Ҳаж

​ИҲРАМЛЫ АДАМ

-Муҳрим адам қандай ислерди қылыўы ҳәм қайсы ислерден сақланыўы лазым?

Әдептен тысқары сөз сөйлеў, ҳаялы менен жақынлық қылыў, гүна ислерге қол урыў, бир-бири менен бақырысып-шақырысыўдан сақланыўы лазым. Муҳрим адам қурғақлық жерлердеги ҳайўанларды өлтирмейди, ийне менен тигилген кийимлерди киймейди, аяғына мәси, етик ҳәм шулық киймейди. Жүзин ҳәм басын бир нәрсе менен бекитпейди, хош ийисли нәрселер сүртпейди, тырнағын, шашын ҳәм басқа түклерин алдырмайды, шаш-сақалын тарамайды ҳәм майламайды, ҳаж әмеллери таўсылғанша жалаңбас, жалаңаяқ, ақ иҳрам липасы менен жүреди. Тәлбия оқылатуғын ҳәр бир жерде тәлбия айтады.

-Иҳрамда болғанда қылыўы дурыс болмаған бир исти қылып қойса, не болады?

Ҳаж китапларында баян етилген тәризде ол адамға бир ҳайўан сойыў яки садақа қылыў лазым болады.

-Муҳрим адам қайсы ислерди қылса, дурыс болады?

Жеў, ишиў, уйықлаў, таҳәрат алыў, ғусыл қылыў, белине ақша салынатуғын кисеси бар қайысты байлаў, саябан менен саяланыў ҳәм аяғына қысқа жазғы галош кийиўи мүмкин.

-Ҳаж әмеллеринде ҳаяллардың еркеклерден парқы бар ма?

Бар. Ҳаж әмеллеринде ҳаяллар еркек адамнан төмендеги алты түр әмелде парықланады:

  • Иҳрам липасын киймейди, ал өз липасларында жүреди.
  • Ийне менен тигилген липасларды кийе береди.
  • Баслары ашық жүрмейди.
  • Тәлбияны ишинен айтады.
  • Иҳрамнан шыққанда шашларын алдырмайды да қысқартпайды да.
Егер, ҳайызлы болса, ҳайыздан пәк болғанша парыз таўапты қылмай турады, пәк болғаннан соң қазасын қылады.