Фото

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Хожели районындағы мешитлерди барып кѳрди

31 Март, 2024 64

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов Хожели районындағы мешитлерде исленип атырған жумыслар менен танысты. Дәслеп, райондағы орайлық «Пирим ийшан» мешитиндеги жумысларды кѳрди. Жәмәәтке «Рамазан айының ақырғы он күнлиги пазийлети», «Елимиздеги тынышлық ҳәм қәтержамлықтың қәдирине жетиў», «Перзент тәрбиясы ҳәм оларды илим алыўға қызықтырыў» мазмунында сәўбетлести ҳәм пешин намазын оқыды.

Соң район бас имамы И.Шерниязов пенен бирге «Муҳаммад Карим» мешитине барды, ол жердеги шараятлар менен де танысты, мешит әтирапына мийўели ҳәм декаратив тереклер екти. Мешит аймағынан «Муҳаммад Карим» мешитиниң жаңадан қурылып атырған имаратындағы қурылыс жумыслары менен де танысты, қурылысшыларға ҳарымасын айтты.

Сапар жуўмағында Хожели районы «Сарышүнгүл» мәҳәллеси аймағынан жаңадан бой тиклеп атырған мешиттиң де қурылыс-оңлаў жумысларын барып кѳрди, қурылысшылар менен ушырасты ҳәм олардың жумысларына ҳарымасын айтып, ҳақларына дуўалар қылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер