Фото

Дин атынан бузғыншылық етиўшилер - Аллаҳға ҳәм ақырет күнине исенбейтуғынлар

09 Апрель, 2024 78

Бүгинги күнде экстремизм ҳәм терроризм тек ғана айырым мәмлекетлердиң миллий қәўипсизлигине, бәлки жәҳән жәмийетшилигине салдамлы абай салып атырған факторға айланып үлгерди. Терроризм миллет ямаса дин таңламайды, оны қандайда бир миллет ямаса динге байланыслы деп баҳа бериў улыўма надурыс. Ҳақыйқатта да, терроризмди ҳеш қайсы дин, ҳеш қайсы миллет ақламайды. Атының өзи-ақ тынышлық ҳәм аманлықты аңлатиўшы Ислам террорды абсолют қаралап келген. Экстеризм ҳәм терроризм ислам ҳәм ислам үмметине жат. Мѳмин-мусылман қолы менен, тили менен биреўге азар бермейди. Экстеризм ҳәм терроризм болса өзгелерге зорлық-зомбылық қылыў, өзгелерге азар бериў болып табылады. Өзгелерге азар бериў, өзгелерге зорлық қылыў болса зулымнан басқа нәрсе емес.

Өкиниш пенен айтамыз, әсиримизде экстремизм ҳәм терроризм қәўипи артпақта. Ол сиясий турақлылықты, миллий, пуқаралар аралық ҳәм миллетлер аралық татыўлықты бузыўға, көп миллетли ҳәм көп динли мәмлекетти абройын төгиўге негиз жаратып атыр. Кеше ғана Россия мәмлекетинде тыныш халыққа қарата әмелге асырылған терроршылық ҳәрекети де буның тастыйығы болып табылады.

Бирақ муқәддес динимиз тәлийматларының түп мәнисин аңламаған мусылманлар, әсиресе, мусылман жасларының террор қатнасыўшысына айланып қалыўы, дин ҳәм мусылман атынан түрли терраклерде қатнасыўы ашынарлы жағдай, үммет ушын мүсийбет.

Муқәддес ислам дини зулым ҳәм зорлықтың ҳәр қандай көринисин қатаң қаралайды. Аллаҳ таала сондай марҳамат етеди: “Әлбетте, Аллаҳ әдалатқа, ийгиликли иске, ағайин-туўысқанға жақсылық қылыўға буйырады ҳәм бузықшылық, жаўызлық ҳәм зулым қылыўдан қайтарады.(Наҳл сүреси, 91-аят).

Ислам бир инсанға ҳүжим қылыўды пүткил инсаниятқа ҳүжим қылыў ямаса бир инсанның өмирин сақлап қалыўды пүткил инсаниятты сақлап қалыў, деп баҳалайды : Ҳеш кимди өлтирмеген ямаса Жер бетинде бузғыншылық қылмаған инсанды өлтирген адам, ҳәмме адамларды өлтирген киби болады. Оны тирилтсе (өмирин сақлап қалса), мисли ҳәмме адамларды тирилткендей болады(Маида сүреси, 32-аят).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сондай ескертти: “Мусылман мусылманның бирадары, оған зулым етпейди, оның масқараламайды, жәрдемсиз таслап қоймайды”. Кейин: “Тақўа мине бул жерде”, деп көкиреклерине үш мәрте белги етти ҳәм: “Мусылман бирадарын ақырет етиўи адамның жаманлығына жеткиликли дәлил”, деди (Имам Муслим рәўияты).

Абдуллаҳ ибн Масъуд разияллаҳу анҳудан рәўият етилген ҳәдисте болса Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Мусылманды сөгиў бузықлық, өлтириў болса куфир”, деди (Муттафақун алайҳ).

Ислам дини ҳәм террор бир-бирине пүткиллей кери. Ислам бир инсанды өлтириў ол жақта турсын, оған азғана азар бериўден де қайтарады. Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам: “Ҳақыйқый мусылман оның қолынан ҳәм тилинен басқа мусылманға азар жетпейтуғын адамдур”, деп айтып өткен.

Гүўасы болғаныңыздай, муқәддес динимиз инсанды нахақ қан төгиў ол жақта турсын, ҳәтте қол ямаса тил менен өзгелерге азар бериўден ескерткен. Бирақ түрли экстремистлик ҳәм терроршы шөлкемлер өзлериниң ғәрезли мақсетлеринен келип шығып, ислам тәлийматының айырым идея ҳәм принциплериниң мазмун-мәнисин бир жақлама, надурыс айтып, адамларды туўры жолынан адастырыўға урынып атыр.

Әзиз заманласлар, ҳүрметли жаслар! Адамларды Ислам дининен қорқытыў менен шуғылланатуғынлар - Аллаҳға ҳәм ақырет күнине исенбейтуғын жаўыз кимселер болып табылады. Сол себепли, олар ҳәр қандай жарамсыз истен қайтпас екен, мусылманларды жаман атлы қылыў, жала жаўыў, көплеген террактлер ислеўден де тап тартпайды. Бундай қыңғырлықларды қандай да көринбес күшлер қолында қуўыршақ болып атырған исламды нықап еткен топарлар мойнына қойып, мүбәрек Ислам дини менен байланыстырыўға ҳәрекет етеди. Бул жаўыз күшлер динимиздиң руўхый-ағартыўшылық идеялары ҳәм жан бағышлайтуғын үгитлерин өзлериниң жеркинишли мақсетлерине жетиўинде тосық деп биледи ҳәм оны жоққа шығарыў ушын жан-тәни менен ҳәрекет етеди ҳәм де бул мақсет жолында ҳәр қандай жаманлықты етиўге тайын. Сиз болса олардың бундай өтирик ҳәм пуш даўаларына ушпаң!

Жуўмақлап айтамыз, терроризм ҳәм экстеризмнен сергек ҳәм абайлы болыўымыз, оннан өзимизди ҳәм перзентлеримизди узақ тутыўымыз бәршемиздиң миннетимиз болып табылады.

Убайдуллоҳ АБДУЛЛАЕВ, Ферғана ўәлаяты бас имам-хатиби.

Muslim.uz сайтынан Шоманай районы «Шоманай» жоме мешити имам-хатиби Б.Амедов таярлады.

Тэглер