Фото

Миллий қәдирият мазмунында иләж ѳткерилди

23 Апрель, 2024 57

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларға тийкарланған күшли мәнәўиятқа таянамыз» сүрени тийкарында республикамыздағы жоқарғы оқыў орынларында үгит-нәсият иләжларын ѳткериў шѳлкемлестирилген.

Иләжда Жаңа Ѳзбекстанның билимлендириў реформалары ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар муўапықлығын үгит-нәсиятлаў, руўхый-әдеп-икрамлылық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар үстемлигине ерисиў, сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў белгиленген.

Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ѳткерилген «Бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларға тийкарланған күшли мәнәўиятқа таянамыз» сүрени тийкарында ѳткерилген иләжда қатнасып, университет оқытыўшылары ҳәм студант жасларға динимизде миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик мазмунында баянат жасады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер