Рәўиятлар

ҮЛКЕНЛЕР УШЫН РӘЎИЯТ

Өмири бойы спиртли ишимликлердиң дүканына басшы болып ислеген бир адамның жалғыз ул перзенти бар еди. Жаслығынан тәрбиясы өзине жараса болғанлығынан ба, ямаса әкеси тапқан луқманың ҳадал емеслиги себебинен бе, билмедик, еркетай бала мектепти питкерип, институтқа оқыўға кире алмай, бираз ўақыт талапсыз тентиреп жүрди. Қылатуғын иси – песинге шекем уйықлаў, кешке таман болса өзине уқсаған бир-еки дослары менен түнги клуб, дискотекаларда қаңғырыў болды. Бундай тәртипсиз улдың тәғдирин ойлай-ойлай анасы пүткиллей қысылып тамам болды, аўыр кеселликке шалып, дүньядан өтти. Ананың “жылы” өткерилген күнниғ ертеңине ата-бала ортасында қатты жәнжел шықты. Екеўиде зәҳәрли жаўызлық – арақ кәйпиниң анық қушағында еди, ата: “Енди сендей улым жоқ ”, деп оны “ақ” қылған болса, нанкөр перзент: “Егер өлсеңиз, жаназаңызға келсем, ҳарам өлейин”, деп ант ишти.

Ата-баланың өмири усындай тәризде даўам етти. Оларға таныс-билислери, қоңсы-қобаларының пәндиў-нәсиятлары сирә кәр етпеди.

Күнлердиң биринде перзент тосаттан, бахытсыз ҳәдийсе себеп болып қайтыс болды. Бул ўақытта әкесиде үйинде өлим менен алысып, пәний дүнья менен қайырласып атыр еди.

Ертеңине адамлар қаланың қәбиристанында еки жаңа үйилген дүмпишикти көрди. Қәбирлер алдында бир мөнкиллеген ғарры отырып: “Әзийз зүрриятларым! Адам алайҳиссаламнан басланған және бир сулала өмири, мен себепли ерте жуўмағына жетип атыр. Перзентим-я сен, ақлығым-яки сен айыплы емессизлер. Булардың барлығына сизлерге дурыс тәрбия бере алмаған тек ғана мен айыплыман, мен”, деп көз жасларын төгер еди....