Фото

Кең кѳлемли абаданластырыў ҳәм кѳгалландырыў иләжы ѳткерилмекте

31 Март, 2024 121

Ҳәммемизге белгили, соңғы жыллары елимизде жасыл әлемди қорғаў ҳәм кеңейтиў ислери мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилди. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басламасы менен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде кѳплеген жумыслар әмелге асырылды ҳәм асырылмақта.

Муқәддес динимизде терек егиўдиң пазыйлетлеринен бири дүньяда жақсы әмеллер қылған мөмин бенделерге жәннетте де олар ушын сыйлық тәризинде терек егилиўи болып табылады. Ким нәл, терек ексе, жер бетинде Аллаҳ таалаға сәжде қылатуғын тереклер санының көбейиўине себеп болған болады.

Терек егиў – ийеси дүньядан өткеннен кейин де оған саўап жетип турыўына себепши болатуғын жети әмелден бири. Сондай-ақ, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз үмметлерин дийқаншылық, атап айтқанда, терек егиўге шақырып, былай деген: «Егер қыямет күни болып қалса да, бириңиздиң қолында нәли болса, оны егип алсын» (Бухарий ҳәм Аҳмад рәўияты).

Бүгин, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси басламасы менен қоршаған орталықты кѳгалландырыў ҳәм абаданластырыў мақсетинде пайтахтымызды мешитлер, медресе, зияратгаҳ ҳәм қәбирстанлар әтирапларына нураный аталар, диний шѳлкем хызметкерлери кѳмеги менен мийўе ҳәм декаратив тереклер егиў иләжы ѳткерилди.

Иләжға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары Р.Нуразизов ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовлар қатнасты.

Ҳақыйқатында да, қайырлы истиң ерте-кеши жоқ. Келиң әзизлер, имканиятымыз, қүдиретимиз бар екен, усы садақа әмеллерден болған терек егиўге, өзимиз жасап атырған үлкемизди жасыл аймаққа айландырыўға, елимизди және де кѳгалландырыўға ҳәм абад қылыўға асығайық.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер

Сергеклик