Фото

Рамазан оразасының 7 сүннети

12 Март, 2024 249

Егер тутып атырған оразаңыздың саўабын көбейтиўди қәлесеңиз,

Ораза ибадатыңызды жанландырмақшы болсаңыз, онда оразаның сүннетлерине әмел етиң.... Олардан бириншиси - ҳәтте бир уртлам суў менен болса да сәҳәрлик қылыў.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Сәҳәрлик қылыў берекет болып табылады. Оны бир қултым суў ишип болса да тәрк етпең. Себеби Аллаҳ ҳәм Оның периштелери сәҳәрлик етиўшилерге салаўат айтады”, деген (Имам Аҳмад рәўияты).

екиншиси - ифтарлықты ўақты кириўи менен тезлестириў.

“Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам (кешки пайыт) намазын оқымастан алдын бир неше ҳѳл хурма менен, егер хурма ҳѳл болмаса, қақланған хурма менен, егер ол да болмаса, бир неше уртлам суў менен аўыз ашатуғын еди” (Абу Даўыд, Имам Термизий рәўияты).

үшиншиси - ифтарлықта Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның дуўаларын қылыў.

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам аўызын ашса: “Заҳабаз зомау ўабталатил урууқ ўа сабатал ажру, иншааллаҳ”

“Шѳл кетти ҳәм тамырлар ҳѳлленди”, деп айтар еди (Абу Даўыд рәўияты).

төртиншиси - оразадарларға ифтарлық етип бериў.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Ким оразадар адамға ифтарлық етип берсе, ол адамға да ораза тутқанның әжриндей саўап бериледи. Буның менен оразадардың әжринен ҳеш бир зат кем болмайды”, деген (Имам Термизий рәўияты).

бесиншиси - Алланың зикри менен бәнт болыў.

алтыншысы - Қураны кәриймди көбирек тиләўат етиў.

жетиншиси - дуўа, садақа қылыў, жақсылыққа шақырыў, жаманлықлардан қайтарыў, наўқасларды зыярат қылыў, туўысқан-туўғанлар менен жақын қатнаста болыў.

Рамазан ғәниймет айы. Бул ай ийманды күшейтиў, Жәннетти қолға киргизиў ҳәм де дозақтан сақланыў ушын мүмкиншилик болып табылады.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Рамазан кирсе, кейининен ай шыққанда гүнаҳы кеширилмегенлердиң мурны жерге ысқалансын”, деген (Имам Термизий рәўияты).

Аллаҳ таала бул айдың пазийлетлеринен толық пайда көриўши етсин. Рамазаннан гүнаҳлардан пәкленген ҳалда шығыўда таўфиқ берсин!

Даврон НУРМУҲАММАД.

Muslim.uz сайтынан Шымбай районы «Хан» жоме мешити имам-хатиби Ильяс Қазақбаев таярлады.

Тэглер