Фото

ТЫНЫШЛЫҚ – МƏМЛЕКЕТИМИЗ РАЎАЖЫНЫҢ ГИРЕЎИ!

29 Апрель, 2024 46

Жаратқанныӊ бизге үлкен инамларынан бири тынышлық неъматы болып есапланады. Тынышлық неъматы басқа неъматларға байланыслы неъмат болып, себеби басқа неъматлардыӊ бар болыўы ҳәм толық болыўы усы неъматқа тиккелей байланыслы есапланады. Егер бул неъмат жоғалса, басқа неъматлар да жуўмағына жетеди яки қәдири қалмайды. Улыўмаластырып айтатуғын болсақ, тынышлық ҳәм қәтержамлық неъматы кеӊ қамтыўлы неъмат болып, басқа неъматлардыӊ жүзеге келиўи усы неъматтыӊ беккем турыўы менен өлшенетуғын неъмат болып есапланады. Соныӊ ушын да, динимиз тынышлық дини, қәтержамлық дини болып есапланады. Керек болса, тынышлық ушын мал-дүнья сарыпланады, жанлар пидә қылынады. Өйткени, динимизде жеке мәптен гөре жәмийеттиӊ мәпи жоқары орында турады. Солай екен, ҳәр бир мусылман өзиниӊ имканиятынан келип шыққан ҳалда, қәнийгелиги ҳəм ийелеп турған мәртебесинен келип шығып, тынышлықты сақлаўға жуўапкер есапланады. Мәселен имам адам өзиниӊ үгит-нәсиятлары менен, мал-мүлк ийелери мал-мүликлерин сарплаў менен ал, куш-қуўат ийеси өзиниӊ күшин сарплаў менен тынышлықты сақлаўға тиккелей миннетли есапланады.

Тынышлық еӊ үлкен инам болғанлығы себепли, Аллаҳ таала динимизди «Ислам» деп атаўында үлкен ҳикмет бар. Ислам сөзи өзиниӊ астында «тынышлық», «қәтержамлық» ҳәм «саламаталық» деген мәнилери бар. Дүньяда ҳеш бир дин бундай атама менен аталмайды. Динимиздеги ҳәр қандай ҳүкимлер, ол әмелий болсын, итиқадий болсын, мәмилеге тийисли ҳүкимлер болсын бәршесиниӊ астында тынышлықты орнатыў ҳәрекети бар. Аллаҳ таала Қурани Кәриймде:

“Дүзетип қойғанынан кейин Жер бетинде бузғыншылық қылмаң! Оннан қорқып, үмит пенен дуўа қылың! Әлбетте, Аллаҳтың мийрими шырайлы ис қылыўшыларға жақын”, – деп келтиреди.

Пайғамбарымыз алайҳиссалам ҳәдиси шәрийфинде: “Ҳақыйқый мусылман – басқалар оныӊ тилинен ҳәм қолынан аманда болған мусылман”, деген.

Биз жоқарыда айтып өткенимиздей ҳүким әмеллеринен есапланған Намазды алып қарасақ. Аллаҳ таала Өзиниӊ китабы болған Қуранда “Әлбетте, намаз бузық ҳәм мункар истен қайтарады” деген. Исламныӊ сүтинлеринен бири болған ораза әмелин алып қарайтуғын болсақ. Ораза тутқан адамға шәриятымызда өтирик сөйлеўге, жаман сөз айтыўға болмайды деп есекертиўи, егер оразадар адамға биреў жаман гәп айтылса, мен ораза туттым, деп ескертсин деген көрсетпелери Исламныӊ қәншелли тынышлық сүйер дин екени көзге тасланады.

Бүгинги арасатлы дүнья тынышлық, парахатшылық, абадан турмысты, жәмийеттиң мәмлекеттиң раўажланыўын қәлеўши ҳәрбир пуқарадан сергекликти талап етеди. Себеби, бәрше мәмлекетлер де тынышлықты гөзлеп раўажланып атырғаны менен халық арасына иритки салып, әсиресе мусылманлар арасында экстремистлик кейпиятлар пайда етиўши, бузғышы идеялар менен қуралланған, терроризмди қоллап-қуўатлаўшы айырым ағымлар, шөлкемлер, олардың жер шарының түрли мәмлекетлеринде алып барып атырған бузғыншылық ислери нәтийжесинде жәбир көрип атырған халықлар аз емес.

Егер Ислам айрым европа мәмлекетлериниӊ “жаршылары” даўагерлик қылып атырғанындай Ислам дини ҳақыйқатында “террор дини” яки “экстремизим дини” болғанында ақыл еси жайында болған инсаният әлле қашан бул диннен узақласып, Исламныӊ аты да қалмаған болар еди. Мине тарийхтан белгили он төрт әсирден аслам ўақыт даўамында Исламныӊ жер жүзине кеӊ қулаш жайып, мусылманлар тәрепинен ашық жүзлилик пенен қабыл етилиўи бул динниӊ қәншеллик тәрбиялық, әдеп-икрамлылық ҳәм мәнәўий қәсийетлерге бай екенин көрсетип турыпты. Соныӊ менен бирге ата-бабаларымыз бул динди беккем услап, оған әмел етип ҳәм әўладтан әўладқа мийрас қалдырмаған болар еди. Ислам Аллаҳтыӊ ҳақыйқый иләҳий дини болғаны себепли қыяметке шекем мәнги даўам етеди.

Еӊ ашынарлысы ҳәзирги күнде айырым инсанлар Ислам дегенде қандай да бир кимселер тәрепинен нықап қылып алған унамсыз нәрселерден ибарат, деп түсинип қалған. Бул надурыс түсиник болып, Исламды усындай унамсыз ислерге бай, қәўипли ҳәрекеттеги исенимге айналдырмақшы болған дин душпанларыныӊ режелериниӊ жемиси болып есапланады.

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким өз үйинде аманлықта, денеси саламатлықта, күнлик тағамы болған ҳалда таң аттырса, тап оған пүткил дүнья жәмленгендей болады", - деди.

Шолыў: Демек, Нәбийимиз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам үш әҳмийетли нәрсени айтып өтипти: бири – аманлық, тынышлық екиншиси – саў-саламатлық, үшиншиси – жетерли тағам. Бул дүньяда инсанның ең жақсы жағдайы мине сол, үш нәрсеге ийе болған жағдайы екен. Соған ерискен адам "аҳўалым оғада жақсы" деп шүкир етип жүрсе болады.

Адамның үйине, шаңарағы, бала-шағасына биреў қәўип салмаса, саламат болса, дәрти жоқ болса, жейтуғын тағамы болса, бундай адам жүдә уллы бир бахыт-саадатқа ерискен болар екен. Бизлер буны күтә терең түсинип жетиўимиз керек. Усы жағдайлардың өзимизде болыўы Аллаҳ тааланың үлкен неъматы екенин аңлап жетиўимиз ҳәм Оған шүкирлик етиўимиз лазым. Егер бундай қылмасақ, нашүкир боламыз.

Ислам дини дәслепки дәўирде-ақ, өзинен алдынғы динлерге ҳеш қан-дай зорлық өткизбеди, ҳәр түрли топар ҳәм жөнелислерге қарсы душпанлық қылмады. Кеңпейиллик инсанның тәбиятына тән болып, Аллаҳ таала инсан-ды усы тәбиятта жаратқан.

Аллаҳға шексиз шүкирлер болсын, елимиз тыныш, халқымыз пәраўан, турмыс кеширмекте. Дүньяның түрли мүйешлеринде жүз берип атырған ҳәр түрли қураллы соқлығысыўларды көрип, тынышлықтың қәдирин және де тереңирек аңлап атырмыз.

Әне сол тынышлық-парахатшылықтың факторларынан бири елимизде диний кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлыққа мәмлекет сиясаты дәрежесинде итибар берилиўи есапланады. Елимизде 130 дан зыят миллет ҳәм елат ўәкиллери 16 конфессияға итиқад қылып киятырғаны сөзимиздиң дәлили.

Пайғамбарлар инсанларға жасаўда, мәмиледе, пазыйлетте, бәрше инсаныйөз-ара қарым-қатнаста, сондайақ кеңпейилликте де өрнек болды.

Олар ҳеш бир миллет басқасынан үстин емеслигин илаҳий тәлиймат арқалы баян етип берди, және де инсанлардың бир-бирлеринен артықлығы, абзаллығы тақўа менен болыўын уқтырды.

Барлық дәўирде төмендеги еки нәрсе себепли тынышлық ҳүким сүрген. Олардың бири – Аллаҳ тааланың жалғызлығы. Екиншиси инсанияттың аўыз-биршилиги. Демек, мусылман адам басқа диндеги ҳәм басқа миллет ўәкил-лери менен инсаныйлық қатнасықларды жолға қойыўы керек.

Аллаҳ таала былай дейди: «Ҳәй инсанлар! Әлбетте, биз сизлерди бир еркек (Адам) ҳәм бир ҳаял (Ҳаўўа)дан жараттық, ҳәмде бир-бирлери-ңизди таныўларыңыз ушын сизлерди (ҳәр түрли) халықлар ҳәм қәўим-лер етип қойдық» (Ҳужурaт сүресиниң 13-аяты)

Ислам дини барлық халықлар менен олардың дини, расасы, миллети қандай болыўына қарамастан татыўлықтажасаўға үндейди.

Ғәрезсизлик шарапаты менен бир жүз отыздан аслам миллет ўәкиллериниң ҳүр ҳәм азат диярда тынышлық, татыўлық ҳәм емин-еркин жасаўы Ўатанымыздың кеңпейиллик үлкеси екенлигин айқын дǝлийли. Олардың өз-ара бир-бириниң исенимлерине ҳүрмет руўхында жасап келиўиниң өзи Аллаҳ тааланың халқымызға берген үлкен неъматы болып есапланады.

Әлбетте жәннет мәкан журтымыздың тынышлығы ҳәр биримиз ушын жүдә қәдирли, демек ўатанымыздың тынышлығын асраў ҳәр бир пуқараның миннетли ўазыйпасы деп билиўи тийис.

Абдикаримов Раҳматулла Имямин улы, Тахияташ районы, «Муҳаммад Мурод ийшан» жоме мешити имам-найыбы.

Тэглер