Зәкат

ЗӘКАТТЫҢ ПАРЫЗЛЫҒЫ ҲӘМ ПАЗЫЙЛЕТИ ҲАҚҚЫНДА

Аллаҳ таала:

«(Ҳәй мөминлер!) Намазды кәмил оқың, зәкатты бериң ҳәм пайғамбарға бойсының. Қәнекей, (сонда) рейим қылынсаңыз», – деген («Нур» сүреси, 56-аят).

Шолыў: Кирисиўде Қураны кәриймде зәкат намаз бенен бирге жигирма жети жерде зикир етилгенин айтып өткен едик. Усы аят, мине, усылардың бир үлгиси.

Аллаҳ таала намаз оқыўға қалай буйырған болса, зәкат бериўге де, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға итаат қылыўға да сондай буйырмақта.

Демек, намаз қандай парыз болса, зәкат та сондай парыз. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға итаат қылыў ҳаққындағы буйрық қанша күшке ийе болса, зәкат бериў ҳаққындағы буйрық та сонша күшке ийе.

Намаз оқыўды, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бойсыныўды, сондай-ақ, зәкат бериўди де инкәр еткен бенде кәпир болады.

Намаз оқыўда, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бойсыныўда кемшиликке жол қойған адам гүнакар болғанындай, зәкатты орынлаўда кемшиликке жол қойған адам да гүнакар болады.

Намазды оқып, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға итаатта болған инсан шын мусылманлық әмеллерин орынлаған есапланғанындай, зәкатты орынлаған адам да шын мусылманлық әмелин орынлаған есапланады.

Намазды оқыған, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға итаат еткен адам жәннетке ерискениндей, зәкатты орынлаған адам да жәннетке ериседи.

Аллаҳ таала:

«Олардың мал-дүньяларынан садақа ал. Буның менен оларды пәклейсең, тазалайсаң ҳәм олардың ҳаққына дуўа қыл! Әлбетте, сениң дуўаң олар ушын – тәселле. Аллаҳ – Еситиўши, Билиўши», – деген («Тәўбә» сүреси, 103-аят).

Шолыў: Аллаҳ таала усы аятта Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға мал-дүньясы нисабқа жеткен мусылманлардың мал-дүньясынан зәкат алыўға буйырмақта.

Зәкаттың бир атамасы садақа есапланады. Бизде «садақа» сөзи өз ықтыяры менен берилген қайыр-иҳсанға айтылса да, араб тилинде «зәкат»ты билдиреди. «Зәкат»ты «садақа» деў, «садақа» сөзинде тастыйықлаў мәниси бар екенлиги ушын. Себеби, өз мал-дүньясынан ийман-ықлас пенен зәкатты шығарып бериў адамның ийманы ҳақыйқый екениниң тастыйығы.

Демек, бул аят та зәкаттың парызлығын ашық-айдын көрсетип тур. Аллаҳ таала зәкат алыў мусылманларды пәклеў ҳәм тазалаў ушын зәрүр екенлигин айтып өтпекте.

Биз «пәклейсең» деп аўдарған сөз араб тилинде материаллық, денени тазалаўға қолланылады. Ал, «тазалайсаң», деп аўдарған сөзимиз руўхый, мәнаўий тазалаў мәнисинде қолланылады. Буннан зәкат мусылманлар ушын, мине, усындай үлкен пайдалар келтириўин билип аламыз.

Аллаҳ таала:

«Сизлерден ийман келтирген ҳәм напақа қылғанлар ушын үлкен саўаплар бар», – деген («Ҳадийд» сүреси, 7-аят).

Шолыў: Ийман менен напақа бирге болғанда инсанға үлкен пайда келтиреди екен. Бул аятта мөминлерди зәкат ҳәм басқа материаллық ибадатларға шақырыў бар.

Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады:

«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Муаз ибн Жабалды Яманға жиберип атырып, оған төмендегилерди айтқан:

«Әлбетте, сен әҳли китап қәўиминиң алдына барасаң. Олардың алдына барсаң, оларды «Лә` илә`ҳә иллалло`ҳу ўә әннә Муҳаммәдәр Росу`лулло`ҳ», деп гүўалық бериўге шақыр.

Егер олар саған бул исте бойсынса, Аллаҳ оларға ҳәр күни бес ўақыт намазды парыз қылғанын айт.

Егер олар саған бул исте де бойсынса, Аллаҳ оларға олардың байларынан алынып, жарлыларына берилетуғын садақаның парыз қылғанын айт.

Егер олар саған бул исте де бойсынса, жақсы мал-дүньясын алыўдан сақлан. Мазлумның дуўасынан қорқ. Себеби, ол (дуўа) менен Аллаҳтың арасында перде жоқ», – деди».

Бесеўи рәўият қылған.

Шолыў: Пайғамбарымыз саллаллаху алайҳи ўа саллам оныншы ҳижрий сәнеде, хошласыў ҳажынан алдын Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳуды Яманға ўәлий, қазы ҳәм муғаллим қылып жиберген. Бул уақыя жүдә белгили болып, ол ҳаққында көплеген ҳәдислер түрли мәнидеги баянларды сәўлелендирген. Олардың ҳәр бири Ислам мәмлекети басшысы тәрепинен шет ўәлаятларға ўәлий, қазы ҳәм муғаллим жибериў исинде үлги, қолланба ўазыйпасын атқарады.

Бул ҳәдиси шәрийфте де Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның уллы басшылық усылы, өз ўәкиллерин жиберип атырған журт ҳәм оның шараятлары, адамлардың мағлыўматларын қалай есапқа алғаны ашық-айдын көринип тур.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның:

«Әлбетте, сен әҳли китап қәўиминиң алдына барасаң», дегенин яманлылар яҳудий яки нас­раный екен, деп түсинбеў керек. Яман ески мәдений орай болғаны ушын, ол жерде оқыў-жазыўды билетуғын, илимли, Таўрат ҳәм Инжилден хабардар адамлар бар екенлиги көзде тутылып, олар китап әҳли, деп аталмақта. Демек, бир жерге ўәкил болып баратуғын адам барған жердиң адамлары менен сәўбетлескенде алжасып кетпеўи ушын бул жағдайды итибарға алыўы керек.

Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:

1. Басқа қәўимге барған мусылман ўәкил оларға дәслеп ийманды түсиндирип бериўи зәрүрлиги.

Оларды Аллаҳты бир, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды ҳақ Пайғамбар, деп гуўалық бериўге шақырыўы зәрүрлиги. Ал, бул «Мусылманлар қай жерге барса, урыс баслаған», деген гәптиң надурыс екенин көрсетеди.

2. Ийман келтирген адамға дәрҳал намаз парыз екенин баян етиў лазымлығы.

«Бенде шаҳадат кәлиймасын айтыў менен мөмин-мусылманлар жәмәәтине ағза болады, енди усы жәмәәттиң ағзасы сыпатында Аллаҳ тәрепинен парыз қылынған әмеллерди орынлаўың керек, олар намаз, зәкат, ораза, ҳаж», деп түсиндириўге өтилген.

3. Бир күнде бес ўақыт намаз парыз екенлиги. Намазды Аллаҳ парыз қылғанлығы. Ким намаз оқымаса, Аллаҳға қарсы шыққан есапланыўы.

4. Зәкатты да Аллаҳ таала парыз қылғанлығы.

Зәкат байларға Муҳаммад алайҳиссалам яки Ислам мәмлекети тәрепинен салынған салық емес екенлиги.

5. Ислам тек қәлбтеги исеним, тилдеги сөз емес, ал турмыстағы толық әмел, ҳәтте мал-мүлктеги басқарыў да екенлиги.

6. Зәкаттың байлардан алынып, кәмбағалларға берилиўи.

Зәкат пенен шуғылланатуғын арнаўлы мәкеме ҳәм инсанлар болған. Олардың Қурандағы аты зәкат жыйнаўшы, яғный зәкат исшиси. Бул сөз бизиң тилимизге зәкатшы, деп аўдарылған. Әне сол жуўапкер инсанлар зәкат илимин жақсы билген. Адамлар берген зәкатларды есап-санақ қылып алып, ҳақылыларға бөлип берген.

7. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның «байларынан алып жарлыларына берилетуғын», дегенинен уламаларымыз «Ҳәр бир журттың байларынан алынған зәкат сол журттың жарлыларына тарқатылады», деген ҳүкимин алған.

Умар ибн Абдулазиз раҳматуллаҳи алайҳи Хорасанда топланып, Шамға алып келинген зәкатты және Хорасанға қайтарып жиберген. Себеби, өз журтында керек бола турып, зәкатты басқа тәрепке алып кетиў түрли гәп-сөзлерге, наразылықларға, ҳәтте журт басшыларына қарсы фитналар, ҳәрекетлер шөлкемлестирилиўине себеп болыўы мүмкин. Бул, әдалат тәрепинен де туўры келмейди. Егер зәкат топланған журтта оған керек болмаса ғана ол басқа журтқа апарып, тарқатылады.

8. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның «жақсы мал-дүньясын алыўдан сақлан», дегени зәкатшылар ушын улыўмалық қағыйда.

Мысал ушын, зәкатшы биреўдиң қойларын санап, он қойды зәкатқа алыўды анықлады, дейик. Бирақ, ол қорадағы ең жақсы он қойды сайлап алмайды. Ал, жақсыларын ийесине қалдырыўға ҳәрекет қылады.

Сондай-ақ, зәкат бериўшилер зәкат ушын ең жаман малды бермеўге де шақырылған. Демек, ол да усы қағыйда бойынша зәкатшыға ең жаман он қойды ажыратып бермейди. Нәтийжеде зәкат ушын орташа сыпатқа ийе болған қойлар алынады.

Бул қағыйда ҳәмме нәрсениң зәкатында да қолланылады. Себеби, ҳәр бир адамның өз малларының ишинен ең жақсыларына айрықша муҳаббаты болады. Басқасын алыў имканыяты болса да, зәкатшы сайлап-сайлап, мал ийеси жақсы көргенин алып кетсе, мал ийесиниң кеўлинде гирбиң қалыўы мүмкин.

9. Мазлум инсанның дуўасынан қорқыў.

Бул – залымларға дәкки болыўы керек. Биреўге зулым қылған адам ерте ме-кеш пе апатқа, қарғысқа ушыраўы турған гәп. Себеби, залымның зулымын көрген мазлум, өзине уқсас бир бенде тәрепинен хорланса да Аллаҳ тәрепинен сыйлықланады. Аллаҳтың алдында мазлум инсанның мәртебеси көтериледи. Ҳәтте, Аллаҳ ортадағы пердени де көтерип қояды. Мазлумның дуўасын тосықсыз қабыл қылатуғын болады. Әне сонда мазлум қылған дуўа көп нәрселерге себеп болыўы мүмкин. Залым болмаған инсанлар да мазлумның дуўасынан сақланып жүриўи, яғный оған жаманлық қылмаўы лазым. Керисинше, кеўлин көтерип, жақсылық қылып, дуўасын алыўға урыныўы керек.

Әлбетте, бул ҳәдисте Исламның рукнлери ҳәм парыз­ларының бир бөлеги баян етилген.