Зәкат

ЗӘКАТ

Ислам диниде парыз болған уллы ибадатлардың төртиншиси мал-дүньядан зәкат бериў болып есапланады. Ержеткен ҳәм ақыллы мусылман болған бес тайпа адамларға зәкат бериў парыз қылынған. Зәкат бериў жас балаға, дийўана адамға, жарлы адамға парыз болмайды, ҳәтте бай болса да.

-Адамның мал-дүньясы қанша болса, зәкат бериў лазым болады?

Зәкат берилетуғын мал-дүньясының ҳәр қайсысынан нисаб муғдарында мал-дүньяға ийе болса, лазым болады. Буннан тысқары сол мал-дүнья өзиниң ҳәм шаңарағының тиришилиги ушын зәрүр мал-дүньядан зыяда болыўы ҳәм өз қолында болыўы ҳәм өзиниң сап ҳадал мал-дүньясы болыўы керек.

-Нисаб муғдарынан кем болған мал-дүньядан зәкат бериле ме?

Берилмейди. Ҳәўли-жер, кийим, ыдыс ҳәм әсбаплар ҳәм де алым адамлардың китапларына уқсас өз қәжетиндеги затлардан да зәкат бериў лазым болмайды.

-Қарыздар адамның қолындағы мал-дүньясынан да зәкат бериле ме?

Қарызға жетерли муғдардан берилмейди, қарыздан артып қалған муғдары нисабқа жетсе, оннан бериледи.

-Мәселен бир адамның өз қәжетинен зыяда жүз сўм ақшасы болса ҳәм бир адамға беретуғын жүз сўм қарызы болса, сол жүз сўмнан қарыз бериле ме?

Берилмейди, себеби ол өзиниң мал-дүньясы емес, ал қарыз берген адамның мал-дүньясы.

-Бир адамның еки жүз сўм ақшасы бар болса, жүз сўм қарызы болса, сол еки жүз сўмнан зәкат бериле ме?

Қарызға тийисли жүз сўмнан бермейди, ал өзиндеги жүз сўм ушын береди.

-Өз қолында болмаған малдан зәкат бериле ме?

Өзиниң ўәкили қолында болса ямаса бир басқа адамның қолында болса ҳәм онда бар екенлигине ҳүжжети болса, береди.

-Бир адамның биреўге қарыз берген малы болса, сол малға зәкат бериў лазым ба?

Қарыздар адам сол малдың бар екенлигине ықрар болса ямаса инкар қылса да, лекин сол малдың бар екенлигине ҳүжжети болса, зәкат бериўи лазым.

-Жоғалған малға зәкат бериледи ме?

Берилмейди.