Рәўиятлар

БИРЕЎДИҢ ҲАҚЫ

Бир жарлы балықшы дәрьядан үлкен балық услап, қуўанып үйине кетип баратырса, алдынан бир қарақшы шығып, балығын тартып алды.

Балықшы бул балықты сатып, балаларына азықлық алыўы ушын қәрежет қылажағын, балалары аш екенин айтты. Бирақ қарақшы балықшының жалыныўына қарамастан балығын алып кетип қалды.

Балықты алып жолда кетип баратырса, балық тыпыршылап дорбасынан түсип кетти. Балықты жерден алып атырғанда балық қарақшының бас бармағын тислеп жарақатлады. Қарақшы буған итибар бермей үйине барып балықты жеди.

Жарақатланған бармағы түни менен қарақшыға уйқы бермеди. Қарақшының бармағы бир неше күн усы ҳалда аўырып жүрди. Ақыры бармағындағы азары кетпегеннен кейин қарақшы шыпакердиң алдына барды.

Шыпакер оған бул бармақты кеспестен басқа илажы жоқ екенин, бул шириў кеселлиги екенин айтады. Қарақшы бармағын кестириўге разы болады. Бирақ буның менен аўырыўдың азары кетпейди, кейин шыпакер қолын тирсеги менен кесип таслайды, онда да азары кетпегеннен кейин ийинге шекем болған жерин кесип таслайды.

Қарақшы шыпакердиң алдынан шығып, қайтып киятырғанда, жолда аўылында жасайтуғын бир данышпанды көрип қалады ҳәм оған болған ўақыяны айтып береди. Данышпан: Сен тезлик пенен сол балықшыны излеп тап, сениң кеселлигиң сол балықшының наразылығында. Балықшыны таўып, оннан разылығын сорамасаң, дәртиңе даўа таба алмайсаң, дейди.

Қарақшы баяғы балықшыны излеп таўып, аяқларына жығылып кеширим сорайды. Балықшы ол адамды кеширеди.

Қарақшы кетип баратырып: баяғыда балығыңды тартып алғанымда мени не деп ғарғап едиң?, деп сорайды.

Балықшы: Билегиндеги күши менен маған зорлық көрсетти, мениң күшим жетпеди. Мен бул адамды қудайға салдым, деп едим дейди.

Бир қолынан айырылған қарақшы иш-ишинен ислеген исине өкинеди, бирақ енди бир қолынан айырылған еди…