Ораза

АЙ КӨРИП ОРАЗА ТУТЫЎҒА КИРИСИЎ

-Рамазан айының басы қайсы күн болады?

Шаъбан айының жигирма тоғызыншы, ақырғы күнниң түнинде ҳилал, яғный жаңа туўылған ай көринсе, ертеңине рамазан оразасы басланады.

-Шаъбан айының жигирма тоғызыншысында ай көринбесе, не болады?

Шаъбан айын отыз қылып, отыз биринши күни рамазан басы, деп есап қылынады.

-Питир ҳайыты қайсы күни болады?

Шәўўәл айының биринши күнинде болады. Рамазан айының жигирма тоғызыншы ямаса отызыншы күни түнде шәўўәл айы көринсе, ертеңине питир ҳайыты күни болады.

-Отыз күн ораза тутқаннан соң кешқурын шәўўәл айы көринбесе, не болады?

Рамазан айының басы гүман менен есап қылынбаған болса, ертеңи питир ҳайыты күни болып есапланады. Егер рамазан басы гүман менен есап қылынған болса, отыз бир күн ораза тутылады, отыз екинши күни питир ҳайыты болады.

-Ай көриў ҳаққында неше адамның гуўалығы лазым?

Күн батқан ўақытта булт болмаса, таза айды көп адам көриўи шәрт. Бир, еки, үш адамның сөзи қабыл етилмейди. Бирақ егер жоқарыда булт болса, ораза тутыў ушын қәлесе еркек адам болсын, қәлесе ҳаял адам болсын, бир әдил адамның сөзи қабыл етиледи. Бирақ, оразадан шығыў питир ҳайыты ушын еки әдил еркек ямаса бир әдил еркек ҳәм еки әдил ҳаял көрип гуўалық бериўи лазым.

-Кимлер әдил адам есапланады?

Үлкен гүналардан өзин сақлаўшы ержеткен, еси дурыс ҳәмде кәмил мусылман адамлар әдил саналады.

-Шаъбанның жигирма тоғызыншы күни жаңа ай көринбей қалса, отызыншы күни қайсы айдан есап қылынады?

Шаъбан менен рамазан арасындағы күн жолдасқа уқсас болады. Ол күн шаъбанның отызыншы күни болыўы да мүмкин, рамазанның биринши күни болыўы да мүмкин, сол себептен ол шәк (гүманлы) күни, деп аталады.

-Шәк күнинде не қылыў лазым?

Ҳәр бир инсан күн аўған ўақыттан алдын ай көрингени ҳаққында хабар келип қалыўы мүмкин, деп оразада болыўы лазым.

-Ай көринди деп хабар келсе ҳәм султан қабыл етсе, не қылынады?

Хәр бир адам нийет қылып ораза тутады.

-Ай көрингениниң хабары жетпесе, не қылынады?

Ҳәр ким жеп-ишип жүреди, ораза тутпайды.

-Шәк күнинде ораза тутыў дурыс бола ма?

Рамазан оразасы деп нийет қылып ораза тутыў дурыс болмайды, бирақ нәпил ораза тутыў дурыс болады. Егер шәк күни нәпил ораза нийет қылынғаннан соң сол рамазанның биринши күни екени мәлим болса, сол тутқан оразасы рамазан оразасынан есапланады.