шыпакерлер де узақ мүддет ашлықтан кейин аўқат жеўди әсте-ақырын көбейтип барыўды усыныс етеди. Өйткени, ораза жуўмақланыўы менен шайтан да иске кирисип, ҳайит күни көп аўқат жеўге шақырады. Нәтийжеде көпшиликтиң асқазаны менен машқаласы пайда болады. Халқымыз «Нәпси жаман ҳайитта өлер», деп бийкарға айтпаған. Мөмин бенде ҳайиттиң ертесинен тағы ораза тутыўды басласа, шайтан қыйналып, «Бул адамды жолдан урып болмас екен, бир ай ораза тутып шаршамапты, буннан былай да шаршамайды» деп, оны адастырыўдан үмитсиз болады.

Көпшилигимиз ҳәр дайымғыдай Рамазан айын ынтық болып, күтпектемиз. Бул қәлб, ақыл ушын әҳмийетли сынаў болыў менен бирге қайырлы ислерди көбирек ислеў имканияты да. Бул сизге бир жыл даўамында жетерли болатуғын руўхый азық алыў ушын қолайлы пурсат. Егер бизлер бул айда өзлеримизди өзгерте алсақ, жақсылай алсақ, онда жыл даўамында да солай қылыўымыз мүмкин.

Бул бәрше жақсылық излеўшилер айы!

Сондай имканиятлардан бири ҳәр бир мөмин ушын арамызда материаллық тәрептен мүтәж, қарыздар, кесел, нәгиран, жетим ҳәм басқаларға жәрдем бериўге умтылыў. Әне, сондай қайырлы иске болған ықлас, әсиресе усы айда өзгеше түске енеди. Бирақ, бул айға алдыннан кеўилдегидей таярлық көре алмағанымыз кшын бизлер көбинесе бундай имканияттан бос қаламыз ҳәм әттең айтамыз.

Жәннетке кириўдиң өзи үлкен бир бахыт. Бирақ сол жәннетке Аллаҳ тааланың айырықша итибарына ерисип, арнаўлы таярлап қойылған есигинен кириў және бир өзгеше бахыт.

Имам Бухарий ҳәм Муслим Саҳл разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Жәннетте бир есик бар, ол «Райян» деп аталады. Қыямет күни оннан ораза тутыўшылар киреди, олардан басқа ҳеш ким оннан кирмейди. «Ораза тутыўшылар қәне?» делинеди. Сонда олар турады. Олардан басқа ҳеш ким оннан кирмейди. Олар киргеннен кейин, ол жабылады. Кейин ҳеш ким оннан кирмейди», деди».

Пазыйлетли Рамазан айының берекети себепли бул айда ҳәр бир жақсы әмелдиң саўабы жетпис еседен жети жүз есеге шекем көбейтип бериледи. Аллаҳ таала бул айды мөмин бенделери ушын саўапларды топлаў мапазы қылған. Демек, қолай пурсатты қолдан бермей, имкан барынша саўап жыйнап қалыўға мейли ол киши әмел болсын, үлкен болсын оннан көбирек пайда алып қалыўға тырысыўымыз керек.

Солай екен, Рамазан айында саўап ислерди қылыўға асығың әзизлер...

Әҳмийетли усыныслар!

• Рамазан айында ҳәр күни түнде еки ракат болса да таҳажжуд намазын оқың!

- Сонда Қәдир түнин тапсаңыз мың ай таҳажжуд оқығаннан да абзал саўапқа ерисесиз...

• Рамазан айында ҳәр күни түнде ең кеминде Қураннан үш мәрте «Ықлас» сүресин оқып қойың!

- Сонда Қәдир түнин тапсаңыз мың ай Қуран хатым қылғаннан да абзал саўапқа ерисесиз...

• Рамазан айы даўамында ҳәр күни имканын таўып, азғана болса да садақа қылып турың!

- Сонда Қәдир түнин тапсаңыз мың ай садақа қылғаннан да абзал саўапқа ерисесиз:

Иншәә Аллаҳ.

«Қәдир түни мың айдан жақсырақ».

(Қодр сүреси, 3-аят)

• Бул усынысты жақынларыңызға да раўа көриң! Ким әмел қылса, саўабына сиз де шерик боласыз!

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан рәўият қылынған саҳиҳ ҳәдисте:

«Ким жақсылыққа жолласа, оған да әмел қылғанның саўабындай сыйлық болады»-, деген.

Ибн Ҳиббан ҳәм Термизийлер рәўият қылған.

Абдикаримов Раҳматулла, Тахияташ районы «Муҳаммад Мурод ишан» жоме мешити имам-найыбы.

Тэглер