Фото

​Аҳмет ҳәм Ибн Можа рәўаяты

29 Март, 2024 75

Айырымлар: "Ораза тутқан адамға тағам берген ораза тутқанның саўабын алады"-дегенди қәте түсинип,ифтарлық мәресими ушын көп адам шақырып аўқат берип өзи ораза тутпастан жүреди. Бул пүткиллей қәте түсиник болып,буннан ораза тутпаса да оның саўабына ифтарлық тарқатыў арқалы ерисиўге болады деген надурыс жуўмақ шығады.Ифтарлық тарқатыў дегенде әлбетте дәстурқан жайып, ораза тутқан адамларға тағам берип қоймастан олар менен бирге жәрдемге мүтәж кәмбағалларға тағам яки керекли қәрежетин бериў де ең жақсы ифтарлық саналады. Мискинге аўқат бериў ораза тутыўдың орнына өтиўи-фидия делинеди.Қураны Кәриймде буған рухсат берилген. Бирақ фидия бериўге рухсат етилген адамлар бар болып,олар жүдә қартайып күш-қуўатынан айрылған қартайған адамлар. Сондай-ақ уламалар бул топарға наўқаслығынан тәўир болыўына үмит болмаған созылмалы кеселликлерге шалынғанларды да қосады.Мине,тек усы топардағы адамлар ғана ораза орнына фидия бериўи мүмкин. Ал,басқа қалғанларға жоқарыда келтирилген рухсаттың байланысы жоқ. Дәрмансыз,күш-қуўаты кеткен,фидия бериўге рухсат етилгенлерден тысқары адамлар дүньядағы барлық мискинлерди тағам менен сыйласа да,ораза парызының бир саатлық ўақтынан сақыт бола алмайды. Ораза инсанды өмирдиң барлық қыйыншылықларына тақат етиў ҳәм сабырлылыққа тәрбиялайды. Руўхый,ақылый ҳәм физикалық камал табыўына жәрдем бериўи менен бирге жәмийет раўажланыўы жолындағы ҳәр қандай машақатларды жеңип өтиўге үйретеди. Сондай-ақ, ораза тутқан адамның өзи,шаңарағы ушын берекет,ырысқы-несийбе дереги болады. Ашлық ҳәм шөл не екенлигин өз басынан өткерген ораза адам кәмбағаллық қыйыншылығында жасап атырған мүтәж инсанларға жәрдемге асығады.

Аллаҳ таала мүбәрек Рамазан айында тутқан оразаларымызды қабыл етсин!

Рахимжан Тлеўбаев, Мойнақ районы, "Тоқпақ-ата" жәмәәт мешити имам-хатиби,район бас имам-хатиби

Тэглер