Фото

Мәнәўий қәўиптен сақланайық

17 Апрель, 2024 244

Халқымызға исеним мәселесинде еркинликлер берилип, диний қәдириятларды қайта тиклеў, мәнәўиятты раўажландырыў бағдарында көп жумыслар исленди. Усының нәтийжесинде журтымызда миллетлер ҳәм конфессиялар арасында татыўлық, кеңпейиллик ҳүким сүрип атырғанын айрықша атап өтиўге болады. Деген менен, динге исеним еркинлигинен ғәрезли мақсетлерде пайдаланыўшылардың табылып атырғаны да әйне ҳақыйқат. Бундайлардың айырымлары муқәддес динимиздиң атынан ис жүргизип, оған дақ түсирип атырған экстремистлик ҳәм террористлик ағымлар ҳәм шөлкемлер болса, басқалары христиан динин нықап етип алған секталар ҳәм олардың миссионерлери болып есапланады.

Ҳәзирги күнде миссионерлер кирип бармаған тараў ҳәм олар ис алып бармай атырған елди, аймақты дүньяда табыўдың өзи қыйын. Миссионерлик ҳәрекети кең жәмийетшиликти тәшўишке салмақта. Буның себеби, миссионерлик ҳәрекети астында узақты гөзлеген сиясий мақсетлер жатады. Дүньяның раўажланған ири мәмлекетлери бул ҳәрекет жәрдеминде өз тәсир шеңберлерин кеңейтиўге, басқа бир аймақтағы жер асты байлықлары ҳәм энергетика қорлары үстинен қадағалаў орнатыўға урынбақта. Соның ушын да раўажланған ири мәмлекетлердеги айырым орайлар миссионерлерди материаллық ҳәм руўхый жақтан турақлы түрде қоллап-қуўатлап келмекте.
Миссионерлер түрли регионларға илимий, медициналық хызметкер, ҳәр қыйлы кәсип-өнер қәнийгелери, исбилермен келбетинде арнаўлы тапсырмалар менен кирип барады. Соң жергиликли халықты ҳәр қыйлы жоллар менен өзлерине аўдыра баслайды. Буған ерисиў ушын халықтың кем тәмийинленген қатламына бийпул медициналық жәрдем көрсетеди, түнги клубларда ҳәр түрли иләжлар өткерип, жасларды өзлерине тартады, өз секталарына ағза болыўға мейиллерди анықлап, оларға «қалыс жәрдем» иретинде мәлим муғдарда пул береди ҳәм өз жәмәәтине мирәт етеди. Сондай-ақ ер адамларға салыстырғанда ҳаял-қызлардың көбирек тәсиршеңлигинен ҳәм жаслардың дүньяға көз-қарасы жетерли дәрежеде қәлиплеспегенлигинен өзлериниң ғәрезли мақсетлери жолында пухталық пенен пайдаланыўға урынады. Өйткени, әсиресе жаслар жаңа күш сыпатында бәрқулла керек болады. Жас өспиримлерди болса, жазғы дем алыў орайларына бийпул қабыллап, усындай жоллар менен оларды өз секталарының тәлийматларын қабыллаўға шақырады.

Бүгинги күндеги секталар ҳәм оларға қосылыўға үгитлеп атырған миссионерлердиң жәмийетимиз раўажына жеткизетуғын зыянлары ҳаққында сөз барғанда төмендегилерди келтирип өтиўге болады.
Бириншиден, миссионерлик нәтийжесинде белгили бир динге сыйыныўшылар арасына дәстүрий диннен тысқары өзге дин кирип келеди. Оның изинен дүньяға өзгеше көз-қарас, сол жамәәтке жат үрип-әдет те жайыла баслайды. Бул өз гезегинде адамлар арасында дин, исеним, пикирлеў жағынан бөлиниўди ҳәм қарама-қарсылықты келтирип шығарады.

Екиншиден, үгитлеўлер нәтийжесинде бир динди екинши диннен үстин қойыў, өз дининдегилерге басқа мүнәсибет, ал өзге диндегилерге өзгеше мүнәсибет қәлиплеседи ҳәм бул шаңарақ, туўысқанлық, қоңсышылық ҳәм де жәмийеттиң тилеклеслигине айтарлықтай унамсыз тәсир көрсетеди.

Үшиншиден, бундай болып бөлиниў адамлардың душпанласыўына, жәмийеттеги машқалаларды аўызбиршилик пенен шешпеўине, ақыр-ақыбет экономикалық, социаллық, сиясий салаларда да машқалалардың келип шығыўына алып келеди.

Төртиншиден, өзгелердиң тәсир етиў шеңберине түскенлердиң миссионерлерге бағынышлы болып қалыўы, олардың буйрықларына, көрсетпелерине сөзсиз бойсыныўы нәтийжесинде жаман ислерге де қол урылады.

Улыўма айтқанда бул усыл, яғный миссионерлик ҳәрекетинен пайдаланыў мәмлекет ҳәм жәмийетти ыдыратыў, руўхый жарлыландырыў, өз машқалалары менен бәнт еттирип, тыныш-татыў елдиң басқа әҳмийетли ўазыйпаларынан шалғытыўдың ең жақсы қуралы есапланады.
Жоқарыда айтып өтилгенлердиң өзи-ақ секталар ҳәм олардың үгитлеўшилери жәмийет ҳәм мәмлекетке қәўип туўдыратуғынлығына жетерли дәлийл бола алады. Өз-ара татыў жасап атырған халықты, абадан елди келешекте жаман нәтийжелерге еристириўге умтылыўшы күшлердиң өз үгитлеўшилерин ҳәр дайым қоллап-қуўатлап турыўы, оларға қарсы гүрестиң узаққа созылыўына себеп болатуғыны турған гәп.

Даўамы бар…

Аминжан Набатов, Нөкис қаласы «Сәлмен ийшан» жоме мешити имам-хатиби.

Тэглер