Фото

Рамазан — қайыр-сақаўат айы

30 Март, 2024 82

Аллаҳ таала: «Рамазан айы, адамларға ҳидаят, туўры жол ҳәм (ҳақ пенен наҳақты) ажыратыўшы ҳүжжетлерден ибарат Қуран нәзил етилген (ай)», деп баян етеди (Бақара сүреси 185-аят).

Қуяштың басқа планеталарына салыстырғанда үстинлиги сыяқлы, Рамазан айы да басқа айларға салыстырғанда үстин ҳәм пазийлетли ай. Аллаҳ таала Рамазан айын басқа барлық айлардан жоқары дәрежеге кѳтерди. Оны көплеген уллы пазийлетлер ҳәм уллы жеңилликлер менен белгили етти.

Анас разияллаҳу анҳудан рәўият етиледи: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўә саллам: “Ең абзал садақа Рамазанда етилген садақадур”, деди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы бәрше мешитлер ѳзлериниң ишки имканиятларынан келип шығып ҳәм қәўендерлер кѳмегинде Рамазан айы мүнәсибети менен мәҳәллелердеги жәрдемге мүтәж, кем тәмийнленген, бағыўшысынан айрылған ҳәм нәгиранлығы болған пуқараларғы азық-аўқат ѳнимлеринен материаллық жәрдемлер бермекте. Әлбетте мүтәжлерге жәрдем бериў, олардың ҳалынан хабар алыў да саўап әмеллерден.

Аллаҳ таала усы айда қылынатуғын барлық ибадатларымыз, атап айтқанда, хайыр-садақаларымызды Ѳз дәргаҳында қабыл еткей!

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер