Фото

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы пайтахтымыздағы «Ережеп бий» мешитинде тараўиҳ намазын оқыды

02 Апрель, 2024 72

Мүбәрек Рамазан айының ҳәмме күнлери де, түнлери де берекетке толы. Оның ақырғы он күнлиги басқаларына салыстырғанда үлкен өзгешелик ҳәм жоқары пазийлетлерге ийе. Сол себепли усы күнлерди ғәниймет билип, мешитлерде диний-мǝрипий мазмунда сǝўбетлесиў ѳткериў ҳǝм тараўиҳ намазын оқыў даўам етпекте.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов реже тийкарында нәўбетпе-нәўбет тараўеҳ намазларына мешитлерге бармақта. Ол жерде жәмәәт пенен ушырасып, сәўбетлесиўлер ѳткермекте, мүрәжәәтлерин үйренбекте.

Бүгин, қазыят қазысы пайтахтымыздағы шетки аймақта жайласқан «Шадлы аўыл» елатындағы «Ережеп бий» мешитине барды. Ол жердеги тазалық, кѳгалландырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты. Соң жәмәәтке «Ата-ананың разылығын табыў перзенттиң миннети», «Тынышлық - уллы инам», «Ўатан – муқәддес дәргәҳ», «Жаслар тәрбиясына итибар» мазмунында сәўбетлести.

… Жәмәәт пенен тараўиҳ намазын оқыды. Тараўиҳ намазынан соң елимиздиң тынышлығын сорап дуўалар қылынды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер