Шаҳадат Исламға кириў есиги, инсанды Ислам үмметине ағза ететуғын сөзлер болып табылады. Гүўаны шын жүректен, оның мәнисин шын кеўилден ҳәм түсинген ҳалда айтыў керек.
Намаз Қуранда мѳминлерга парыз етилген болып, оны оқыў усылы бизге шекем Пайғамбарымыз Муҳаммад (С.А.Ў.)тан келген. Мусылманлар бир күнде бес ўақыт намаз оқыйды...
Бай мусылманлар жылына бир рет жарлы динлеслери пайдасына мал-мүлкинен 2,5% зәкат төлеўи керек. Бул исламда "зәкат" деп аталатуғын салықтың бир түри.
Ҳаж зулхижжа айында Меккеге зыярат болып, материаллық ҳәм физикалық мүмкиншилиги болған ҳәр бир мусылман ѳмиринде бир рет зыярат етиўи шәрт.
Рамазан айында ораза тутыў Қуранда мусылманлар ушын парыз етилген ҳәм инсанды гүнәлардан тазалаў, пүткил дыққатын қаратыўға мүмкиншилик бериў ушын мөлшерленген...