Фото

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы нәўбеттеги таровеҳ намазында Нѳкис районындағы «Имам ийшан» мешитинде болды

26 Март, 2024 48

Мүбǝрек Рамазан айы мүнәсибети менен бәрше мешитлеримизде таровеҳ намазлары оқылып, имам-хатиблеримиз тәрепинен диний-мәрипий мазмунда сәўбетлесиўлер даўам етпекте. Усы ай ҳүрметине имам-хатиблер ишки имканиятлардан келип шығып, қәўендерлер кѳмеги менен орынлардағы кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларға ҳәм нәгиранлығы болған пуқараларға азық-аўқат ѳнимлеринен материаллық ҳәм әмелий жәрдемлер бермекте.

Рамазан айы кәйпияты менен жақыннан танысыў, жәмәәт пенен ушырасыў ҳәм мешитлердеги шараятларды кѳриў ушын 26-март күни Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов Нѳкис районында болды.

Райондағы орайлық «Имам ийшан» жоме мешитинде жәмәәт пенен ушырасар екен, диний кеңпейиллик, миллетлер ара татыўлық, тынышлық ҳәм қәтержамлық мазмунында сәўбетлести ҳәм «Тәўбе есиклери ҳәмийше ашық!» темасында баянат жасады.

Тараўиҳ намазынан соң нураный аталарымыз қатнасында елимиздиң тынышлығы ҳәм абаданшылығын сорап дуўалар қылынды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер