Рәўиятлар

АНАСЫН РЕНЖИТГЕН ЖИГИТ

Рәўият қылыўынша, бир жигит бул дүньядан көз жумып, о дүньяға сапар қылыпты. Соң адамлар оны қәбирге жерлепти. Сол ўақытта қәбирден ешектиң даўсына уқсаған даўыс шығыпты. Қәбир алдындағы халайық ҳайран болып, буның себебин анықлап көрсе, бир күни ол анасына «Ешектей аңқырма!» деп гәп қайтарған екен.