Ҳаж

ҲАЖ

Ислам дининде парыз болған әмел ҳәм ибадатлардың бесиншиси Мәккәи Мукаррамаға барып ҳаж қылыў.

-Ҳаж қылыў қандай адамға парыз болады?

Ақыллы ҳәм балағатқа жеткен, он еки мүшеси саў болып, Мәккәи Мукаррамаға барып қайтаман дегенше жететуғын пул-қәрежети ҳәм де барып қайтып келгенше үйинде шаңарақ ағзаларының напақаларына да жететуғын мал-дүньясы бар болған бай адамға парыз. Дийўана адамға, ер жетпеген балаға, пақыр адамға, бийтап адамға ҳәм соқыр адамға ҳаж қылыў парыз емес.

-Мәккәи Мукарраманың өзинде ҳәм жақын әтирапында болған пақыр адамларға ҳаж қылыў парыз бола ма?

Әлбетте, парыз болады, себеби оларға жол қәрежети керек емес, сол себепли пақыр болса да, бай адамлардың ҳүкиминде.

-Мәккәи Мукаррамадан узақ жерде болған бир пақыр адам жан-тәни менен ҳәрекет етип, тырысып, машақатлар шегип Мәккәи Мукаррамаға жетип барса, сол пақыр адамға ҳаж парыз бола ма?

Мәккәи Мукаррамаға жақынласқанша парыз болмайды. Жақынласқаннан кейин пақыр болса да, ҳаж қылыў мүмкин болып турса, ҳаж қылыў парыз болады.

-Ҳаж қылыўдың шәрти не?

Мәккәи Мукаррамаға барғанша жолда ҳәр түрли апат ҳәм зыянлардан тыныш ҳәм аманлықта болыў.

-Ҳаялларға ҳаж қылыў парыз ба?

Дәўлети ҳәм саламатлығы болып, өзи менен бирге барыўға күйеўи ямаса бир мәҳрем ағайини болса, парыз болады, жалғыз өзи бармайды.

-Өмири ишинде неше мәрте ҳаж қылыў парыз?

Бир мәрте ҳаж қылыў парыз, екинши мәрте ҳаж қылыў нәпил ибадат болады.

-Ҳаж қылыў парыз болып турған адам сол жылы ҳаж қылалмай кейинги жылға қалдырса, дурыс бола ма?

Дурыс болмайды, жол қәўипсиз ҳәм аманлық болғанда тезлик пенен ҳажды орынлаўы лазым.

-Жол тыныш болмағанда қалдырса-ше?

Тынышлық болғанша қалдырып турса, дурыс болады. Бир адамға ҳаж парыз болып ўақтында орынлай алмаса, оннан соң жол жүриўге қүдирети жетпейтуғын дәрежеде әззи, қуўатсыз болып қалса, ол адам өз орнына басқа адамды жиберип, ҳаж қылдырыўы лазым болады.

-Өзинен басқа адамды жиберип, ҳаж сақыт болса, екинши мәрте өзине ҳажға барыў лазым емес пе?

Әззилик, қуўатсызлық пенен өлип кетсе, ҳаж мойнынан сақыт болады, ҳаж қылған адамның ҳүкиминде кетеди. Бирақ, бир адамды жиберип ҳаж қылдырғаннан соң ден-саўлығы күшейип, қуўатланып кетсе, сол ўақытта жетерли мал-дәўлети болса, екинши ҳаж қылыў оған парыз болады.

-Сол әззи адамға өзи тири ўақтында басқа адамды жиберип ҳаж қылдырмай өлип кетсе, не болады?

Ҳаж қылдырың, деп ўәсият қылған болса, қалған мал-дүньясының үштен биринен балалары ҳаж қылдырады, бундай ҳаж-ҳаж бадал делинеди.

-Ҳаж әмеллери қайсы айда қылынады?

Зулҳижжа айында қылынады.

-Ҳаждың парызы нешеў?

Ҳаждың парызы үшеў: бириншиси иҳрам, яғный ҳажды кеўли менен нийет қылыў; екиншиси Мәккәи Мукарраманың сыртында жайласқан Арафат деген таўда тоқтап зикр дуўада болып турыў; үшиншиси Мәккәи Мукаррамада Кааба атлы мүбәрек үйди таўап етиў, яғный айланыў.
Ескертиў: көпшилик адамлар иҳрам деп нийет қылған ҳалда байлайтуғын таўарды айтады. Бул – қәте, себеби, «иҳрам»ның мәниси нийет етиў дегени, ал ол таўар ҳажылардың иҳрамда болған ҳалындағы липаслары, ғана.